Инсан қәдири улығланған журтта жасаў ләззети нөкислилер кеўлинде ертеңги күнге исенимди беккемлемекте

    Мәмлекетимиз басшысы усы жыл 10-июль күни "Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз төрт жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында"ғы қарарын қабыл еткен еди.

    Усы ҳүжжетке бола, быйылғы байрам "Ўатан ушын, миллет ушын, халық ушын!" деген ийгиликли идея тийкарында өткерилиўи халқымызға байрамға тән көтериңки кейпият бағышлады. Әсиресе, орынлардағы абаданластырыў ҳәм дөретиўшилик жумысларын және де жеделлестирди. Атап айтқанда, нөкислилер де дөретиўшилик руўхында бир пүтин халық, бирден-бир ўатан болып алға умтылмақта.

    Соңғы жыллары Нөкис қаласы жедел пәт пенен абат мәнзилге айланып бармақта. Көз алдымызда көшелер, мәҳәллелер өзгерип бармақта. Қалада жасап атырған ҳәр бир пуқара бул жаңаланыўлар процесиниң тек ғана гүўасы емес, ал қатнасыўшысы болып есапланады. Себеби аймақларды ҳәр тәреплеме раўажландырыў, елатлы пунктлердиң архитектуралық көринисин заман талаплары тийкарында жаңалаў, жол-транспорт ҳәм инженерлик-коммуникация инфраструктурасын жетилистириў, социаллық тараў объектлерин жаратыў сыяқлы кең көлемли реформалар күнделикли жумысымызға айланған. Усы тәризде халқымыз бирлесип, жаңа Өзбекстан тарийхын жаратпақта.

    “Nukus City” турақ жай массивлери, Ай-Ти парк имараты сыяқлы инновациялық қала қурылысының үлгилери қурылмақта.

    Бул өзгерислер процесинде және бир тәрепке итибар бериўимиз керек. Яғный реформалардың мазмун-мәнисин, қабыл етилип атырған жаңа пәрман ҳәм қарарлардың әҳмийетин халықшыл тилде жәмийетшиликке түсиндириў де әҳмийетли. Қалаберди, халықтың мүрәжатлары менен ислесиў, оларға жедел шешим табыў да бүгин жуўапкерлер алдындағы әҳмийетли ўазыйпа есапланады. Сол себепли, турақлы түрде ашық сөйлесиўлер өткерилип келинбекте.

    Жоқарыда айтқанымыздай, Нөкис қаласының ҳәр бир көшеси абат болып бармақта. Әсиресе, тереклер егилген майданларда, соның ишинде, Қосбулақ ҳәм Бозаўыл мәҳәллелери аймақларындағы ишки жолларды байланыстырыўшы Май аўыл көшеси бойлап көзди қуўандыратуғын канна гүллери егилген. Бул гүллердиң қуяш нурындағы жылўасында өмир гөззаллығы, тынышлық сәўлеси бардай.

    Нөкис қаласында инвестициялық орталық та сезилерли дәрежеде жақсыланып бармақта. "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары тийкарында Нөкис жасыл аймаққа айланды. Қаламыздағы Ҳаўа жолы мәҳәллесинде 140 квартиралы, Шымбай гүзары мәҳәллесинде болса 200 квартиралы көп қабатлы турақ жайлар бой тикледи. Бурын бул жерлерди көрген адам бул қумлы жерде жантақтан басқа ҳеш нәрсе өспейди деп ойлайтуғын еди. Бүгин бул көзқарас пүткиллей өзгерди.

    Халықты сапалы ишимлик суўы менен тәмийинлеў ҳәм ақаба суў системаларын жақсылаў мақсетинде Ата мәкан, Бес төбе, Жасыл бағ, Қутлы мәкан, Саманбай, Телеорай ҳәм Шымбай гүзары мәҳәллелерине ақаба суў алып келинди.

    Нөкис қаласындағы "Бағшылық" мәкан пуқаралар жыйынында да соңғы жыллары инсан қәдирин улығлаў бағдарында ийгиликли жумыслар әмелге асырылмақта. Аймақта бүгинги күнде 517 хожалықта 2 897 халық жасайды. Өткен әсирдиң 1977-78-жылларына шекем бул аймақ Нөкис районына қараслы болған. Кейин ала Нөкис қаласына қосылғаннан соң, шаңарақлардың саны көбейип, турақ жайлар нызамсыз түрде қурыла берген. Президентимиздиң 2018-жыл 20-апрельдеги "Пуқараларды социаллық қоллап-қуўатлаў бойынша қосымша илажлар және өзбасымшалық пенен қурылған турақ жайларға мүлк ҳуқықын тән алыў бойынша бир мәртелик улыўма мәмлекетлик акцияны өткериў ҳаққында"ғы пәрманы тийкарында мәҳәлледеги 434 шаңараққа жаңа кадастр ҳүжжети берилди. Көшелер тәртипке келтирилип, Наўрыз, Абаданластырыў, Балықшы, Татыўлық, А.Қунназаров көшелери асфальтланды. Сәўир, Қыпшақ, Бахытлы, Бағшылық, Шадлық көшелерине қум-щебень араласпасы төселип, шаңарақларға ишимлик суў тармақлары тартылды. Соның менен бирге, аймақтағы социаллық қорғаўға мүтәж 32 хожалық ийелери үйиниң төбеси шиферлап берилди.

    Дүнья жәмийетшилиги тәрепинен "Өзбекстан - имканиятлар мәмлекети" деп тән алыныўы бийкарға емес. Ҳақыйқатында да инсан қәдири улығланып атырған елимизде бундай ийгиликли ислер ҳәр күни әмелге асырылмақта.

    Сапура ИСМЕТОВА,

    Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиниң депутаты