Республикалық ҳәм жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымларының жумысы бюрократиялық тосқынлықларды сапластырыў, тәкирарланатуғын қадағалаў функцияларын бийкар етиў, қарар қабыл етиўде ашық-айдынлықты тәмийинлеў көзқарасынан нәтийжелилиги арттырылады.
Аймақларды комплексли раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм дәраматларын арттырыў бағдарында жергиликли ҳәкимликлердиң экономикалық, ҳәкимшилик ҳәм финанслық ўәкилликлери және де кеңейтиледи.
Пәрманның талапларын есапқа алған ҳалда Ҳүкимет атқарыў аппараты ҳәм атқарыўшы уйымлардың штат-структурасы да қайта көрип шығылады ҳәм оптималластырылады.