Хийўадан Әндижанға: Silk Road халықаралық жарысы Өзбекстан қалалары бойлап маршрутын даўам еттиреди

    Спорт 14 қараша 2025 560

    2025-жыл 30-ноябрь күни саат 09:00 де Әндижан қаласында Орайлық Азия жүриў ҳәм жуўырыў академиясы тәрепинен шөлкемлестирилип атырған Silk Road екинши халықаралық жарысы болып өтеди. Кең көлемли спорт илажында еки мыңға шамалас адам - жергиликли ҳәм сырт ел жуўырыў клубларының ўәкиллери, профессионал спортшылар, дипломатлар, студент-жаслар, мектеп оқыўшылары ҳәм ўәлаят турғынлары қатнасыўы күтилмекте.

    Silk Road жойбары Уллы жипек жолының тарийхый естелигин сақлаў, спорт арқалы миллетлераралық ҳәм мәдениятлараралық қарым-қатнасты раўажландырыўға қаратылған. Бул баслама Орайлық Азияны Қытайдың Қашқары менен байланыстырған Уллы жипек жолының әҳмийетли саўда орайларынан бири болған Әндижанның бай мәдений-тарийхый мийрасына сүйенеди.

    Жуўырыўлардың биринши басқышы 2-ноябрь күни Хийўа қаласында өткерилди, онда 1500 ден аслам қатнасыўшы қаланың тарийхый бөлими бойлап сийрек ушырасатуғын архитектуралық естеликлер арасында жуўырды.

    Екинши басқыш Әндижан қаласында болып өтеди. Заҳириддин Муҳаммед Бабур атындағы естелик-бағ комплекси - қала орайындағы 50 ге шамалас терек түри егилген, Уллы жипек жолында саўда байланысларының раўажланыўында әҳмийетли роль атқарған уллы шайыр ҳәм ҳүкимдар музейи жайласқан жасыл аймақ бул бағдың басланыў ноқаты болады. Парк зонасынан қаланың дыққатқа ылайық орынлары ҳәм арқанлы жол көринеди. Буннан кейин маршрут Янги Айманба айланба көшеси арқалы өтип, қала орайын айланып өтеди.

    - Биз жуўырыў ҳәрекетин раўажландырыў ушын үлкен потенциалға ийе болған ҳалда, белсенди турмыс тәризи жас әўладтың ҳәрекетлендириўши күшине айланыўы ушын регионаллық жойбарларға итибар қаратпақтамыз,-деди Орайлық Азия жүриў ҳәм жуўырыў академиясының директоры Шуҳрат Усмонов. - Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң жәрдеминде шөлкемлестирилген Талаба Югур жойбарын студентлер жақсы биледи, мектеп оқыўшылары O’quvchi Yugur жарысларында қатнаспақта, социаллық белсенди пуқаралар болса Eco Save Aral басламасына қосылмақта. Өзбекстан қалаларын бай мәдений мийрас бирлестирип турады, оған қызығыўшылық мәмлекеттен тысқарыда да бар. Бул бирликти байланыстырыўшы буўынлардан бири Silk Road жойбары болып есапланады.

    Silk Road - Andijan бағдарламасында 5 км ҳәм 10 км аралық, ярым марафон (21 км) ҳәм Kids Run балалар жарысы нәзерде тутылған.

    Старт пакетлериниң баҳасы категорияларға қарап 100 мың сумнан 300 мың сумға шекем болады. Старт пакетлериниң тарқатылыўы 28 ҳәм 29-ноябрь күнлери болып өтеди. Старт пакетине төмендегилер киреди: чип ҳәм сәдеп саны, лонгслив, кепка, рюкзак ҳәм медаль.

    Дизимнен өтиў Perfend бирге ислесиўши платформасында әмелге асырылады: https://perfend.com/ru/events/sport/andijan.

    Silk Road халықаралық жарысына қосылың ҳәм Өзбекстан спорт ҳәрекетиниң бир бөлеги болың!


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates