Соның менен бирге, рәсмийлестирилген бронлаўлар саны да өсти, бул пайдаланыўшылардың реал саяхатларды режелестириўге қызығыўшылығы күшейип атырғанынан дәрек береди.

"Expedia Group" онлайн саяхат тараўында дүньядағы ең ири ойыншылардан бири ҳәм халықаралық туризм талаплары бойынша ең абырайлы мағлыўматлар дәреклеринен бири болып есапланады. Платформа Expedia, Hotels.com, Vrbo, Travelocity, Orbitz, CheapTickets, Hotwire ҳәм басқа бир қатар брендлерди бирлестиреди.

"Expedia Group" платформаларынан ҳәр жылы дүнья бойлап 300 млн нан артық саяхатшылар пайдаланады. 2025-жылдың жуўмақларына бола, компания платформалары арқалы бронлаўдың жалпы көлеми (gross bookings) 100 миллиард АҚШ долларынан артты, жыллық бронлаў көлеми болса 400 миллионнан аслам бронланған жасаў күнлерин өз ишине алады.

Компания дүньяның 70 тен аслам мәмлекетиндеги 3 млн нан аслам жайластырыў объектлери, сондай-ақ, авиакомпаниялар, туроператорлар ҳәм басқа да туристлик хызметлерди жеткерип бериўшилер менен бирге ислеседи.

Талаптың өсиўи бронлаўдың әҳмийетли көрсеткишлеринде де өз көринисин тапты. Июнь айында "Expedia Group" арқалы Өзбекстанға саяхатларды бронлаған саяхатшылар саны жыллық көрсеткиште 45,6 процентке артты. Сатып алынған авиабилетлер саны 23 процентке, бронланған жатақханалар саны 27 процентке, бронлаўдың улыўма көлеми болса 46,1 процентке артып, 2 миллион АҚШ долларынан артты.

"Expedia Group" платформаларынан пайдаланыўшылар арасында АҚШ, Япония, Уллы Британия, Корея Республикасы, Германия ҳәм Франция Өзбекстан ушын тийкарғы сырт ел базарлары болып қалмақта. Талаптың ең жоқары өсиў пәтлери АҚШ ҳәм Японияда, Европа мәмлекетлери арасында болса Уллы Британия, Германия ҳәм Франция жетекшилик етпекте.

Елимиз ишиндеги ең абырайлы бағдарлар арасында Ташкент, Самарқанд ҳәм Бухара жетекшиликти сақлап қалмақта. Соның менен бирге, Хийўаға да қызығыўшылық артып бармақта: соңғы бир жылда бронлаўдың улыўма көлеминде қаланың үлеси сезилерли дәрежеде артты, бул халықаралық саяхатшылар арасындағы қызығыўшылықтың артып баратырғанынан дәрек береди.

Сондай-ақ, алдыннан бронлаў ҳаққындағы мағлыўматлар келеси айларда да жоқары талаптың сақланып қалатуғынын көрсетпекте. "Expedia Group"тың мағлыўматларына бола, тастыйықланған барлық бронлаўлардың 82,9 проценти 2026-жылдың июль-сентябрь айлары аралығында, яғный Өзбекстанда жоқары туристлик мәўсим алдынан режелестирилген сапарларға туўра келеди.

Халықаралық авиақатнаўлардың кеңейиўи, соңғы жылларда виза тәртип-қағыйдаларының әпиўайыласыўы ҳәм сырт ел туристлик базарларында Өзбекстанды үгит-нәсиятлаўдың жеделлесиўи фонында Өзбекстанға қызығыўшылықтың артып атырғаны бақланбақта.