Раўажланып атырған базар экономикасы мәмлекетлериниң II Ал-Ула конференциясы шеңберинде Ислам раўажланыў банки (ИРБ) президенти, доктор Муҳаммад ал-Жассир ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары, Экономика ҳәм қаржы министри Жамшид Қўчқоров әҳмийетли инфраструктуралық ҳәм социаллық раўажланыў жойбарларын алға қойыўға қаратылған финанслық келисимлерге қол қойды.

Қол қойыў мәресиминен алдын болып өткен еки тәреплеме ушырасыўда тәреплер ИРБ ҳәм Өзбекстан арасындағы шерикликти кеңейтиў, бирге ислесиўди тереңлестириў ҳәм мәмлекеттиң миллий раўажланыў мақсетлерине сәйкес келетуғын жоқары нәтийжели басламаларды жеделлестириў мәселелерин додалады.

Биринши келисим "4Р40 Даштобод - Зомин - Бахмал - Ғаллаорол автомобиль жолын қайта қурыў" жойбары ушын ИРБ тәрепинен ажыратылып атырған жәми 192 миллион долларлық миннетлемениң 70 миллион долларлық басқышын билдиреди.

Бул қаржылар Жиззақ ўәлаятындағы 143 км узынлықтағы 4Р40 регионаллық магистралын қайта қурыў ҳәм 30 км жергиликли ҳәм аўыллық жолларды оңлаўға бағдарланады.

Бул баслама транзиттеги тосқынлықларды сапластырыў ҳәм 200 000 халық ушын ҳәрекет қәўипсизлигин арттырыўға хызмет етеди. М39 халықаралық коридорына тутасатуғын бул әҳмийетли жолдың модернизацияланыўы экономикалық ҳәм туристлик потенциалды арттырыў менен бирге, халықтың базар ҳәм социаллық хызметлерден пайдаланыў имканиятларын кеңейтеди.

Екинши келисим «SmartEd» жойбарын әмелге асырыў ушын ИРБның жәми 160,25 миллион долларлық үлеси шеңбериндеги 94,06 миллион долларлық басқышты рәсмийлестиреди. «SmartEd» жойбары шеңберинде республика бойлап 58 жаңа билимлендириў мәкемеси қурылады ҳәм үскенеленеди, сондай-ақ, бар мектеплерде 2 431 қосымша класс ханалары шөлкемлестириледи.

Жойбар ҳәр жылы 72 930 оқыўшыға пайда келтиретуғын инклюзив ҳәм компетенцияға тийкарланған заманагөй оқытыў системасын жаратыўға қаратылған болып, онда 36 115 тен аслам оқытыўшы ҳәм ҳәкимшилик хызметкерлер ушын арнаўлы қәнигелигин арттырыў курслары да нәзерде тутылған.

Жуўмағында доктор Муҳаммад ал-Жассир ИРБның Өзбекстанның раўажланыўын қоллап-қуўатлаўға садықлығын және бир мәрте тастыйықлады. Жамшид Қўчқоров болса даўам етип атырған стратегиялық шериклик ушын миннетдаршылық билдирип, узақ мүддетли ҳәм турақлы өсиўди тәмийинлеўде транспорт байланысы және инсан капиталына қаратылған инвестициялардың турмыслық әҳмийетин атап өтти.