Бул илаж Өзбекстан Гүрес федерациясы баслығының спорт мәселелери бойынша орынбасары Уйғун Умаров, Өзбекстан Гүрес федерациясы сайланды командасының аға тренери Ризамат Солиев, Хорезм ўәлаяты Гүрес федерациясының атқарыўшы директоры Артиқ Палванов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Кураш федерациясының атқарыўшы директоры Серик Жусипбековлардың басшылығында өткерилди.
Илажға Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети, Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалы гүрес бөлиминиң қәнигелери, сондай-ақ, Нөкис Олимпия ҳәм паралимпия спорт түрлерине таярлаў орайы, Олимпия ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Нөкис жоқары шеберлик мектеби, Республикалық жеке гүрес спорт түрлерине қәнигелестирилген спорт мектеби, қала ҳәм районлардағы спорт мектеплериниң тренер-оқытыўшылары, атқарыўшы директорлары ҳәм ветеран спортшылар қатнасты.
Дәслеп, жумысшы топар ағзалары жаңадан қурылған Гүрес шеберлик мектеби имаратында спортшылар ушын жаратылған шараятлар менен танысты. Соның ишинде, заманагөй спорт залы, жатақхана, асхана, китапхана ҳәм басқа да қолайлықларды көзден өткерди.
Буннан соң гүрес бойынша жуўапкер хызметкерлер ҳәм шыпакерлер тәрепинен тренер ҳәм спортшыларға антидопинг бойынша кеңнен түсиниклер берилди. Семинар шеңберинде тәжирийбели палўанлардың қатнасыўында “Шеберлик” сабақлары да шөлкемлестирилди.
Сондай-ақ, Өзбекстан Гүрес федерациясының 2026-жыл 23-февральдағы буйрығының талабына муўапық, Қарақалпақстанға келген жумысшы топар ағзалары республикамыздың барлық қала ҳәм районлар аймағындағы спорт объектлери, олардың материаллық-техникалық базасы, спорт әнжамларының жағдайы ҳәм спортшылар ушын жаратылған шараятларды үйрениў жумысларын әмелге асырыўы белгиленген.
Ҳәзирги ўақытта үйрениў жумыслары даўам етпекте.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.