Ҳиндстанның ири компаниясы менен транспорт қураллары ҳәм мотор майларын ислеп шығарыў перспективалары додаланды

    Өзбекстан елшиси Сардор Рустамбоев Ҳиндстанның ири компаниялар топары есапланатуғын «Hinduja Group – India» баслығы Ашок Ҳиндужа ҳәм «Hinduja Group – Europe» баслығы Пракаш Ҳиндужа менен сөйлесиўлер өткерди.

    Елши ҳиндстанлы исбилерменлерге Өзбекстанда кейинги жыллары экономиканың түрли тармақларына заманагөй технологияларды тартыў, бәсекиге шыдамлы жоқары сапалы өнимлер ислеп шығарыў, санаатқа алдынғы халықаралық тәжирийбе ҳәм көнликпелерди енгизиў бойынша көрилип атырған ис-ҳәрекетлер ҳаққында айтып берди.

    Дүньяның жетекши компаниялары ҳәм санаатшыларының мәмлекетимизде нәтийжели өндирис қуўатлықларын жаратыў, биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў, инвестициялар киргизиўи ушын берилип атырған қолайлы ҳәм тартымлы орталыққа айрықша итибар қаратылды.

    «Hinduja Group» басшысы ўәкиллери Өзбекстандағы жаңаланыў процеси халықаралық рейтинги жоқары болған ҳәр қыйлы ири компаниялардың мәмлекет базарына кирип келиўи ҳәм нәтийжели шериклик етиўи ушын беккем тийкар болып атырғанын атап өтти, өз-ара пайдалы биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў бойынша перспективалы режелер көрип шығылып атырғанын мәлим етти.

    Тәреплер Өзбекстанда биргеликте турмысқа енгизилетуғын жойбарлар, атап айтқанда, транспорт қураллары ҳәм мотор майларын ислеп шығарыўды жолға қойыў мәселелерин додалады, деп хабар береди "Дунё" ХА.