Бүгин Инсан ҳуқықлары бойынша Миллий орайда "Инсан ҳуқықларын қорғаў ушын" көкирек белгисин тапсырыў мәресими өткерилди, деп хабар бермекте "Дунё" ХА.
Сыйлық инсан ҳуқықларын қорғаўдағы үлкен үлеси, мәмлекетлик емес шөлкемлердеги жумысы, ҳаял-қызлар ҳәм балалардың ҳуқықларын қорғаў, сондай-ақ, билимлендириў ҳәм үгит-нәсиятлаў тараўындағы хызметлери ушын тапсырылды. Мәресимди Миллий орайдың директоры Акмал Саидов алып барды.
Сыйлықланғанлар:
I. Инсан ҳуқықларын қорғаў тараўындағы әмелий жумысы ушын:
Мирбобоев Бахтиёр Шамсутдинович - Өзбекстан Конституциялық судының ветераны;
Сайидов Тошпулат Давронович - "SAYIDOV TOSHPO’LAT DAVRONOVICH" адвокатлық бюросының баслығы;
Пулатов Абдукамал Қодирович - Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайының ветераны.
II. Инсан ҳуқықларын қорғаў тараўындағы мәмлекетлик емес шөлкемлердиң жумысы ушын:
"ВЕТЕРАН" жаўынгер-ветеранлары ҳәм майыплары бирлеспеси;
"Раўажланыў стратегиясы" орайы;
Өзбекстан тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери федерациясы.
III. Ҳаял-қызлар ҳәм балалардың ҳуқықларын қорғаўдағы үлеси ушын:
Раҳимова Гулнора Хошимовна - Өзбекстан Экономика ҳәм қаржы министриниң орынбасары;
Хусанова Дилноза Ғафуровна - Өзбекстан Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң бас қәнигеси.
IV. Инсан ҳуқықлары тараўындағы билимлендириў ҳәм үгит-нәсиятлаўдағы үлеси ушын:
Матчанов Олимжон Отабойевич - Өзбекстан ИИМ Академиясының факультет баслығы;
"YURIST VA KADR" жеке меншик билимлендириў мәкемеси.
Илаж соңында Миллий орай менен нәтийжели бирге ислескен мәмлекетлик шөлкемлер, илимий ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллерине миннетдаршылық хатлары тапсырылды.