Жаңа ысытыў системасы квартираларды ыссылық пенен тәмийинлеўде нәтийже бере ала ма?

    Пикир 22 желтоқсан 2025 29

    Сыртта әдеўир салқын, елимизде қыс басланып, күнлер бираз суўып кетти. Соған қарамастан, жумыста жеңил кийимде отырып та, гейде терезе саңлағын бираз ашып қоямыз.

    Себеби бөлмедеги температура бираз ыссы. Үйге қайтқанда да сондай, ыссы ханалар газ басымы жақсы екенин, ысытыў системалары ислеп турғанын билдиреди. Буннан кеўлимиз де қәтержам болады.

    Бирақ гүз-қыс мәўсиминде бәрибир бираз қәўетерленип турамыз. Себеби, ҳаўа температурасының төменлеўи себепли елимиз халқының газ ҳәм электрге талабы бир неше есеге артады. Нәтийжеде улыўмалық тармақларға көбирек жүклеме түсип, газ ямаса электрде ўақтынша үзилислер жүзеге келиўи мүмкин. Тараў ийелери мәўсимге жыл даўамында таярлық көрип, тәмийнатта үзилислер болмайтуғынын атап өткенине қарамастан, мәўсим келгенде, айырым шеклеўлер орнатылыўы елеге шекем сақланып қалмақта. Бул, әсиресе, суйылтырылған газ тәмийнатында көзге тасланады.

    Көпшиликтиң ядында, өткен жылы суўық себепли автомобиллерге метан қуйыў шақапшаларының жумысына ўақтынша шеклеўлер орнатылып, айырым санаат кәрханаларын газден үзип қойыў жағдайлары да бақланған еди. Жуўапкерлер бул илажлар биринши гезекте халықтың үйлери ҳәм социаллық тараў объектлерин тәбийғый газ бенен тәмийинлеў, оларда газ басымының төменлеўиниң алдын алыўға қаратылғаны менен түсиндирген. Гезектеги мәўсимде бундай жағдайлар қайталанбаўы ушын қатаң таярлық көрилгени де айтылған еди.

    Бирақ быйылғы қыс мәўсими кирип, ҳаўа салыстырмалы салқынлаўы менен және метан шақапшаларының жумысына ўақтынша шеклеў киргизилип, олардың жумыс ўақытлары бойынша ҳәр бир аймақ ушын өз алдына реже-графиклер жәрияланды. Жағдайды жуўапкерлер қоңсы мәмлекеттеги газ тармағында бақланған техникалық насазлық себепли импорт етилип атырған тәбийғый газ азайғаны менен түсиндирип, бул ўақытша екенин билдирди. Бундай жағдайда халықтың үйлери ҳәм социаллық тараў объектлерин тәбийғый газ бенен тәмийинлеў бас мақсет болғаны себепли, әне, усындай илажлар көрилип атырғаны да қосымша етилген.

    Хабар социаллық тармақларда тарқалғаннан соң, адамлардың қатаң наразылықларына себеп болғаны түсиникли. Әсиресе, айдаўшылық арқалы күн кеширетуғын адамлар ушын метан шақапшаларында саатлап нәўбет күтиў бир машқала болса, буның артынан жоғалтылатуғын ўақыт, көрилетуғын материаллық зыян және бир мәселеге айланады.

    Усындай ўақытта адамларды тәбийғый газдиң тартылыўы шаңарақларды ыссылық пенен тәмийинлеўде де машқалаларды келтирип шығармай ма, басым төменлеген ўақытларда қандай илажлар көриледи, алдынлары болғанындай қысты суўық жайларда өткеремиз бе, деген ҳақылы сораўларға жуўаплар қызықтырмақта.

    - Өзбекстанда ислеп шығарылып атырған тәбийғый газ халықтың талабын қаплаў ушын жетерли, тек оны дурыс бөлистириў керек, - дейди "Ыссылық тәмийнаты" АЖ басқарма баслығы Илҳом Тўраев. - Себеби, быйылғы қыс мәўсими қандай өтетуғыны, ҳаўа температурасындағы күтилмеген өзгерислер ҳаққында анық гәп айта алмаймыз, бирақ исеним менен айта аламан, быйылғы гүзги-қысқы мәўсимге таярлық өткен жыллардағыдан пүткиллей өзгешеленеди ҳәм исленген жумыслардың көлеми оғада кең. Бул илажлар, биринши гезекте, адамлардың ыссылық тәмийнатына болған талабын қанаатландырыўға қаратылған. Елимиз ыссылық тәмийнаты системасындағы түпкиликли реформалар ҳәм тараўды модернизациялаў жумыслары 2017-жылдан кейин басланған болса, соннан берли алдымызға қойылған тийкарғы ўазыйпа халықтың талабын толық қанаатландырыў болып тур. Тийисли қарар менен 2030-жылға шекем ислениўи керек болған жумыслардың басында да усы фактор бирлемши болып есапланады. Буның ушын барлық илажлар көрилмекте.

    Ҳәзирги ўақытта системадағы 500 ден аслам қазанхананың ҳәммеси тәбийғый газде ислеўге мөлшерленген. Кейинги еки жылда қурылған 3 қазанхана альтернатив жанылғыда ислеўге де бейимлестирилди. Бунда, тийкарынан, дизель жанылғысы нәзерде тутылып, айрықша зәрүр жағдайларда ғана қолланылады. Бирақ усы күнге шекем альтернатив жанылғы резервине талап болмады. Себеби газ басымы жетерли ҳәм соңғы жылларда бақланып атырған аномал суўық күнлерде де халық шаңарақларына тәбийғый газ жеткерип берилмекте. Суўық мәўсимниң созылып кетиўи сыяқлы түрли жағдайларда болса "Аймақгазтәмийнат" АЖ менен биргеликте исленип, тәбийғый газ басымын ретлестириў ямаса көтериў илажлары көриледи.

    Ашығын айтыў керек, елимиздиң ыссылық тәмийнаты системасына 2017-жылға шекем дерлик итибар қаратылмағаны себепли, машқалалар топланып қалған еди. Ески қурылмалардың изинен басқарыўда автоматластырыў системасы жоқ болып кеткен. Мине, усы машқалалар избе-из сапластырылмақта. Буның ушын үлкен қаржы ажыратылып атыр. Әҳмийетлиси, системада бир нәрсе өзгерген - тийкарғы мақсет инсан тутыныўшылардың талапларын тәмийинлеўге қаратылып атыр. Буны қыстың ызғырығында да жыллы үйде отырған халықтың өзи де билип, сезип, тән алып атыр.

    Системада жылдан-жылға алдынғы, энергияны үнемлейтуғын технологияларды қолланыў көрсеткиши артып атырғаны жумыс нәтийжелилигин арттырмақта. Атап айтқанда, быйылғы мәўсимге таярлық даўамында насос қурылмаларына қосымша үскенелер орнатылып, қазанханалар толық автоматластырылды, заманагөй қубырлардан пайдаланылмақта. Бундай қубырлар газ шығынларын 7-8 проценттен 3-5 процентке азайтты. Бул да ыссылық энергиясын жеткерип бериўдиң сапасын және де арттырады.

    Газ орнына электр энергиясы: қашаннан әмел етеди?

    Үй ыссы, свет бәрқулла жанып турыўы да адамның күн даўамындағы кейпияты, жумыс нәтийжелилиги, ҳәттеки, басқалар менен қарым-қатнасына да тәсир етеди. Үйде свет өшип қалса, бирден тынышсызланамыз, себеби тек жақтылық емес, ал биз күнделикли пайдаланатуғын көпшилик техниканың ислеўи электр токине байланыслы. Әпиўайы ғана телефонды қуўатландыра алмасақ, қанша тынышсызланамыз. Ыссылық тәмийнаты да сондай, қыстың суўық күнинде үйимиз ыссы болмаса, мәўсимди өткериў ҳақыйқый азапқа айланады.

    Бирақ суйылтырылған газ тәбийғый дәрек болып, оның резерви мәңги емес. Ақылға уғрас, үнемлеп пайдаланылмаса, ақыры көринип қалыўы мүмкин. Ҳәзирше оның электр энергиясы сыяқлы қайта тикленетуғын, альтернатив дәреклери жоқ. Бирақ оның орнын электр энергиясы есабынан толтырыў мүмкин. Гәп жақында энергетика министри тилге алған ҳәм социаллық тармақларда шаўқым ҳәм додалаўларға себеп болған жаңа ысытыў стратегиясы ҳаққында бармақта.

    Усы жылдың 11-декабрь күни Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен гезектеги мәжилисте энергетика министри Жўрабек Мирзамаҳмудов буннан былай тәбийғый газдиң орнына электр энергиясы есабынан ысытыў системасына өтип барылатуғыны ҳаққында айтты.

    "Биз буннан былай көбирек электр энергиясы менен турақлы тәмийинлеў есабынан ысытыў бойынша өз алдына ислеўимиз керек. Норвегия газ бойынша ең бай мәмлекет, бирақ улыўма газде жылытпайды, толық электр энергиясы. Оларда суўық күнлер бизге қарағанда көбирек. Соның ушын электр энергиясында ысытыў дәўири ушын жеңиллетилген тарифлер енгизиў бойынша есап-санақ еттик. Қысқы мәўсимде толық электр энергиясы менен ысытыў ушын 2 мың киловатт/саат жетерли болады екен. Бул бойынша ҳәзир Экономика ҳәм қаржы министрлиги менен ислеп атырмыз", деди Ж.Мирзамаҳмудов.

    Министрдиң бул шығып сөйлеўи жәмийетшилик арасында бирден ҳәр қыйлы пикирлерди келтирип шығарды. Халық шаңарақлары басқышпа-басқыш газден электр энергиясына өткерилетуғыны ҳаққында гәплер тарқалды. Интернет тармақларында "Енди газдиң орнына да электр энергиясынан пайдалансақ, баҳа және де артып, тутыныў артыўы есабынан электр токы үзилислери көбейеди екен-дә" мазмунындағы наразылықлар ҳәўиж алды. Жаңа тәртип қашаннан ҳәм кимлер ушын әмел ететуғынын, оған қалай өтилетуғынын түсинбегенлер де көп.

    Усы сыяқлы ашық қалған сораўларға жуўап бериў мақсетинде Энергетика министрлиги стратегиялық реформа бойынша қосымша мәлимлеме жәриялады. Онда атап өтилиўинше, сырт еллерде турақ жайлар қурыўда тутыныўды толық электрлестириў ғалабаласып бармақта. Өзбекстанда да энергия тутыныў мәдениятын арттырыў, жаңадан қурылып атырған көп қабатлы турақ жайларды толық электрлестириў, аўқат писириў ушын электр плиталары менен тәмийинлеў, ысытыў системасын электр энергиясына өткериў ҳәм тәбийғый газ тармақларына жалғанбаған көп квартиралы турақ жайлар, жатақханалар ҳәм газлестирилмеген аймақлардағы ҳәўлилер ушын жеңиллетилген тарифлерди енгизиў бойынша есап-санақларға тийкарланған усыныслар ислеп шығылған.

    Жойбарға бола, газлестирилмеген көп қабатлы турақ жайлар, жатақханалар ҳәм аймақларда жасаўшы турмыслық тутыныўшыларға айлық тутыныў көлемине қарап ысытыў мәўсиминде 2000 киловатт/саатқа шекем, ысытыў мәўсиминен тысқары болса 1000 киловатт/саатқа шекемги бөлегине әмелдеги тарифке салыстырғанда 50 процентке шекем шегирме қолланыў нәзерде тутылмақта. Онда халық субсидияланатуғын баҳалардағы суйылтырылған газ, көмир ямаса тәбийғый газден пайдаланып атырған болмаўы керек.

    Яғный халықтың үйлериндеги ысытыў системасы толық электр энергиясына өткерилиўи режелестирилмекте. Энергетика министрлигиниң мағлыўматына бола, процесс басқышпа-басқыш әмелге асырылады. "Ҳәзирги ўақытта исленип атырған есап-санақлар ҳәм техникалық аудит жуўмағы бойынша улыўма жуўмақ қәлиплестириледи ҳәм соннан кейин усыныслардың әмелиятқа енгизилиўи тәмийинленеди", делинеди рәсмий билдириўде.

    Ашығын айтсам, халықтың күнделикли турмысында газ плиталары, электр токында ислейтуғын ысытыў қурылмаларынан пайдаланыўы жаңалық емес. Көплеген пайдаланыўшылар электр плиталар тәбийғый газ басымындай үлкен қуўатқа ийе емеслиги ҳәм жоқары көлемдеги электр энергиясын талап ететуғынын айтады. Бирақ кейинги жыллары бундай үскенелердиң орнын да жоқары қуўатлы, энергияны үнемлейтуғын әўладлары ийелемекте. Қалаберди, үйге ыссылық беретуғын қурылыс материаллары, жаңаша үскенелер, мәселен, әпиўайы ыссы пол квартираны жақсырақ ысытады. Қулласы, мәселениң өзине жараса плюс ҳәм минуслары бар.

    Бирақ өндирислик жағынан елимиздиң энергетика системасы соңғы жыллары дүнья тән алатуғын дәрежедеги көрсеткишлерге ерисип атырғанын да атап өтиў керек. Яғный Өзбекстан альтернатив энергия дәреклерин иске қосыў ҳәм олардан электр энергиясын алыў бойынша қысқа ўақытта үлкен тәжирийбе топлап, бул бағдарда жетекши мәмлекетлердиң қатарына кирди. Мағлыўматларға бола, бүгинги күнде елимизде улыўма қуўатлылығы 5 582 мегаватт болған қуяш ҳәм самал электр станциялары, 400 мегаваттлы гидроэлектр станциялары ислеп тур.

    Мәмлекетимиз энергетика системасына кейинги жыллары 35 миллиард доллар сырт ел инвестициясы тартылып, 9 мың мегаватт жаңа қуўатлықлар иске қосылған. Нәтийжеде елимизде электр ислеп шығарыў көлеми 2017-жылдағы 60 миллиард киловатт-сааттан усы жылы 85 миллиард киловатт-саатқа жеткен.

    Бул қуўатлықлар елимизде ислеп шығарылып атырған электр энергиясының көлемин еселеп арттырмақта. Соның ишинде, усы жылдың 8-декабрь жағдайына бола, Өзбекстандағы қуяш ҳәм самал электр станциялары тәрепинен ислеп шығарылған электр энергиясының көлеми 10 миллиард киловатт/саатқа жетти. Бул санлар халықтың үйлериндеги ысытыў системасын электрлестириў өзин ақлаўы мүмкин екенлигин көрсетеди.

    100 мегаваттлы жаңа қуўатлылық

    Ҳәзирги күнде санаат кәрханалары да әсте-ақырын альтернатив энергия дәреклеринен пайдаланыўға өтип атыр. Ҳәттеки ыссылық энергиясын ислеп шығаратуғын кәрханалар да тиккелей электр энергиясына байланысып атыр. Мәселен, Ташкент қаласында бир ўақыттың өзинде электр ҳәм ыссылық ислеп шығаратуғын бир қатар заманагөй когенерация қурылмалары иске қосылмақта. Олар халық ҳәм экономика объектлерин қыс мәўсиминде ыссылық ҳәм электр энергиясы менен турақлы және үзликсиз тәмийинлеўге хызмет етеди.

    Пайтахтымыздың Юнусабад районында усындай ири қуўатлылықтағы когенерация станциясы қурылып, пайдаланыўға тапсырылды. Усы жылдың 16-декабрь күни мәмлекетимиз басшысы Юнусабад районында болып, жаңа станцияның жумысы менен де танысты.

    Буннан сәл алдын бир топар журналистлер мине усы станцияда болған едик. Заманагөй талаплар тийкарында қурылған бул 4-жыллылық орайын елимизде ыссылық ҳәм электр энергиясын ислеп шығарыўдың жаңа басқышы, деп айтыў мүмкин. 100 мегаватт қуўатлылыққа ийе бул жойбар Қытайдың “CNTIC” компаниясы менен биргеликте 3,5 гектар майданда әмелге асырылған. Когенерация объектине Уллы Британияның “Rolls-Royce” компаниясының 70 дана газ-поршень үскенеси орнатылған.

    Орайда жылына 876 миллион киловатт/саат электр энергиясы ҳәм 858 мың гигакалория ыссылық энергиясы ислеп шығарылады. Жылына 35 миллион куб метр тәбийғый газ үнемленеди. Ең тийкарғысы, енди пайтахтымыздың Юнусабад, Алмазар, Шайхантаҳур, Мырза Улығбек ҳәм Яккасарай районларында жайласқан жәми 1 мың 846 объект турақлы ыссылық энергиясы менен тәмийинленеди. Олардың 1 мың 400 и халық шаңарағы, қалған бөлеги болса социаллық тараў объектлери болып есапланады.

    Яғный, бүгин халықтың саны менен бирге тутыныў талабы да барған сайын артып атырған шараятта тәбийғый газ ямаса электр энергиясы болыўына қарамастан, тутыныўшыларға үзликсиз жеткерип бериўде ең үнемли, оптимал шешимлерди қолланыў зәрүрликке айланған. Әлбетте, бул адамлардың турмыс абаданлығына да, қалтасына да зыян келтирмеген ҳалда әмелге асырылыўы тийкарғы норма болыўы керек.

    Электр энергиясы менен байланыслы жойбарлар болса дүнья бойлап кеңнен ен жаймақта. Оларды альтернатив энергия дәреклери есабынан қаплай алатуғын мәмлекетлер болса және де нәтийжели нәтийжелерге ериспекте.

    Ирода ТОШМАТОВА,

    "Янги Ўзбекистон" хабаршысы

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates