Италия Бас министри рәсмий сапар менен Өзбекстанда болады

    Сиясат 27 мамыр 2025 2597

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Италия Республикасы Бас министри Жоржа Мелони 28-29-май күнлери рәсмий сапар менен мәмлекетимизде болады.

    Саммит мәмлекетимиз басшысының 2023-жыл 7-9-июнь күнлери Италияға рәсмий сапары даўамында ерисилген келисимлерге муўапық өткериледи.

    Самарқанд қаласында болып өтетуғын жоқары дәрежедеги сөйлесиўлерде Өзбекстан-Италия стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да беккемлеў ҳәм көп тәреплемели бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери көрип шығылады.

    Инновациялық бирге ислесиў ҳәм гуманитарлық алмасыў жойбарларын алға қойыў дыққат орайында болады.

    Жуўмағында еки тәреплеме келисимлер топламына қол қойыў нәзерде тутылған.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates