Соң Сиражатдин 2024/2025-оқыў жылында психологиялық, медициналық-педагогикалық комиссияның жуўмағы тийкарында Нөкис қаласындағы 51-мектептиң 1-класына қабыл етилди. Ҳәзир усы мектептиң 2-класында инклюзив билимлендириў тийкарында оқыўды даўам еттирмекте. Таяныш-ҳәрекет ағзаларында нуқсаны болыўына қарамастан, өз теңлеслери менен бирге оқып, үйренбекте. Сондай-ақ, жаңа дослар арттырыўға да үлгерди. Муғаллимлердиң атап өтиўинше, Сиражатдин жүдә белсенди, оқыўға қызығыўшы ҳәм жәмийетке тез бейимлеспекте.
- Сиражатдин мектепке келгеннен кейин өзгерди, - дейди арнаўлы педагог Муҳаббат Бегдуллаева. - Бурын ол тартыншақ еди. Ҳәзир болса класста белсенди, қосық ядлайды, сүўрет салады. Көзлеринде исеним пайда болған.
Қаҳарманымыз болса Президентимиз бенен ушырасып, миннетдаршылық билдириўди әрман етеди.
- Жақсы оқып, үлкен адам боламан. Президентимизге рахмет айтаман. Себеби ол маған оқыў имканиятын берген, - дейди бала шын жүректен күлимсиреп.
Инклюзив билимлендириў себепли 10 жасар Сиражатдин сыяқлы балалардың әрманы әмелге аспақта. Олар да басқа заманласлары сыяқлы алға умтылып, жәмийеттиң белсенди ағзасына айланбақта.
Сонлықтан, инклюзив билимлендириў тек ғана майыплығы болған балаларды мектепке жайластырыў емес, ал жәмийеттиң санасын өзгертиў процеси болып есапланады. Ҳәр бир балаға меҳир менен қатнаста болыў, қәбилетине исениў ҳәм имканият жаратыў - ҳақыйқый инсаныйлық белгиси. Жәмийеттен сыртта, төрт дийўалдың ишинде жасаўдан аўыры болмаса керек. Нөкисли Нуржамал Сейтанова да әне усындай сынақлар ишинде қалыўы мүмкин еди. Шүкир, жаратылған имканиятлар балалардың жалғыз қалыўына жол қоймайды. 2018-жылы туўылған Нуржамал Нөкис қаласындағы 4-санлы мектепке оқыўға қабыл етилди.
Жеңил дәрежедеги ақыл кемшилиги болған қыз теңлеслери қатарында билим алмақта. Арнаўлы педагог жәрдеминде классқа тез бейимлести. Муғаллимлер оның қызығыўшылығы ҳәм имканиятларын есапқа алып сабақларды өзлестириўине жәрдем бермекте. Нәтийжеде Нуржамал классласлары менен досласып, айырым сөзлерди айта алатуғын дәрежеге жетти. Буннан қаҳарманымыз да, жақынлары ҳәм устазлары да бирдей қуўанышлы.
- Бул бағдардағы жумыслардың нәтийжесинде Қарақалпақстандағы 118 мектепте 208 инклюзив класс ашылған, - дейди Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы жанындағы психологиялық, медицина-педагогикалық комиссияның баслығы Рашид Раҳимов. - Бул классларда майыплығы болған 261 бала теңлеслери менен бирге билим алмақта. Олар ушын арнаўлы педагог штаты ашылған. Бул балалардың мектепке тез бейимлесиўи, жеке қызығыўшылық ҳәм имканиятларына тийкарланып сабақларды өзлестириўине жәрдем береди.
Әлбетте, майыплығы болған балаларды мектепке қабыл етиўдиң де тәртип-қағыйдасы бар. Оған бола, Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы жанындағы психологиялық, медицина-педагогикалық комиссия баланың руўхый, физикалық ҳәм интеллектуаллық жағдайын үйренеди. Жуўмаққа қарап, оның имканиятына сәйкес билимлендириў формасын белгилеп, мектепке жоллама береди.
Майыплығы болған балалар мектепте қыйналмай оқыўы, билимлерди жақсы өзлестириўи ушын билимлендириў мәкемелеринде арнаўлы шараятлар жаратылмақта. Атап айтқанда, мектеплер пандуслар, арнаўлы үскенелер менен тәмийинленбекте, индивидуал оқыў режелери, логопед ҳәм дефектологлардың хызмети жолға қойылмақта. Бул бағдардағы жумыслар Социаллық қорғаў миллий агентлиги, Халық билимлендириў министрлиги ҳәм жергиликли ҳәкимликлер менен биргеликте избе-из даўам еттирилмекте.
Бүгин Қарақалпақстанда майыплығы болған 69 мың 847 шахс дизимге алынған. Соннан 10 мың 730ы балалар. Олар ушын реабилитация, билимлендириў ҳәм медициналық хызметлер системалы түрде көрсетилип келинбекте. Соның ишинде, 3-18 жастағы 9 мың 907 баладан 7471 и билимлендириў мәкемелерине қамтып алынған.
Бундай басламалар себепли мыңлаған балалардың турмысында унамлы өзгерислер жүз бермекте. Олар жәмийеттиң белсенди ағзалары сыпатында өспекте. Бул елимиздеги социаллық реформалардың ең үлкен жетискенлиги болып есапланады.
Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы