Кейинги жыллары мәмлекетимизде пуқаралардың мийнет ҳуқықларының кепилликлерин тәмийинлеў ҳәм халықаралық стандартларды миллий нызамшылыққа енгизиў бойынша системалы жумыслар избе-из әмелге асырылмақта.
Усы Нызам менен Өзбекстан Республикасының Мийнет кодексине "Бирден-бир миллий мийнет системасы" уйымлараралық бағдарламалық-аппарат комплексинде электрон түрде мийнет шәртнамасын рәсмийлестириў тәртибин енгизиўди, мийнет ҳақысы сақланбайтуғын дем алыс даўамлылығын белгилеў тәртибин ҳәм хызметкердиң орташа мийнет ҳақысын есаплаў тәртибин өзгертиўди нәзерде тутатуғын қосымша ҳәм өзгерислер киргизилмекте.
Буннан тысқары, "Билимлендириў ҳаққында"ғы нызамға муўапық хызметкерлер кешки ямаса сыртқы билимлендириў түринде оқыўы мүмкин болған билимлендириў шөлкемлериниң түрлерин анықластырыўшы өзгерислер киргизилмекте. Сондай-ақ, ҳәмиледарлығы ямаса перзенти бар екенлиги себепли хызметкерди жумыстан босатыўға қадаған енгизилмекте.
Соның менен бирге, жумысқа қабыл етиў ўақтында шахстың паспортын ямаса ID-картасын, мийнет дәптершесине байланыслы мағлыўматларды талап етпей, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер еркин түрде, соның ишинде, мәлимлеме системаларындағы уйымлараралық интеграциялаў платформалары арқалы сорап алыўы белгиленбекте.
Бул Нызам пуқаралардың мийнет ҳуқықларының кепилликлери, мийнет тараўындағы қатнасықлардың электрон системаға өтиўин тәмийинлеўге, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде хызметкерди жумысқа қабыл етиўде нызамсыз бас тартыў жағдайларының азайыўына, сондай-ақ, жумысқа кирип атырған пуқаралардан артықша ҳүжжетлерди талап етиў сыяқлы бюрократиялық тосқынлықларды сапластырыўға хызмет етеди.
Додалаў жуўмағында бул Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.