Ыссылық тәмийнаты объектлерин қурыўға 500 млрд сум ажыратылды

    23 мамыр 2025 1227

    Бул ҳаққында АОКАда "Ыссылық тәмийнаты" АЖ басшысының қатнасыўында болып өткен баспасөз әнжуманында мәлим етилди.

    Атап өтилиўинше, усы жылы инвестиция бағдарламасы шеңберинде республикалық бюджет қаржылары есабынан ыссылық тәмийнаты объектлерин қурыў, реконструкциялаў ҳәм модернизациялаў ушын 500,0 миллиард сум қаржы ажыратылды.

    Инвестициялық бағдарлама шеңберинде республикалық бюджет қаржылары есабынан 2025-2029-жылларда ыссылық системаларындағы ескирген 103 қазанхана ҳәм 1 632 мың км ыссылық тармақларын, соның ишинде, 2025-2026-жылларда 18 қазанхана ҳәм 258 км ыссылық тармақлары жаңаланады.

    Аймақлардағы 8 қазанхана ҳәм 80 км ыссылық тармақларында қурылыс ҳәм модернизациялаў жумыслары, 25 "Жаңа Өзбекстан" массивлеринде қазанхана ҳәм ыссылық тармақларын қурыў жумыслары әмелге асырылмақта.

    Жойбарларды әмелге асырыў нәтийжесинде аймақлардағы 35 мыңнан аслам квартирадан ибарат 1 мың 84 көп қабатлы турақ жайлар ҳәм 110 социаллық тараў объектлерин ыссылық энергиясы менен тәмийинлеў нәзерде тутылған.

    Соның менен бирге, ыссылық тәмийнаты системасын "жабық" системаға өткериў ушын қосымша 50 млрд.сум қаржылар ажыратылады.

    Мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында 9 жойбар, жәми қуўатлылығы 756 МВт болған 8 қазанхана ҳәм 403 км ыссылық тармақларын модернизациялаў, 2 105 дана жеке ыссылық пунктлерин орнатыў режелестирилген.

    Жойбарларды әмелге асырыў нәтийжесинде аймақлардағы 83 мыңнан аслам квартирадан ибарат 1 850 көп қабатлы турақ жайлар ҳәм 418 социаллық тараў объектлериниң ыссылық энергиясы тәмийнатын жақсылаў нәзерде тутылған.

    Усы жылы мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында Нөкис ҳәм Бухара қалаларының ыссылық тәмийнаты системаларында бир ўақыттың өзинде еки түрдеги энергия ислеп шығарыўды нәзерде тутатуғын когенерация технологияларын енгизиў бойынша жойбарларға старт бериледи.

    Жойбарларды әмелге асырыў нәтийжесинде аймақлардағы 121 мыңнан аслам квартирадан ибарат 2 634 көп қабатлы турақ жайлар ҳәм 480 социаллық тараў объектлериниң ыссылық энергиясы тәмийнатын жақсылаў нәзерде тутылған.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates