Илажға факультет басшылары, Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы хызметкерлери, тьюторлар ҳәм ижарада жасаўшы студент-жаслар қатнасты.
Мақсет – республикамызда ҳаўа райының суўытыўына ҳәм мәўсимлик ысытыў қурылмаларына талаптың артыўына байланыслы студентлердиң айрықша жағдайлардың алдын алыў қағыйдаларына әмел етиўин тәмийинлеў ҳәм олардың зәҳәрли газ ийисинен зәҳәрлениўиниң алдын алыў болып есапланады.
Илажда баянатшылар гүзги-қысқы мәўсимде жүз бериўи мүмкин болған айрықша жағдайларың көпшилик бөлеги тийкарынан зәҳәрли газ ийисинен зәҳәрлениў жағдайлары менен байланыслы екенлиги, зәҳәрли газ (СО) реңсиз, ийиссиз зәҳәрли бирикпе болып, тәбийғый газ, жанылғы, көмир, оттың толық жанбаўы ақыбетинде пайда болатуғынлығы, түтин қурамында 3 процент, исленген газде 13 процент, жарылыўшы газлердиң қурамында 50−60 процентке шекем зәҳәрли газ ийиси болатуғынлығы туўралы мағлыўматлар берилди. Үй шараятында тәбийғый газ шығып турғанда ҳәм печь арқалы жылытылатуғын үйлерде ҳәм шомылыў ханаларында (баня) адам зәҳәрлениўи мүмкинлиги мысаллар менен атап өтилди.
– Сондай-ақ, қолдан исленген котёллар, газ плитасынан үйди жылытыў ҳәм оның үстинде кийимлерди кептириў, плитаның қадағалаўсыз жағылған ҳалатта қалыўына жол қоймаў, буннан тысқары газ шығып атырғанлығын шырпы шағып тексерип көриў мүмкин емеслиги айрықша атап өтилди,-дейди Дене мәденияты факультети деканының жаслар менен ислесиӯ бойынша орынбасары Р.Өтениязов. – Бул илаж әсиресе, ижарада жасап атырған студентлеримиз ушын оғада пайдалы болды.
Егерде газ ийиси сезилсе, айна ҳәм есиклерди тезлик пенен ашыў, көшеге шығыў ҳәм 104 номери арқалы газ хожалығы авария-диспетчерлик хызмети яки 1050 номери бойынша қутқарыў хызметине қоңыраў етиў зәрүр екенлиги, бундай жағдайларда жарытқыш үскенелери, от жағыў, электр үскенелерин иске қосыў мүмкин емеслиги қатаң ескертилди.
Студент-жаслар көргизбеге қойылған өрттиң алдын алыў ҳәм сапластырыў бойынша пайдаланылатуғын әсбап-үкенелер менен танысып, қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.