Берлиндеги «Messe Berlin» көргизбе комплексинде өткерилген илажда Өзбекстан миллий стендинде 25 тен аслам жергиликли туристлик шөлкемлер өзлериниң туристлик хызметлери ҳәм өнимлерин көрсетти.
Буннан тысқары, көргизбе шеңберинде Өзбекстанның туристлик потенциалын сырт елде үгит-нәсиятлаў ҳәм туристлер ағымын көбейтиўге қаратылған бир қатар мәмлекетлердиң туризм уйымларының басшылары менен 200 ден аслам "В2В" ҳәм "B2G" ушырасыўлары өткерилди.
Сөйлесиўлерде мәмлекетлер арасында туризм тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыў, соның ишинде, жаңа туристлик топламларды енгизиў ҳәм трансшегаралық жөнелислерди жаратыў, турақлы туризм және экотуризм, ўақыялы жүриў туризм бағдарлары темаларына айрықша итибар қаратылды. Европа континентинен, атап айтқанда, Германиядан туристлерди тартыў бойынша анық келисимлерге ерисилди.
Сондай-ақ, 10 нан аслам сырт ел ҒХҚ ҳәм медиа платформалардың ўәкиллери менен де ушырасыўлар шөлкемлестирилди. Сырт ел тәрепине Өзбекстанның туризм потенциалы, ески қалалар, архитектуралық естеликлер, тийкарғы туристлик бағдарлар ҳәм мәмлекетимизде туризм тараўын раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар ҳаққында мағлыўматлар берилди, деп хабар береди Туризм комитетиниң баспасөз хызмети.
ITB Berlin 1966-жылдан берли өткерилип киятырған дүньядағы ең ири туристлик ярмаркасы есапланады. Ярмаркада мийманханалар, туризм кеңеслери, туроператорлар, система провайдерлери, авиакомпаниялар ҳәм автомобиллерди ижараға бериўши компаниялар қатнасады.