Соңғы жыллары елимизде қурылыс санааты жаңа басқышқа көтерилди. Бүгин ең шетки мәнзиллерден баслап ўәлаятлардың орайларына шекем үлкен қурылыс майданына айланды. Жақын жылларға шекем жазда шаң, қыста ылайға бататуғын көшелерге асфальт төселди. Ашынарлы ҳалға келип қалғаны себепли ҳәр еки күнде бир өшетуғын электр тармақлары жаңаланды. Ишимлик суў ҳәм газ тәмийнаты жақсыланды. Адамлардың абадан ҳәм толық жасаўы ушын не зәрүр болса, барлығы тәмийинленбекте. Бир сөз бенен айтқанда, заманагөй технологиялар ҳәм инновациялық қатнаслар тийкарындағы қурылыс индустриясы қәлиплести. Дөретиўшилик миллий экономикамыздың әҳмийетли драйверлеринен бирине айланды.
Соңғы сегиз жылда қурылыс жумысларының көлеми бир неше есеге артты. Бул көрсеткиш 2016-жылы 30 триллион сумды қураған болса, 2024-жылы дерлик 234 триллион сумға жетти. Усы жылы қурылыс жумысларының көлемин 254 триллион сумға жеткериў режелестирилген.
2017-жылы қурылыс кәрханаларында тек ғана 11 мың арнаўлы техника бар еди. Ҳәзир қурылыс шөлкемлеримиздеги арнаўлы техника қуралларының саны 44 мыңнан артты. Бул дөретиўшилеримиздиң қысқа ўақыт ишинде қандай үлкен нәтийжелерге ерискениниң және бир дәлили.
Халқымыздың өсип баратырған талап ҳәм мүтәжликлеринен келип шығып, 2024-жылы 100 мыңнан аслам квартираға ийе болған 2044 көп қабатлы турақ жай қурылды. Бүгинги күнде халықтың жан басына туўра келетуғын турақ жай көлеми 2020-жылдағы 16 квадрат метрден 19 квадрат метрге жетти. 56 аймақтағы "Жаңа Өзбекстан" массивлеринде болса қурылыс жедел даўам етпекте. Улыўма, усы жылы халқымыздың ықтыярына 135 мың үй тапсырылады. 2030-жылға шекем "Жаңа Өзбекстан" массивлериниң санын 100 ге жеткериў мақсет етилген.
2024-жылы елимизде 21,4 миллион квадрат метр турақ жай ҳәм 19,1 миллион квадрат метр турақ жай емес объект, жәми 40,5 миллион квадрат метр имарат-объектлер қурылды. 2025-жылы бул сан 45 миллион квадрат метрден артады.
Қурылысты хошаметлеў ушын 2024-жылы 17 триллион сум ипотека кредити ажыратылды, қурылысшы ҳәм девелоперлерге айланба қаржы ушын жәми 3 триллион сўм берилди. 2024-жылы қурылған 100 мың квартира есабынан жумысты бөлип алып ислеўшилер, басқарыў ҳәм сервис, қурылыс материаллары, транспорт сыяқлы тараўларда 350 мың адам жумыслы болды. Усы жылы 400 мың адамды усы тараўда жумыс пенен тәмийинлеў мақсет етилген.
Жаңа турақ жайлар, мәдений ҳәм социаллық объектлер, жол ҳәм инфраструктура қурылысы халқымыздың абадан турмысына хызмет етпекте.
Турақ жай қурылысында үлес ийеси сыпатында қатнасып атырған пуқараларымыздың ҳуқықларын қорғаў мақсетинде эскроу системасы енгизилди. Бул арқалы исенимли девелоперлер базары қәлиплеспекте.
Пайтахтымызды раўажландырыў ҳәм халықтың турмыс абаданлығын арттырыў мақсетинде ири жойбар басламасы алға қойылды. Яғный "Жаңа Ташкент" жойбарын әмелге асырыўға кирисилди. Бүгинги күнде бул жойбар шеңберинде 20 мың гектар майданда 2 миллион халық ушын қолайлы инфраструктура жаратыў жумыслары раўажланған мәмлекетлердиң компаниялары менен биргеликте әмелге асырылмақта.
Ҳәзирги ўақытта жойбардың биринши басқышы - 6 мың гектар майданда 600 мың халыққа мөлшерленген қурылыс жумыслары жедел пәтлерде даўам етпекте.
Ҳәзирги ўақытта Жаңа Ташкент қаласы қурылысының биринши басқышында Өзбекстан Миллий китапханасы, Жаңа Өзбекстан университети, Әлийшер Наўайы атындағы халықаралық илимий-изертлеў орайы, музейи ҳәм қәнигелестирилген мектеп ҳәм мақом орайы, Низамий атындағы Ташкент мәмлекетлик педагогикалық университети, мәмлекетлик хызметкерлер ушын турақ жай комплекслери сыяқлы ири имарат ҳәм обеъктлер бой тиклемекте.
Әлбетте, турақ жайлар менен бир қатарда социаллық тараў обеъктлери де қурылмақта. Мектепке шекемги ҳәм улыўма орта билим бериў тараўы обеъктлерин заман талаплары тийкарында қурыў ушын Инфраструктураны раўажландырыў инжиниринг компаниясы шөлкемлестирилди. 2025-жылы усы компанияның буйыртпасы менен 567 билимлендириў объектинде қурылыс-оңлаў жумысларын әмелге асырыў режелестирилген.
Басқа тараўлар қатарында қурылыс тармағында да дәўир талабы тийкарында санластырыў процеси жедел раўажланбақта ҳәм бул жумыслар избе-из даўам еттириледи. Тараўда 30 дан аслам мәлимлеме системасы енгизилди. "Ашық-айдын қурылыс" миллий мәлимлеме системасында 22 мәмлекетлик хызмет санластырылғаны нәтийжесинде артықша қағазпазлық ҳәм әўерегершиликлерге шек қойылмақта. Тендер платформасының енгизилиўи себепли инсан факторының араласыўы сапластырылып, ашық-айдынлық ҳәм ашық бәсеки орталығы қәлиплестирилди.
Мәмлекетимиз қурылыс тараўының ҳуқықый, материаллық-техникалық базасы беккемленди. Республикамыздың барлық аймақларында алдынғы технология ҳәм көз-қараслар тийкарында жумыс алып баратуғын жаңадан-жаңа қурылыс шөлкемлери пайда болды. Бүгинги күнге келип олардың саны 30 мыңға жетти ҳәм қурылыс материалларын ислеп шығарыўшы 12 мың кәрхана жумыс баслады. 2023-жылы шөлкемлестирилген Компетенцияны раўажландырыў институты арқалы тараўдың 11 мың ўәкили тәжирийбе арттырды.
Бүгин қала қурылысы тараўында жаңа дәўир басланды, десек дурыс болады. Енди бас режелер ислеп шығылғаннан соң геомәлимлеме системасына жайластырыў ушын санластырылмақта. Атап айтқанда, 2024-жылы 146 қала қурылысы ҳүжжети санластырылды. 2025-жылы бул көрсеткишти 180 ге жеткериў режелестирилген.
Тараўға заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын кеңнен енгизиў арқалы қурылыс процесслериниң барлық басқышларында жәмийетлик қадағалаўды күшейтиў, сапа ҳәм нәтийжелиликти арттырыў мақсетинде алдынғы сырт ел тәжирийбесин үйренген ҳалда қурылысты қадағалаў механизми қайта көрип шығылды.
Енди қадағалаў инспекциясы өз жумысын толық санластырған ҳалда жумыс алып барады. Обеъктлерде жумыслардың барысын техникалық, авторлық ҳәм мәмлекетлик қадағалаў тәрепинен күнлик тексерип барыў механизми және реал ўақыт режиминде бақлаў имканияты жаратылды. Нәтийжеде сапа талабы және де күшейтилди ҳәм жол қойылған кемшиликлерди өз ўақтында сапластырыў тәмийинленбекте.
Қурылыста баҳаларды қәлиплестириў ҳәм обеъктлердиң смета баҳасын анықлаў да электрон системаға өткерилмекте. Буның ушын Қурылыс ресурслары миллий классификаторы жаратылды. Бул платформаға 200 мың қурылыс материалы ҳәм жумыс түри киргизилди.
Өзбекстан дөретиўшилери ҳәм тараў хызметкерлери Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң 34 жыллығына мүнәсип саўғалар таярламақта. Елимиздеги жаңаланыўларда, абат ҳәм заманагөй көриниске ийе болып атырған мәнзиллерде тараў хызметкерлериниң үлеси шексиз. Өйткени, елимиздиң раўажланыўына үлес қосып атырған ҳәр бир қурылысшы өзиниң кәсиби ҳәм жумысынан мақтаныш сезимин сезеди.
Шерзод ҲИДОЯТОВ,
Қурылыс ҳәм турақ жай коммунал
хожалығы министри









