Елимизде болып атырған барлық реформалардың тийкары, Конституциямызда беккемлеп қойылған инсаныйлық принципи инсан өмири ҳәм еркинлиги, абырайы, қәдир-қымбаты сыяқлы улыўмаинсаныйлық принциплерди тәмийинлеўге қаратылған.
Конституция байрамы да барған сайын халқымыздың сүйикли байрамларының бирине айланып бармақта. Әсиресе, Бас нызамымыз халқымыздың ерк-ықрарынан келип шығып жаңаланғаны, қәдириятларға бағышланған жаңа норма ҳәм қағыйдалар менен толтырылғаны бул байрамның мазмун-мәнисин және де арттырмақта. Соның ушын, Конституция байрамы өзгеше руўх ҳәм қуўаныш пенен белгиленбекте.
Бул байрамды бизден басқа, күтиўшилер де жоқ емес. Олар билип-билмей жынаят ислеген, жазаны өтеп атырған инсанлар ҳәм олардың шаңарақ ағзалары. Бул байрам мүнәсибети менен жәрияланатуғын ҳүжжеттен олардың үмити көп.
Мине, олар күткен ҳүжжет жәрияланды. Өзбекстан Президенти "Жаза мүддетин өтеп атырған, қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына исенимли өткен бир топар шахсларды әпиў етиў ҳаққында"ғы пәрманға қол қойды. Қылмысының нызамға қайшылығын аңлаған шахсларға өз шаңарағы ҳәм жәмийетке қайтып келиўи, социаллық бейимлесиў имканиятының берилиўи халқымыздың кеширимлилик, мийрим-шәпәәт ҳәм кеңпейиллик сыяқлы әзелий қәдириятларының әмелдеги айқын көриниси болып есапланады.
Пәрманға муўапық, билип-билмей жынаят ислеген, ҳәзирги ўақытта қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына исенимли өткен жаза мүддетин өтеп атырған 483 шахс әпиў етилди.
Еркинликтиң бир минуты тутқынлықтағы қуўаныштан мың есе татлы, мың есе қымбат. Бүгин халқымыздың кеңпейиллигиниң көриниси болған бул ҳүжжет себепли азатлыққа шығарылып атырған инсанлар бул сөзлердиң қәдирин тереңирек аңлай алады. Олар ушын еркин дем алыў, шаңарағы ҳәм жақынларының қушағында болыўдан артық бахыт жоқ.
Әпиў етилген шахслардың 107 си жазаны өтеўден толық, 275 и жазаны өтеўден мүддетинен алдын шәртли азат етиледи, 7 ине тайынланған жаза жеңилиреги менен алмастырылады. Сондай-ақ, 94 шахсқа тайынланған еркинен айырыў жазасының мүддетлери қысқартылады.
- Әпиў етиў Президенттиң Конституцияда белгиленген ўәкилликлери шеңберине киретуғын юридикалық түрдеги нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет болып есапланады, - дейди Өзбекстан Жоқарғы судының судьясы Турғунали Мирзаев. - Ол Президент тәрепинен жеке тәртипте қабыл етиледи. Әпиў етиўден гөзленген тийкарғы мақсет мәмлекеттиң жынаят ислеген шахсларға болған ғамхорлық ҳәм адамгершилик принциплери көзқарасынан, әйне усы жынаят ислеген шахслардың мәпи емес, ал олардың шаңарақ ағзалары, жақынлары ҳәм ержетпеген перзентлерин ата-аналарының меҳиринен пайдаланыўы, олардың шаңарақта тутқан орнын турақлы тәмийинлеў мақсетинде қабыл етиледи.
Әпиў жазаны өтеп атырған қамақтағылардың шахсы, минез-қулқы, олар ислеген жынаяттың жәмийетлик қәўиплилик дәрежеси, ақыбетлери ҳәм жынаят ислегенинен кейин қылмысынан пушайман болып дүзелиў жолына өткени, соның менен бирге, жазаны өтеў даўамында тәрбиялық көзқарастан унамлы баҳаланғаны ҳәм басқа да бир қатар тәреплери үйренилип, әпиў комиссиясы тәрепинен жуўмақ бериледи.
Жазаны орынлаў мәкемеси. Бийик ҳәм аўыр дәрўаза ашылды. Әпиў етилгенлер бирим-бирим сыртқа шықпақта. Олар ушын бүгинги күн - жаңа өмир, жаңа имканият.
Бул көринисти бақлап турған ҳәр қандай инсанның денеси түршигип, көзлерине жас қалқыўы, ықтыярсыз олардың қуўанышына шын кеўилден шерик болыўы анық.
- Атымды оқығанда қайтадан дүньяға келгендей болдым, - дейди Г.Халилова. - Азат болыўымды еситип, қаншелли қуўанғанымды сөз бенен жеткерип бере алмайман. Президентимиздиң әпиў ҳаққындағы пәрманы менен азатлыққа шықпақтамыз. Бизге және бир имканият, исеним билдирилди. Мен еркинликтиң қәдирин ҳеш нәрсе менен өлшеп болмайтуғынын аңладым. Төрт перзентим бар. Үйимде ҳаял адам жоқ. Балаларымның тәрбиясы менен тек өзим шуғылланатуғын едим. Бул жерде өткен дәўирде азатлықта болғанымда қаншадан-қанша жетискенликлерге ерискен болар едим. Тилекке қарсы, көп жақсы күнлеримди темир тордың артында өткериўге туўра келди. Перзентлерим тәрбиясына да итибар бере алмадым. Енди бул имканияттан пайдаланып, оларды ел-журтқа пайдасы тийетуғын мүнәсип ул-қызлар етип тәрбиялайман.
Ҳеш ким жақынларын өзинен узақта, тутқында көриўди қәлемейди. Шаңарақ, қәдирданлар әтирапында өткен ҳәр бир күн, ҳәр бир мәўрит байрам. Сонлықтан, ата-аналары ҳәм перзентлери қушағына қайтып атырғанлардың қәўетерин түсиниў мүмкин. Олар бул жерден азатлық, еркинликтиң қәдирин жүз мәртебе аңлап атыр.
Әпиў етилгенлер буннан былай тек ғана шаңарақ ағзалары емес, ал мәҳәллелеслери, улыўма, кең жәмийетшиликтиң итибарында болады. Пәрманда әпиў етилген шахслардың жәмийетлик турмысқа бейимлесиўи, пайдалы мийнет пенен шуғылланыўы, саламат турмыс тәризин жолға қойып, жәмийетте мүнәсип орын табыўы ушын оларға жәрдем бериў мақсетинде жуўапкер министрликлер менен уйымларға тийисли тапсырмалар берилди.
Пәрман тийкарында әпиў етилгенлердиң 25 ин сырт ел пуқаралары, 32 ин ҳаял-қызлар, 5 ин 60 жастан асқан ер адамлар, 274 ин жаслар, 104 ин жас өспиримлер және 6 ын қадаған етилген шөлкемлер хызметинде қатнасқан шахслар қурайды.
Әкесине умтылған, басында бираз жатсырап, кейин оны беккем қушақлап алған балалар, перзентлериниң жүзинен сүйип, қайта-қайта баўырына басып атырған аналар, сүйикли жолдасын өз үйинде көргенине исене алмай оған қарап турған ҳаяллар... Олар сезген нәрсени толық түсиниўимиз, аңлап жетиўимиз нәгүман. Бирақ, биз билемиз, шүкиршилик, миннетдаршылық, қанаатланыўшылық сезимлери олардың жүзлеринде балқып тур.
Бул ўақыя елимиздеги инсаныйлық сиясаты, халқымызға тән кеңпейиллик, кеширимли болыў, уллылық ҳәм мийрим-шәпәәт көрсетиў сыяқлы ийгиликли пазыйлетлердиң әмелий көриниси болып есапланады.
Бир жақсылық басқа жақсылықларды баслап келеди. Көплеген ийгиликли ислерге жол ашады. Шаңарағы қушағына қайтқан, исинен жуўмақ шығарған, бүгин сиз ҳәм бизлер сыяқлы еркин бул инсанлар ҳәзир де мәмлекет ҳәм жәмийет мийрим-шәпәәтин сезинеди.
Байрамларда үлкен-киши саўғалар үлестириў дәстүри бар. Бирақ, инсан қаншелли қәлесе де, нызамлы жаза өтеп атырған адамға бир демлик еркинлик инам ете алмайды. Бүгин бундай инсанлар халықтың кеңпейиллигин, сақаўатын, меҳирин сезди.
Кеширилген ҳәр бир шахс өзине билдирилген исенимди ақлап, елимизде әмелге асырылып атырған реформаларға мүнәсип үлес қосады, деп ойлаймыз. Жәмийетте өз орнын табады.
Бир сөз бенен айтқанда, Президентимиз пәрманы менен әпиў етилген ўатанласларымызға және бир имканият, исеним берилди. Алдында болса, мине усы исенимди ақлаў, елге мүнәсип перзент болыў ўазыйпасы тур.
Лутфулла СУВОНОВ,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы