Бүгинги күни суйылтылған газ тәмийнаты санластырылып, «E-Gaz» бағдарламасы бойынша жумыслар жолға қойылған.

– Бул алыс аймақлардағы тутыныўшыларды үзликсиз суйылтылған газ бенен тәмийинлеўде «Ҳудудгаз Қарақалпақстан» газ тәмийнаты филиалы тәрепинен барлық шараятлар жаратылған болып, тутыныўшыларға өз ўақтында 30-35 күн аралығында суйылтылған газ баллонлар жеткерип берилмекте, – дейди Нөкис районлық газ тәмийнаты бөлими суйылтылған газ хызметиниң баслығы Турсынбай Қутекеев.

Нөкис районы аймағындағы Бақаншақлы, Қырантаў, Арбашы, Кердер, Тақыркөл ҳәм Ақтерек аўыл пуқаралар жыйынларында жасаўшы 1771 хожалық суйылтылған газге бейимлестирилген. Бул хожалықларды үзликсиз суйылтылған газ баллонлары менен тәмийинлеў ушын, олар айланба усылда пайдаланылатуғын 3216 газ баллон менен тәмийинленген. Тутыныўшылар толығы менен ID карталар менен тәмийинленген болып, төлемлер «E-Gaz» бағдарламасы арқалы алып барылады.

Усы жылдың 1-ноябрь жағдайына районның суйылтылған газ тутыныўшыларына 254,98 тонна фонд ажыратылып, әмелде 254,82 тонна суйылтылған газ пайдаланыўшыларға жеткерип берилди.

Өз ўақтынада алып барылып атырған газ тәмийнатындағы жумыслардан суйылтылған газ тутыныўшылары миннетдар болмақта. Алдымыздағы аязлы күнлерде де газ тәмийнаты менен байланыслы машқалалар болмайды, деп исеним билдиремиз.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.