Испанияның Өзбекстандағы жаңа елшиси тайынланды

    Сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов Испанияның Өзбекстандағы жаңадан тайынланған елшиси Рикардо Мартинес Васкестен исеним жарлықларын қабыл етти.

    Ушырасыўда еллеримиз арасындағы еки тәреплеме қатнасықлардың динамикасының жоқарылап баратырғаны айқын көзге тасланып атырғаны, еки мәмлекет сыртқы ислер министрликлери биргеликте турмысқа енгизиўи керек болған үлкен имканиятлар додаланды.

    "Мырза елшиге еки мәмлекет бирге ислесиўиниң жаңа бағдарларын раўажландырыўда ҳәм нәтийжели жумыс алып барыўда әўмет тилеймиз", - деп жазады Бахтиёр Саидов өзиниң Телеграм каналында.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates