Сенаторлар "2026-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында"ғы нызамды мақуллады

    18 желтоқсан 2025 153

    Сенаттың он екинши жалпы мәжилисинде "2026-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында"ғы нызам көрип шығылды.

    Атап өтилгениндей, "2026-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында"ғы нызамның мақсети келеси жыл ушын Өзбекстан Республикасының консолидацияласқан бюджетин қәлиплестириў ҳәм орынлаўға байланыслы қатнасықларды тәртипке салыўдан ибарат.

    Сенаторлар тәрепинен 2026-жыл ушын мөлшерленген Мәмлекетлик бюджетте халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў, халықтың абаданлығын арттырыў, "жасыл экономика"ны раўажландырыў ҳәм қоршаған орталықты қорғаў, пуқараларды денсаўлықты сақлаў системасы менен қамтып алыўды кеңейтиў, оларды сапалы билимлендириў менен тәмийинлеў сыяқлы социаллық мақсетлерге тийкарғы әҳмийет қаратылғаны атап өтилди.

    Соның ишинде, Мәмлекетлик бюджет қәрежетлериниң дерлик 55 проценти ямаса 220,0 триллион сум социаллық тараўларға қаратылмақта. Бюджет қәрежетлери структурасында билимлендириўге 100 триллион сум, денсаўлықты сақлаўға 49 триллион сум ямаса усы жылға салыстырғанда 11,4 процент көп қаржы ажыратылыўы нәзерде тутылған.

    Нызамға муўапық, келеси жылы инфляция дәрежеси 7 процент болыўы прогноз етилмекте.

    2026-жылы Мәмлекетлик бюджеттиң қәрежетлери 402,6 триллион сумды, дәраматлары болса 368,9 триллион сумды қурайды. Мәмлекетлик мақсетли қорларының дәраматлары 78,6 триллион сумды, қәрежетлери болса 74,4 триллион сумды (бюджетлераралық трансфертлерден тысқары) қурайтуғыны режелестирилген.

    Атап айтқанда, 2026-жыл ушын консолидацияласқан бюджет дәраматлары 515,8 триллион сум, қәрежетлери болса 567,6 триллион сум муғдарында қәлиплестирилген. Онда, консолидацияласқан бюджет жетиспеўшилиги жалпы ишки өнимге салыстырғанда 3 проценттен артпаўы ўазыйпасы қойылмақта.

    Додалаў процесинде сенаторлар бюджет дәраматларын көбейтиў ҳәм бюджет қаржыларынан мақсетли пайдаланыўға айрықша итибар қаратты.

    Сенаторлар өзлериниң шығып сөйлеўлеринде 2026-жылы макроэкономикалық сиясат тараўында тийкарғы ўазыйпалар сыпатында белгиленген ўазыйпаларды орынлаў, социаллық машқалаларды шешиў, районлардың инфраструктурасын жақсылаў ҳәм мәмлекетлик бағдарламаларда нәзерде тутылған басқа да әҳмийетли илажларды әмелге асырыўға айрықша итибар қаратыў зәрүрлигин атап өтти.

    Додалаў жуўмағында сенаторлар нызамды мақуллады.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates