Инфомация әсиринде оның тутқынына айланып қалмайық

    ямаса когнитив шаршаў синдроми деген не?

    Дүньяда жүз берип атырған ўақыя-ҳәдийселер, жаңалықлар, жақсы-жаман өзгерислерге қарап дәўирлер өзине ат жаратады: тас әсири, санаат әсири, атом әсири сыяқлы. Усы логикаға муўапық, бүгинги дәўир әллеқашан мәлимлеме әсирине айланған. Адамзат мағлыўматлар, санлар, хабарлар әлемине сүңгип кеткен. Интернетте сан-санақсыз социаллық тармақлардың пайда болыўы информация ҳәм маглыўмат дереклерин жүдә көбейтип жиберди. Бирақ...

    Аз адам қандай мағлыўматларды жазыў, тарқатыў ҳәм таңлап оқыў мәдениятына әмел етеди. Қәўетерлиси сонда, тәртипсиз, шексиз мәлимлеме ағымы инсан ой-пикири, мәнаўияты ҳәм денсаўлығына қандай тәсир көрсетип атырғаны ҳаққында дерлик ойлап көрмей атырмыз. Тап гипнозланғандаймыз.

    Көп мағлыўмат қәлбти жарлы етеди

    Жақында усы темаға байланыслы илимий жумыслардан биринде атап өтилген пикир-усыныслар бул ҳаққында мақала жазыўға түртки болды. Онда, атап айтқанда, былай делинеди: "Информация ҳәм хабарлардың ҳәдден тысқары болыўы (яғный дус келген ҳәр нәрсени оқый бериў) қәлбти жарлыластырады, кризиске алып келеди. Ең жаманы оларда негатив ҳәдден тысқары болса, бизди күн сайын өз ийримине тартып атырғанын сезген пайытымыздан зыянға айланады. Бунда әтирапымыздағы барлық нәрсе кеўилди қапа етеди, агрессив ҳәм оғада тәшўишли көриниске енеди. Ҳақыйқый турмыс ҳаққындағы түсиниклеримиз керисинше түс алады. Соның менен бирге күнделикли турмыстың басқа тәреплери де булдырап кететуғындай...".

    Оларды не ушын оқыймыз ҳәм көремиз?

    Тийкарынан биз әтирапымызда жүз берип атырған процесс ҳәм ўақыяларды аңлаў, түсиниў ушын мағлыўматларды оқыймыз. Бирақ тәртипсиз, ақыры жоқ унамсыз мағлыўматлар бизди өз ийримине тартып баратыр. Бул бойынша қәнигелер де ҒХҚ арқалы өз мүнәсибетин билдирмекте.

    Усы темада илимий изертлеў алып барып атырған қәнигелердиң тилинде "думскорллинг" деген атама пайда болған. Бул инсанның унамсыз, жаман хабарларды оқыў ҳәм көриўге ҳәдден тысқары берилип кетиў, дегени. Бундай категория унамсыз хабарларды көрмесе, оқымаса, кесел болатуғын дәрежеге түсип қалады. Және бир тәшўишли тәрепи, бундай хабар ҳәм видеолар ўақтымызды алғаны жетпегендей, көпшиликтиң белгили бир топары тәрепинен дурыс ҳәм қызықлы деп қабыл етилмекте. Ақыр-аяғында бундай адамлардың өзлери де унамсыз контент жаратыўға кирисип кеткенин билмей қалмақта. Тәбийий, бул адам психологиясына жүдә унамсыз тәсир көрсетеди. Сол себепли, ҳәр қандай хабар-жазыў, видеороликлерди таңлаў, сананың призмасынан өткериўди билиў керек, дейди психологлар.

    Бүгин оғада әҳмийетли түс алған усы темаға байланыслы сораўларымызға нейропсихолог, профессор Зарифбой Ибодуллаев төмендеги жуўмақты билдирди:

    - Негатив пикир көбейип кетсе, инсан руўхыйлығына оғада қәўипли тәсир көрсетеди. Бундай пикирлер барлық жәмийетте, жазба ямаса аўызша формада болған. Инсан ақыл-ойын иске қосып, бундай мағлыўматқа, информацияға мүнәсибет билдиреди, оның дурыс яки надурыс екенлигин анализлейди. Егер жәмийетте массалық түрде унамсыз пикир көбейе берсе, бул жәмийеттиң раўажланыўына да, жәмийетти басқарып атырғанларға да, улыўма әтирапта жүз берип атырған барлық ўақыя-ҳәдийселерге адамлар санасында айрықша унамсыз мүнәсибет қәлиплестиреди. Унамсыз пикирлер дурыс та, надурыс та болыўы мүмкин. Машқала олардың қайсы бири дурыс ҳәм қайсысы надурыс екенлигин парықлай алмаўда. Бул және де аўыр жағдайға - депрессия, апатияға алып келеди.

    Және бир үлкен машқала сонда, халық арасында, атап айтқанда, социаллық тармақларда унамсыз пикирлер жүдә көбейип кетсе ҳәм оған мәселен, басшылар, илимпазлар, қәнигелер, зыялылар тәрепинен мүнәсибет билдирилмесе ямаса сол унамсыз пикирлер итибарға алынбаса, керисинше, рәсмий ғалаба хабар қуралларында ҳәмме жағдай позитив сыпатында көрсетилсе, бул да унамсыз ақыбетлерге алып келеди.

    Айтайық, темирши қандай да бир буйым соғыў, шийки затты қайта ислеўде оны күшли отта қыздырыў, соң белгили бир формаға келтириў ушын шөккиш пенен жақсылап урыў, соң дәрриў суўық суўға салып суўытыў сыяқлы жумысларды орынлайды. Инсанның жақсы-жаман, дурыс-надурыс, ҳәр қыйлы мағлыўмат ҳәм сүўретлерди көре бериўи даўамында санасында шама менен мине усындай кескин руўхый жағдайлар жүз береди. Халық та тап усындай ҳәр қыйлы байланыс қураллары арқалы тек ғана унамсыз пикирлерди есите берсе (көре берсе), қәлесе-қәлемесе, санасында буған жуўап қандай болады, деген сораў пайда болады. Бул бойынша тийисли жуўапкерлер, қәнигелер қандай пикир билдиреди, деп күтеди. Яғный санасында, аң астында күтиў феномени пайда болады. Бирақ буған жуўап таба алмайды.

    Кеште болса тек ғана позитив пикирлер еситиледи. Тилекке қарсы, олардың дурысы да, надурысы да болыўы мүмкин. Бул жағдай, жоқарыда айтылғанындай, темирди қайта ислеўге уқсас. Яғный пикирлерди кескин басым астында салыстырыў басланады. Бул процесс, илимий тилде айтқанда, когнитив шаршаў синдромын жүзеге келтиреди. Тап усы жағдайға түскен адамның қолы жумысқа бармайды, үйден шыққысы келмейди. Ҳәтте туўры, унамлы пикирлерди оқыў тилеги сөнеди. Көз алдыңызға келтириң: ол үйден шықпады, жумысқа бармады ҳәм унамлы дөретиўшилик сезими сөнеди. Бул жағдай жәмийетте ғалаба түрде жүз бере берсе, халықтың санасында депрессия күшейеди.

    Усы мәнисте мәсләҳәт мынадай: депрессияға, апатияға түспеў ушын жақсы көрген кәсибиңиз, өнериңиз бенен шуғылланың. Айтайық, темирши болсаңыз, халыққа керекли, пайдалы буйымлар ислеп сатың, дәрамат табың. Ямаса илимпаз болсаңыз, өзиңиздиң үстиңизде ислең, тараўыңызды раўажландырыў менен шуғылланың, жаңадан-жаңа ойлап табыўлар жаратыўға умтылың. Барлық тараўдағы машқалалардың шешими - илимде. Қайсы тараўда болмаң, илим излең, тәжирийбе арттырың. Терең билимге ийе болсаңыз, бул физикалық ҳәм руўхый жағдайыңызды тең салмақлылықта услап турыўға жәрдем бериўи сөзсиз.

    * * *

    Белгили педагог илимпаздың бул пикирлерине қосылмаў мүмкин емес. Бирақ кимлердур буны тек ғана социаллық тармақларға тийисли, деп баҳаласа, қәтелеседи.

    Социаллық тармақлар ағымы, жағдайын көпшилик түсинип болған. Бирақ сүўрет, сес, монтаж сыяқлы қуралларға ийелиги менен үлкен тәсир көрсетип атырған телевидение (әсиресе, жеке каналлар) усы машқаланың күшейиўине пүткиллей байланыслы емес, деп болмайды. Әсиресе, комик топар, қызықшы сыпатында танылғанлардың тамаша, концертлерин шаңарақлық көриў мүмкин болмай атыр. Бурын тар шеңберде айтылатуғын ҳәзиллер әллеқашан ТВ ның үлкен шеңберин ийелеп болды. 24 саат эфирге узатылатуғын жеке меншик каналлар болса бос ўақыттың орнын толтырыў ушын бундай тамашаларды қайта-қайта айландырыўдан шаршамайды. Залды толтырып отырған тамашагөйлердиң бул гәп-сөзлерди қол шаппатлап алғыслаўы оны көрип атырған миллионлаған адамлардың бул жағдайды дурыс деп қабыл етиўине, жәмийетлик орынларда да биймәлел усылай сөйлеў мүмкин екен, деген түсиникке барыўына себеп болмай атыр ма?

    Газетамыздың турақлы ықласбентлери, кексе педагоглардан бири сәўбетлесиў ўақтында оғада ашшы, бирақ ойлы жуўмақларын билдирген еди. Бир-биринен биймәни сериаллар, турақсыз, әдепсиз ҳәзиллер, шаҳвоний ҳәм агрессив фильмлер сездирмей сана астына тәсир етпекте, эгоизм ҳәм зорлық руўхын сиңдирмекте. Усындай тәсир астында өскен әўлад ўәкиллери қысқа мүддетте мақсетсиз, мазмунсыз өмир сүретуғын мақлуққа айланады ғой, деди ол жанкүйерлик пенен.

    * * *

    Ҳақыйқат тартысларда жүзеге шығады, деген сөзди көпшилик биледи. Усы мәнисте және бир қәнигелердиң бирине қулақ түтемиз. Шыпакер-психолог Бахтинисо Азимбоева былай жазады:

    - Бүгин пикир ҳәм түсиниклерде негативлер көбейген. Мениңше, бүгин, бириншиден, унамсыз мәлимлемелер кең тарқалмақта. Бундай информациялардың руўхый-эмоционал толқыны адамларға тәсир етеди. Мәселен, алдынлары телевидениеде қайғылы көринислер дерлик көрсетилмес еди. Ҳәзир интернетте қандай да бир жаман, көрсеңиз ашыўыңыз келетуғын көринислер кең тарқалмақта. Адамлар оларды көрип, өзлери билмеген ҳалда сол жағдайлардың негатив толқынына түсип қалмақта.... Мен өзиме мүрәжат ететуғынларға "инстаграм көрмейтуғын болсаң, қабыллаўыма кел", деймен. Инстаграм - тамаша майданы. Өз үстинде ислеймен деген адам ўақыт ажыратыўы, инстаграмды жыйнастырыўы керек. Мәселен, китап оқыў, физикалық шынығыўлар ислеў зәрүр. Үйге де меҳир, үйде де қандай да бир күтим керек. Инстаграмда болса өзине тартыў ушын күшли руўхый сезим билдириледи ҳәм басқалар оның тәсирине түсип қалады. Айтайық, товарын сатыў ушын ҳәр қыйлы орамлар, жылтыраўықлар таярланады, адамларға керек пе, керек емес пе, бул оларды қызықтырмайды.

    Итибар берип атырған болсаңыз, бүгин эмоцияға тәсир ететуғын қайғылы жағдайлар көп тарқалмақта. Позитив, мәселен, биреўдиң жетискенлигинен қуўаныў, тән алыў дерлик жоқ. Негатив жазып атырғанлар турмыста бир нәрсеге ерисе алмай атырғанлар болып есапланады. Айтайық, олар океанда жүзиўге үйретилген болса, қайсы тәрепке жүзиўди билмейди. Бул экономикалық жағдайға да барып тақалады. Мәселен, баласына оқысын, десе, айырым оқымағанлар жумыс таба алмай отыр. Оқыма, десе, гейпара жерде диплом керек болып атыр. Шаңарақ қурып, сабыр етип отыр, деп болмайды. Ер адам шаңарағын бағыў ушын бир жақларға кетип қалып атыр. Үй-руўзыгершиликти келистире алмағаннан кейин, өзин шаңарақ басшысы деп атай алмайды-ғо. Ҳаяллар болса еркеклердиң жуўапкершилигин мойнына алыўға мәжбүр болмақта. Қулласы, аман қалыў, "өзиниң жанын сақлаў" процеси болып атыр.

    Негативлик көбирек билимсизлик, жалқаўлықтан келип шықпақта. Олар оқыўды қәлемейди. Жеңил турмысқа умтылады. Пулым болса, бахытлы боламан, деп ойлайды. Негизинде бахытлы болыўды үйренсе, пул келетуғынын билмейди. Жоқарыда айтылғанындай, интернетте информация жүдә көплигинен инсан мийи қабыллаўында зорығыў жүз бермекте. Қайсысы дурыс, қайсысы надурыс екенин билиўге үлгермей атыр. Еле бес-он жыл усылай болады, себеби ҳәзир сайлап алыў дәўириндебиз.

    Унамсыз хабарлар тәшўиш ҳәм қорқыўды күшейтеди

    Негатив хабарлардың соққы толқынында жақсы өзгерислер, жаңалықлардың әҳмийети жүдә азайып, оларға итибарымыз жоғалады, деп жазады белоруслы белгили психолог Н.Скибская. Унамсыз жаңалықлар ҳәм мәлимлемелер ҳәдден тыс көбейсе, унамлы өзгерислерди жутып жибереди ҳәм инсанның қоршаған орталық ҳаққындағы унамлы көз-қарасын кери тәрепке өзгертип жибериўи мүмкин. Өмирдиң басқа тәреплерин де қараңғыластырып, надурыс жуўмақлар шығарыўға ийтермелеўи тәбийий, деп атап өтеди психолог. Бундай жағдайға түсип қалыў руўхый теңсалмақлықты бузып жибереди. Адам қорқыў ҳәм жаман көзқарас қысымына түсип қалады.

    Шын мәнисиндеги илимпазлар ҳәм қәнигелердиң бул тема бойынша жуўмағын, пикирлерин тыңлап, өзиңиз де социаллық тармақлардың ағымын бақлаў барысында халықта унамлы жаңалықтан гөре унамсыз ўақыя-ҳәдийселер, мыш-мыш ҳәм өсеклерге бейимлилик күшейип кеткен жоқпа екен, деп ойлап қаласыз. Ямаса әтирапта жүз берип атырған унамлы өзгерислер, жаңалықлар ҳаққында болса менсинбеўшилик, орынсыз мысқыл менен сөйлеўди унатыўымызды да бир-биримизге ҳүрмет ҳәм исенимди пайдаланыў деп баҳалаў мүмкин.

    Тынық пикирлеў ғана жәмийет ҳәм дөретиўшилик таянышы бола алады

    Илимий медицинада мий деп жүргизилетуғын ойлаўымыз, пикирлеримиз дерегиниң ислеў механизми, имканиятлары соншелли қурамалы, оны үйрениў, изертлеў ушын арнаўлы илимий-изертлеў институтлары бар. Мағлыўматларға қарағанда, инсан мийи 3 террабайтқа шекемги көлемдеги мағлыўматларды сыйдыра алады. Бул мағлыўматтың темаға байланыслылығы сонда, көрип атырған, оқып атырған ҳәр қандай хабар, сүўрет ядымызға жазыла береди. Усы тәризде ертеңги көзқарасларымыз, пикир-усынысларымыз, ис-ҳәрекетлеримиз барған сайын қандай көринис алатуғынына шын мәнисинде үлкен тәсир көрсетеди. Турақлы унамсыз пикир, унамсыз мағлыўматлар ийриминен пайда болатуғын турақлы қәўетер ҳәм зорығыўдағы стресс болса созылмалы депрессияға алып келетуғынын түсиниў қыйын емес. Бул бағдардағы бийпәрўалық, итибарсызлық перзентлеримиздиң келешектеги руўхый дүньясы, мәнаўияты, әдеп-икрамлылығы қәлиплесиўине унамсыз тийкар болады.

    Себеби, ийгиликли пикир, соған мүнәсип ҳәрекет бирлиги ғана жәмийет раўажланыўы, мәнаўиятымыз, дөретиўшилигимиздиң таянышы болып қала береди. Сыртта XXI әсир, ол ақыры "мәлимлеме әсири" деп жағдайды жасырыўға урынып атырғанлар да бар. Дурыс, бирақ бул оның тутқынына, жағдайдың қурбанына айланыў керек деген сөз емес ғой!

    Рустам БАЙТУРА,

    "Янги Ўзбекистон" хабаршысы