Мәмлекетимизде социаллық мәмлекет, социаллық әдиллик принциплери үстин. Усы қәдириятлар тийкарында барлық аймақларда "Инсан" орайлары ашылып, меҳир ҳәм жәрдем системасы халыққа жақынластырылмақта.
Орайда 12 категориядағы мүтәж инсанларға 100 ден аслам социаллық хызметлер көрсетиледи. Оның ушын мәкемеде заманагөй шараятлар жаратылған. Мүрәжатларды қабыл етиў, талапты баҳалаў, хызметти белгилеў ҳәм хызмет көрсетиў процесслери адамларға қолайлы тәризде жолға қойылған.
Ең әҳмийетлиси, енди ўазыйпа бир мәрте жәрдем менен тамамланбайды. Социаллық хызметтен пайдаланыўшының кейинги жағдайы, өзин-өзи дурыслаўы да мониторинг етип барылады. Бул барлық процесслер санластырылған ҳәм тийисли шөлкемлер менен байланысқан.
Шайхантаҳурдағы орайда 25 қәниге ҳәм мәҳәллелерде 51 социаллық хызметкер жумыс алып бармақта. Майыплығы болған балалар ҳәм шахслар, жалғыз кекселер менен мәнзилли түрде жумыс алып барылмақта.
- Бул жер ҳәр бир инсанның дәрти менен жасайтуғын, оларды разы ететуғын дәргай. Бул система арқалы жәмийетимизде социаллық әдиллик, инсан қәдири орнайды, - деди Президентимиз.
Бул жерде мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында "Имканиятлар дүньясы" мәкемеси шөлкемлестирилген. Мәмлекетимиз басшысы ондағы шараятларды да көзден өткерди.
Мәкемеде 3 жасқа шекемги нәрестелер ушын ерте араласыў, майыплығы болған балалар ушын социаллық бейимлесиў ҳәм реабилитация, сондай-ақ, күндизги тәрбиялаў ҳәм қарап турыў хызметлери шөлкемлестирилген. Ҳәзирги ўақытта бул 80 ге шамалас адамның аўырын жеңил етпекте. Оларға 12 маман хызметкер меҳир-итибар көрсетпекте.