Аймақларда 2025-2030-жылларда жатыр мойны ҳәм көкирек бези ракын қадағалаў бағдарламасы әмелге асырылады - ДСМ

    Мәмлекетимиз басшысының "Ҳаял-қызлар арасында онкологиялық кеселликлерди қадағалаў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң тийисли буйрығы қабыл етилди.

    Оған бола, 2025-жылдан баслап районлық (қалалық) көп тармақлы орайлық поликлиникаларға денсаўлықты сақлаў системасында оптималластырылатуғын штат бирликлери есабынан онкоқәдағалаў ханалары ушын акушер-гинеколог шыпакер штат бирликлери киргизилмекте.

    Сондай-ақ, мобил ҳәм стационар маммографлардың жумысын 2 сменада шөлкемлестириў ушын рентген-лаборантлар ажыратылады.

    Республикалық қәнигелестирилген онкология ҳәм медициналық радиология илимий-әмелий медицина орайы жанында юридикалық шахс статусына ийе болмаған Маммография көринисин оқыў орайы шөлкемлестирилиўи нәзерде тутылған. Районлық (қалалық) медицина бирлеспелеринде әмелге асырылатуғын көкирек бези ракы бойынша скрининг нәтийжелери усы орайдың бирден-бир ридинг системасына интеграцияланады.

    Усы жылдан Республикалық қәнигелестирилген ана ҳәм бала саламатлығы илимий-әмелий медицина орайында адам папиллома вирусы диагностикасы ушын қолланылатуғын тест системаларының сапасын қадағалаў бойынша референс-лаборатория жумысы жолға қойылмақта.

    2025-2030-жылларда жатыр мойны ҳәм көкирек бези ракын қадағалаў бағдарламасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Республика қәнигелестирилген ана ҳәм бала саламатлығы илимий-әмелий медицина орайы, Республикалық қәнигелестирилген онкология ҳәм медициналық радиология илимий-әмелий медицина орайы тәрепинен өз-ара муўапықластырылған ҳалда сапалы әмелге асырылыўы тәмийинленеди.

    2025-жыл 1-майға шекем Республикалық қәнигелестирилген аналық ҳәм бала саламатлығы илимий-әмелий медицина орайының аймақлық филиалларын полимераза шынжырлы реакция тексериўлерин өткериў ушын медициналық үскенелер менен, район (қала) лық көп тармақлы орайлық поликлиникаларының онкология қадағалаў ханаларын зәрүр медициналық үскенелер менен тәмийинлеў де нәзерде тутылған.

    No date selected
    February 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    Use cursor keys to navigate calendar dates