Қытайдың "Синьхуа" мәлимлеме агентлигиниң мағлыўматларына бола, бул 2026-жылы Сычуань провинциясы тәрепинен экспортқа жиберилген биринши шай партиясы болып есапланады.
Жүк машиналары Синьцзян -Уйғур автоном районындағы өткериў пунктлери арқалы мәмлекет шегарасын кесип өтип, кейин Қытай-Қырғызстан-Өзбекстан жөнелиси бойынша Ташкентке жетип барады.
Агентликтиң атап өтиўинше, соңғы жыллары Цзяцзян уездинде экспортқа бағдарланған шай санаатының өндирис структурасын трансформациялаў жедел әмелге асырылмақта. 2025-жылы Цзяцзян уездинен экспортқа шығарылған шайдың улыўма көлеми қун мәнисинде дерлик 29 миллион АҚШ долларын қураған.
Буннан тысқары, Сычуань ўәлаяты ушын Өзбекстанда биринши сырт ел шай қоймаханасын шөлкемлестирген ҳәм оның жеткерип бериў географиясы дүньяның 20 ға шамалас мәмлекетлери ҳәм регионларын, соның ишинде, Россия, Марокко ҳәм басқа да мәмлекетлерди өз ишине алады.
Еслетип өтемиз, 2025-жылдың жуўмағы бойынша Өзбекстанның Қытай менен сыртқы саўда айланысы 17,2 миллиард доллардан артты. Қытайдың Өзбекстан сыртқы саўдасындағы үлеси 21,2 процентти қурады.