III Орайлық Азия парламентлераралық форумы: бирге ислесиўдиң жаңа перспективалары

    Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Нарбаева басшылығындағы Өзбекстан парламент делегациясы Бишкек қаласында Қырғызстан Республикасы Жогорку Кенеши тәрепинен шөлкемлестирилген "Орайлық Азия мәмлекетлериниң парламентлери: регионды ҳәр тәреплеме раўажландырыў ушын нәтийжели шешимлер" атамасындағы Орайлық Азия мәмлекетлериниң III парламентлераралық форумында қатнаспақта.

    Форум жумысында Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Түркменстан парламентлериниң басшылары ҳәм делегациялары да қатнаспақта.

    Илажда Т.Нарбаева шығып сөйлеп, региондағы парламентлераралық бирге ислесиўдиң жаңа перспективалары бойынша әҳмийетли усынысларды алып шықты.

    Форум даўамында мәмлекетлеримиз арасында қәлиплесип атырған өз-ара исеним ҳәм жақсы қоңсышылық орталығы тек ғана экономикалық бирге ислесиўге емес, ал мәдений-гуманитарлық байланысларға да күшли түртки берип атырғаны айрықша атап өтилди.

    Ташкентте Парламентлераралық аўқамның 150-юбилей ассамблеясының табыслы өткерилгени ҳәм оның шеңберинде қабыл етилген әҳмийетли ҳүжжетлер Орайлық Азия мәмлекетлериниң парламентлери тәрепинен жоқары баҳаланды.

    Күн тәртибинде саўда-экономикалық байланысларды кеңейтиў, қоспа инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў, жаслардың бәнтлиги ҳәм миграция мәселелери, сондай-ақ, санлы қәўипсизлик ҳәм регионаллық стандартларды ислеп шығыў сыяқлы әҳмийетли мәселелер додаланды.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates