Мағлыўмат орнында айтыў мүмкин, Тушиа университети Италияның абырайлы жоқары билимлендириў мәкемелеринен бири болып, Витербо қаласында жайласқан. 1979-жылы шөлкемлестирилген бул университет 6 оқыў факультетинен ибарат. Жоқары оқыў орны аўыл хожалығы ҳәм басқа да тараўлар бойынша кадрлар таярлайды. Университет халықаралық QS рейтингинде 901-950 орынларды ийелеген.

Институт басшысы мийманларға жоқары билимлендириў мәкемесиниң жумысы, профессор-оқытыўшылар, изертлеўшилер ҳәм студентлерге жаратылған шараятлар, халықаралық бирге ислесиў байланыслары ҳәм әмелдеги илимий жойбарлар ҳаққында толық мағлыўмат берди. Буннан тысқары, мийманлар институтта әмелге асырылып атырған халықаралық жойбарлар, студентлердиң стартаплары менен тиккелей танысыў имканиятына да ийе болды.

Ушырасыў даўамында перспективадағы бирге ислесиў байланыслары додаланып, төрт билимлендириў бағдары бойынша биргеликтеги бағдарламалар ислеп шығылыўы, сондай-ақ, Италиялы профессор-оқытыўшылардың институтта сабақ бериўи бойынша келисимге ерисилди. Биргеликтеги қоспа билимлендириўге Орайлық ҳәм Жақын Шығыс мәмлекетлеринен мыңға шамалас студентлерди тартыў режелестирилди.

Институттың мине усындай абырайлы жоқары билимлендириў мәкемелери менен бирге ислесиў байланысларын жолға қойыўы профессор-оқытыўшылар, студентлер ушын жаңа имканиятларды ашып, билимлендириўдиң сапасының артыўына, илимий жумыстың раўажланыўына, питкериўши студентлердиң халықаралық дәрежеде бәсекиге шыдамлы кадр болыўында өзиниң унамлы тәсирин көрсетеди.