Киргизилген өзгерислерге бола, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, мәденият ҳәм спорт тараўларын раўажландырыў, "Кәмбағаллықтан абаданлыққа шекем" бағдарламасы шеңбериндеги илажларды қаржыландырыў, көп қабатлы турақ жайлар ҳәм социаллық тараў мәкемелеринде энергия нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы илажларға қосымша қаржылар ажыратылмақта.

Буннан тысқары, Министрлер Кабинетиниң резерв фонды көлемине, Мәмлекетлик бюджеттен мәмлекетлик мақсетли қорларға ажыратылатуғын трансфертлердиң муғдарларына, усы қорлардың дәраматлары менен қәрежетлерине өзгерислер киргизилди.

Сондай-ақ, бюджет қаржыларының мақсетли бағдарланыўын, нәтийжелилигин арттырыў ҳәм бюджет тәртибин беккемлеў шеңберинде қаржылардың бир бөлегин оптималластырыў ҳәм қосымша қәрежетлерге бағдарлаў нәзерде тутылған.