"Өзгидромет" агентлигиниң хабар бериўинше, 23-25-июнь күнлери ҳаўа температурасы күндизги ўақытлары 38-41 дәрежеге шекем, қублада ҳәм шөл аймақларында айырым жерлерде 42-44 дәрежеге шекем көтериледи.

Бул күнлерде республика бойынша тийкарынан аз бултлы ҳәм қурғақ ҳаўа-райы бақланады. Тек ғана Қарақалпақстан Республикасында ҳәм Наўайы ўәлаятының арқасында 24-25-июнь күнлери айырым жерлерде қысқа мүддетли жаўын жаўыўы, гүлдирмама болыўы мүмкин, 25-июньда температура 26-31 дәрежеге шекем төменлейди.

Пийшемби күни республиканың барлық аймақларында температураның төменлеўи бақланады. Аймақтың үлкен бөлиминде температура 30-35 дәреже әтирапында болады.

Жума күни температура бираз көтериледи ҳәм 33-36 дәреже, айырым жерлерде 38 дәрежени қурайды.

Республика бойынша айырым жерлерде самалдың тезлиги 13-18 м/с қа шекем күшейиўи күтилмекте, 25-26-июньда айырым жерлерде 20-22 м/с қа шекем күшейиўи, шаң-тозаңлар менен бақланыўы мүмкин.

23-июньда Ферғана ойпатының айырым таўлы аймақларында, 26-июньда республиканың таўлы аймақларында айырым жерлерде қысқа мүддетли жаўын жаўыўы, гүлдирмама болыўы мүмкин.

Ташкентте: тийкарынан аз бултлы ҳаўа райы болады, жаўын-шашын күтилмейди. 23-25-июнь күнлери температура тийкарынан күндизги ўақытлары 38-41 дәреже, 26-июньда 31-33 дәрежеге шекем төменлейди, 27-июньда 34-36 дәреже болады.