Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги басшысы Лазиз Қудратов Авазада бир қатар ушырасыўлар өткерди

    2025-жыл 5-6-август күнлери Түркменстанның Аваза қаласында теңизге шығыўы болмаған раўажланып атырған мәмлекетлер бойынша БМШтың Үшинши конференциясы шеңберинде Өзбекстан Республикасы Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов Түркменстан ҳүкиметиниң ўәкиллери ҳәм халықаралық шөлкемлердиң басшылары менен бир қатар еки тәреплеме ушырасыўлар өткерди.

    Атап айтқанда, Түркменстан Саўда ҳәм сыртқы экономикалық байланыслар министри Назар Агаханов, Түркменстан Санаат ҳәм қурылыс министри Тойгулы Нуров, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Санаатты раўажландырыў шөлкеми (ЮНИДО) бас директорының орынбасары Фату Хайдара ҳәм Европа Экономикалық Комиссиясы (ЕЭК) атқарыўшы хаткериниң орынбасары Дмитрий Марьясин менен сөйлесиўлер болып өтти.

    Тийкарғы итибар саўда-экономикалық ҳәм транспорт-логистика тараўларындағы бирге ислесиўди раўажландырыў, санаат кооперациясын кеңейтиў ҳәм тийкарғы тармақларда биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўға қаратылды.

    Түркменстан тәрепи менен шегара саўда зонасының (Шават, Хорезм ўәлаяты - Ташаўыз, Ташаўыз ўәлаяты) жумыс алып барыўы ҳаққында Шәртнамаға қол қойыў ҳәм оны жақын келешекте иске қосыў бойынша келисимге ерисилди. Бул еки мәмлекет арасындағы өз-ара саўданы арттырыў ҳәм бизнес жумысын хошаметлеўде әҳмийетли қәдем болады. Сондай-ақ, Өзбекстан ҳәм Түркменстан арасындағы өз-ара саўда көлемин 2 миллиард долларға шекем жеткериў бойынша биргеликтеги илажлар режесин тастыйықлаў мәселеси келисип алынды.

    Мағлыўмат ушын: 2024-жылы Түркменстан менен товар алмасыў көлеми 1,15 миллиард долларды қурады. 2025-жылдың биринши ярымында өз-ара саўда көлеми шама менен 500 миллион доллар әтирапында болды.

    ЮНИДО менен санаат, инфраструктураны модернизациялаў, энергия нәтийжели технологияларды енгизиў, инсан капиталын раўажландырыў тараўларындағы басламаларды өз ишине алған орта мүддетли Биргеликтеги бирге ислесиў бағдарламасын тастыйықлаў бойынша келисимге ерисилди.

    ЕЭК пенен Орайлық Азия экономикалары ушын арнаўлы бағдарлама (СПЕКА) шеңберинде бирге ислесиўди кеңейтиў, жасыл экономика, инновациялар, логистика, ақыллы аўыл хожалығы ҳәм басқа да бағдарларда биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў перспективалары додаланды, деп хабар бермекте Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлигиниң баспасөз хызмети.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates