Бүгин бул системадан адамлар разы болып атырғанының сыры да сонда. Бурын адамлар дәртин кимге айтыўды билмейтуғын еди, машқалалар болса жыйналып, үлкейип бара берди.
Социаллық қорғаў миллий агентлиги шөлкемлестирилгеннен соң, система түп-тийкарынан жақсыланды. Енди мәҳәллелердеги социаллық хызметкер үйме-үй жүрип, кимге қандай жәрдем керек екенин анықлап, система дизимине киргизбекте. Бул арқалы социаллық жәрдемге мүтәж ўатанласларымызға мәнзилли жәрдем берилмекте. Атап айтқанда, Маңғыт қаласының Наўайы мәҳәллесинде жасайтуғын Асия Матчанова ҳәм Адил Саидов жалғыз жасайды. Оларға "Инсан" социаллық хызметлер орайының ассистенти Роза Қурбонниязова белгиленген кесте тийкарында социаллық хызмет көрсетеди. Буннан тысқары, Хорезм көшесинде жасайтуғын Ачилбай Халбаевқа паспорт алыўына жәрдем берилди. Буннан тысқары, медициналық тексериўден өткерилип, оған I топар майыплық пенсиясы тайынланды. Сондай-ақ, электр энергиясы, тәбийғый газ төлемлери ушын берилетуғын компенсацияға арзасы дизимге алынды. Жалғызлар дизимине киргизилди ҳәм ижара үй, кийим-кеншек және көзи әззилердиң таяғы менен тәмийинленди.
Наўайы мәҳәллесинде басқалардың күтимине мүтәж, жалғыз жасайтуғын 6 адам бар. Сондай-ақ, майыплығы болған 157 шахс хатлаўдан өткерилген. Категориясынан келип шығып, индивидуал қатнас тийкарында олардың мүтәжлиги анықланған. Өткен дәўирде бул пуқараларға тонометр, жүриў қуралы, әпиўайы ҳәм тирсекли қолтық, көзи әззилердиң ҳасасы, корсет гезлемесинен таярланған өнимлер жеткерип берилген. Сондай-ақ, майыплығы бар 3 пуқараның имканиятынан келип шығып, бәнтлиги тәмийинленген.
Бундай хызметлердиң сапасын ҳәм нәтийжелилигин турақлы арттырып барыў мақсетинде Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен турақлы излениў ҳәм үйрениўлер алып барылмақта. Бул мақсетти толық әмелге асырыў ушын аймақтағы 452 мәҳәлледе Роза Қурбонниязова сыяқлы 448 социаллық хызметкер жумыс алып бармақта. Олар халық пенен тиккелей сөйлесип, мүрәжат ҳәм машқалаларды мәҳәллениң өзинде шешиўге ҳәрекет етпекте.
— Мәҳәллемиздеги ҳәким жәрдемшиси менен биргеликте өткерилген сораўнама тийкарында 58 шаңарақ кәмбағаллық дизимине киргизилди. Бул шаңарақлардың шараяты үйренилип, белгиленген индивидуал режелер 95 процент орынланды. Оларға "Сақаўат ҳәм көмек" қоры тәрепинен зәрүр азық-аўқат өнимлери жеткерип берилди. Буннан тысқары, кәмбағал шаңарақтың перзентин райондағы IТ орайында оқытып, сертификат алып бердик, — дейди "Инсан" социаллық хызметлер орайының Наўайы мәҳәллесиндеги комплексли хызмет көрсетиўши хызметкери Адолат Хожамуратова. — Сондай-ақ, мектеплерде шөлкемлестирилген дөгереклерге де кәмбағал шаңарақлардың перзентлери тартылып, турақлы шуғылланыўы ушын зәрүр шараят жаратылмақта. Мине, усындай шаңарақ перзентлеринен 15 и Төрткүл ҳәм Елликқала районларындағы дем алыў орынларына жиберилди.
Ата-анасы сырт елге кеткен, сондай-ақ, сыртқы мийнет миграциясындағы жас өспирим балаларға да айрықша итибар берилмекте. Атап айтқанда, аймақтағы улыўма билим бериў мектеплериниң жуўапкерлери менен биргеликте бул бағдарда белгили жумыслар әмелге асырылмақта. Нәтийжеде 8 бала қәўендерлик тәрбиясына алынды.
Наўайы мәҳәллесиниң Бердақ көшесинде жасаўшы Мунаввар Жумамуратованың улы ҳәм қызы жумыс ислеў ушын сырт елге кеткен. Сол себепли ананың 4 ақлығы қәўендерликке алынбағаны анықланды. Анаға ақлықларын қәўендерликке алыўда жәрдемлесилди. Сондай-ақ, балаларға берилетуғын напақа тайынланды.
— Өмир гөззал, оның ҳәр бир минутынан үнемли пайдаланып, кеўилдегидей абадан ҳәм тыныш жасаўға ҳәр бир инсан ҳақылы. Бизиң ўазыйпамыз адамлардың мине усы гөззал турмыстан заўық алып, абадан жасаўы, арзыў-нийетлериниң орынланыўы ушын мәмлекетимизде жаратылған имканиятлардан үнемли пайдаланыўына жәрдемлесиў болып табылады. "Ҳәмме нәрсе инсан ушын, оның турмыстан разы болып жасаўын тәмийинлеў ушын!" деген халықшыл принципти әмелге асырыў - биз, "Инсан" социаллық хызметлер орайының хызметкерлериниң мойнындағы жуўапкершилик болып есапланады, - дейди Адолат Хожамуратова.
Маңғыт қаласында Бай аўыл мәҳәллесиндеги 605 шаңарақта 4117 адам жасайды. "Мәҳәлле жетилиги" үйме-үй жүрип, хатлаў өткерди. Нәтийжеде кем тәмийинленген 312 шаңарақ социаллық қорғаўға мүтәжлер дизимине киргизилди. Олардың турмыс шараяты, экономикалық жағдайы үйренилди. Шаңарақларға реже-кесте тийкарында зәрүр социаллық хызмет көрсетиў илажы көрилди.
— Бай аўыл мәҳәллесиндеги хатлаў процесинде аўыр жағдайға түсип қалған ҳәм сондай жағдайға түсиў итималы жоқары болған 16 шаңарақ кейс-менеджмент тийкарында баҳаланды. Олардың барлығына белгиленген реже-кесте тийкарында социаллық хызмет көрсетилди. Зәрүр жәрдем бериў арқалы социалластырыўына жәрдемлестик, - дейди "Инсан" социаллық хызметлер орайының хызметкери Ирода Султанова. - Мәҳәлледе "Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай" бағдарламасын әмелге асырыўға да айрықша итибар берилмекте. Атап айтқанда, үйме-үй кирип үйрениўлер ҳәм "Кәмбағаллық реестри" сораўнамасын өткериў нәтийжесинде кәмбағаллыққа түсип қалыў итималы болған 151 шаңарақ анықланды. Соннан 74 и кәмбағаллық реестрине киргизилди. Оларға индивидуал хызмет көрсетиў жумыслары реже тийкарында орынланбақта. Сондай-ақ, денсаўлығы ҳәм жасаў шараятын жақсылаў мақсетинде майыплығы болған шахсларға ваучер тийкарында ханаға мөлшерленген отырғышлы арбашалар, ҳаса, қолтық таяқ, сейил етиў ушын мөлшерленген арбаша, санлы еситиў аппаратлары сыяқлы зәрүр үскенелер алып берилди.
Ҳәзир Қарақалпақстанда майыплығы болған 69 мың 369 шахс жасайды. Соннан 10 мың 810 ы балалар. Олар ушын реабилитация, билимлендириў ҳәм медициналық хызметлер системалы түрде көрсетилмекте.
Жаңа Өзбекстанда социаллық хызметтиң жаңаша түрде ҳәм мазмунда шөлкемлестирилиўи адамлардың ертеңги күнге исенимин және де беккемлемекте. Себеби жаңа система себепли социаллық қорғаў мәҳәлле дәрежесине түсирилди. Енди социаллық хызметлердиң сапасы барған сайын артып бармақта. Бул көплеген шаңарақларға нур, абаданлық ҳәм қәтержамлық алып кирди. Үлкен үмит пенен мәҳәлле босағасына қәдем қойғанлардың аўыры жеңил, мүшкили аңсат болмақта. Сол арқалы олар өмирден разы болып, заўық пенен жасамақта. Келешекке исеним беккемленип бармақта. Себеби, исеним сезими барлық ийгиликли ислерге қанат болып есапланады.
Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы





