Өзбекстан Президентиниң басламалары БМШ Санаатты раўажландырыў шөлкеминиң Вена қаласындағы бас резиденциясында додаланды

    Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Венадағы санаатты раўажландырыў бойынша штаб-квартирасында ЮНИДОға ағза мәмлекетлердиң Европа ҳәм Орайлық Азия регионындағы турақлы ўәкиллериниң арнаўлы мәжилиси болып өтти.

    Мәжилисте Өзбекстанның ЮНИДО жанындағы турақлы ўәкили, елши Бахтиёр Ибрагимов қатнасты, деп хабар бермекте "Дунё" МА.

    Ол өзиниң шығып сөйлеген сөзинде қатнасыўшылардың итибарын Президентимиздиң Нью-Йоркта болып өткен БМШ Бас Ассамблеясының 80-сессиясында алға қойған идеяларына, соның ишинде, ЮНИДО менен биргеликте Орайлық Азияда санаатта "жасыл" технологиялар бойынша регионаллық хаб шөлкемлестириў басламасына қаратты.

    Атап айтқанда, кейинги жыллары Орайлық Азия тынышлық, жақсы қоңсышылық ҳәм шериклик мәканына айланғаны, жабық шегаралар, шешилмеген тартыс ҳәм келиспеўшиликлер дәўири артта қалғаны, регионымызда өз-ара саўда, инвестиция ҳәм тасыў көлеми жылдан-жылға артып атырғаны, шегара алды аймақларда қоспа инвестициялық қорлар, саўда-санаат зоналары шөлкемлестирилип, ири инфраструктуралық жойбарлар әмелге асырылып атырғаны атап өтилди. Бүгин Жаңа Орайлық Азияның қәлиплесиў процеси басланғаны, регионымыз өзиниң бирлиги, турақлылығы ҳәм өзине тәнлигине ийе болып, халықаралық қатнасықлар системасындағы бийғәрез субъектлик орнын барған сайын беккемлеп атырғаны илаж қатнасыўшыларының үлкен қызығыўшылығына себеп болды.

    Ушырасыўда ЮНИДО тәрепинен регионда әмелге асырылып атырған техникалық жәрдем жойбарларының жағдайы, жақын келешекте санаатты раўажландырыў ушын әҳмийетли болған перспективалы бағдарлар бойынша бирге ислесиў мәселелери додаланды. Илаж жуўмағында ЮНИДО экспертлери ҳәм усы шөлкемге ағза мәмлекетлердиң Европа ҳәм Орайлық Азиядағы турақлы ўәкиллери таза энергетика, санаатты декарбонизациялаў, ресурсларды үнемлейтуғын өндирис, циклли экономика, климат технологиялары, "жасыл водород", санлы трансформация, жасалма интеллект, киши ҳәм орта бизнести раўажландырыў, инновациялық қаржыландырыў ҳәм мәмлекетлик-жеке меншик шериклик моделлеринде жаңа техникалық жәрдем жойбарларын әмелге асырыў арқалы бирге ислесиўди даўам еттириўге келисип алды.

    ЮНИДОның Европа ҳәм Орайлық Азия регионына төмендеги 27 мәмлекет киреди: Албания, Армения, Беларусь, Болгария, Босния ҳәм Герцеговина, Венгрия, Грузия, Қазақстан, Қырғызстан, Кипр, Мальта, Арқа Македония, Молдова, Әзербайжан, Польша, Россия, Руминия, Словения, Сербия, Тәжикстан, Түркия, Түркменстан, Хорватия, Черногория, Чехия, Украина ҳәм Өзбекстан.

    Бүгинги күнде ЮНИДО қатнасыўында регион мәмлекетлеринде улыўма баҳасы 275 миллион АҚШ доллары болған 81 техникалық жәрдем жойбары, соның ишинде, 74 миллий ҳәм 7 регионаллық жойбар әмелге асырылмақта.

    Армения, Қырғызстан ҳәм Түркияда ЮНИДО, Россияда болса бул шөлкемниң Инвестиция ҳәм технологияларды раўажландырыў бюросы нәтийжели жумыс алып бармақта.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates