Ол мәмлекетлик сиясатта турақлылық, избе-излик ҳәм узақты гөзлеп режелестириў принциплерин беккемлеген ҳалда, жаңа Өзбекстанды қурыўға қаратылған реформалардың стратегиялық тийкарын қурайды.
Кейинги жыллары мәмлекетимизде "Өзбекстан - 2030" стратегиясы шеңберинде әмелге асырылған кең көлемли реформалар нәтийжесинде социаллық-экономикалық раўажланыў, мәмлекетлик басқарыў, суд-ҳуқық системасы, пуқаралық жәмийети ҳәм инсан ҳуқықларын тәмийинлеў тараўларында салмақлы нәтийжелерге ерисилди. Бирақ турмыс бир орында тоқтап қалмайды: жәмийеттиң талаплары кеңеймекте, глобал экономикалық, технологиялық ҳәм геосиясий процесслер жаңа талап ҳәм шақырықларды күн тәртибине қоймақта.
Сонлықтан, "Өзбекстан - 2030" стратегиясын ҳәзирги реал шараят, халықтың талаплары ҳәм жедел өзгерип атырған глобал тенденциялардан келип шыққан ҳалда жетилистириў объектив зәрүрлик сыпатында көринбекте.
Жетилисип атырған стратегия орайында мәмлекетимиз басшысы тәрепинен алға қойылған фундаментал идея - "Халық мәмлекетлик уйымларға емес, мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи керек" принципи турады.
Жаңа редакциядағы стратегия мине усы идеяны әмелий мазмун менен байытқан ҳалда, мәмлекетимиздиң орта мүддетли раўажланыўын және де нәтийжели, нәтийжеге бағдарланған ҳәм есап бериўши система тийкарында даўам еттириўди нәзерде тутады.
Онда ҳәр бир қарар, ҳәр бир реформа инсан мәпи, оның турмыс сапасы ҳәм абаданлығы көзқарасынан баҳаланады.
Ҳүжжетти жетилистириў процесинде әмелдеги стратегия шеңберинде ерисилген нәтийжелер терең талланып, бар машқалалар ҳәм шешимин талап етип атырған бағдарлар анықланбақта. Соның менен бирге, мақсет ҳәм ўазыйпаларды анық өлшеў және баҳалаў имканиятын беретуғын нәтийжелилик көрсеткишлери қайта көрип шығылмақта.
Стратегияның принципиаллық жаңалығы сонда, онда ҳәр бир анық мақсет ушын жуўапкер мәмлекетлик уйым ямаса шөлкем ашық-айдын белгилеп қойылады. Сондай-ақ, белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў ушын зәрүр финанслық дәреклер де анық көрсетиледи. Бул болса стратегияны улыўма ниетлер комплексинен анық орынлаў механизмлери, жуўапкершилик ҳәм есап бериўге тийкарланған әмелий бағдарламаға айландырады.
Жетилисип атырған "Өзбекстан - 2030" стратегиясының және бир әҳмийетли тәрепи - оның ҳәр бир пуқара ушын түсиникли ҳәм турмыслық болыўына қаратылған. Стратегия сондай қәлиплестирилип атыр, ҳәр бир ўатанласымыз оған нәзер таслап: "Бул ҳүжжет маған не береди?", "Ол мениң турмысымды қалай жақсылайды?", "Шаңарағым ҳәм перзентлерим келешеги ушын қандай имканиятлар жаратады?" деген сораўларға анық жуўап таба алсын.
Яғный, стратегия абстракт сүренлер емес, ал ҳәр бир инсан өмиринде сезилетуғын, күнделикли турмыста көринетуғын анық өзгерислер дәреги болыўы нәзерде тутылмақта.
Стратегияда белгиленген орта мүддетли мақсетлердиң нәтийжелилик көрсеткишлери жаңа экономикалық, социаллық ҳәм технологиялық шақырықларға, сондай-ақ, халықаралық майданда болып атырған өзгерислерге сәйкес түрде жаңаланбақта. Бул мәмлекетлик сиясаттың ашық, бейимлесиўшең ҳәм заман талапларына жуўап беретуғын болыўын тәмийинлейди.
Соның менен бирге, стратегияның орынланыўын мониторинг етиў системасын толық санластырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Бул орынлаў жағдайын ашық-айдын бақлаў, анық мағлыўматларға тийкарланған қарарлар қабыл етиў ҳәм жәмийетлик қадағалаўды күшейтиў имканиятын жаратады.
Тараў, тармақ ҳәм аймақларды раўажландырыў бойынша қабыл етилип атырған барлық стратегиялық ҳүжжетлерди "Өзбекстан - 2030" стратегиясы менен толық үйлестириў нәзерде тутылмақта. Бул мәмлекетлик сиясаттың бир пүтинлигин, өз-ара муўапықлығын ҳәм нәтийжелилигин тәмийинлеўге хызмет етеди.
Ең әҳмийетли принципиаллық тәреплерден бири - стратегияның халық пенен мәсләҳәтлесиў тийкарында қәлиплестирилиўи болып есапланады. Мәмлекетимиз басшысы жақында парламент ҳәм халқымызға жоллаған Мүрәжатында усы талапты қойды. Жойбар жәмийетшиликтиң додалаўына қойылып, халық, пуқаралық жәмийети институтлары, экспертлер ҳәм кең жәмийечтшиликтиң пикир-усыныслары инабатқа алыныўы режелестирилген. Себеби тек ғана халық пенен биргеликте ислеп шығылған ҳүжжет ғана турмыслық, исенимли ҳәм нәтийжели болыўы мүмкин.
Жуўмақлап айтқанда, "Өзбекстан - 2030" стратегиясының жетилистирилиўи - бул бар реформаларды тереңлестириў, анықластырыў ҳәм заман талапларына сәйкес түрде раўажландырыўға қаратылған избе-из, ашық ҳәм жуўапкершиликли процесс болып есапланады. Ең әҳмийетлиси, бул стратегия тек ғана мәмлекетлик уйымлар ушын емес, бәринен бурын, халқымыз, ҳәр бир ўатанласымыздың абадан турмысын тәмийинлеўге хызмет ететуғын улыўма миллий раўажланыў бағдарламасы сыпатында қәлиплестирилмекте.
Элдор ТУЛЯКОВ,
"Раўажланыў стратегиясы" орайы атқарыўшы директоры