Бул мақалада әйне усы мәселе, яғный жаңа Өзбекстанды жаратыў әллеқашан улыўмахалықлық ҳәрекетке айланып үлгергени ҳаққында пикир жүргиземиз.
Жәмийетти басқарыўдың улыўма усыллары
Мәмлекетти әдил, ақылға муўапық ҳәм халық мәплерине сай басқарыўдың әсирлер даўамында қәлиплескен ҳәм дүнья мәмлекетлери ушын эталон сыпатында қабыл етилген улыўмалық тәреплери бар. Халық мәплерин максимал дәрежеде сәўлелендиретуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер топламын жаратыў ҳәм олар жәрдеминде мәмлекетти басқарыў мине усы улыўма нызамлылықлардың ең әҳмийетлилеринен болып табылады.
Бул ҳүжжетлер дизимине конституция, нызамлар, парламент қарарлары, президент пәрманы, қарар ҳәм бийликлери, ҳүкимет қарарлары, министрликлер, мәмлекетлик комитетлер ҳәм уйымлардың буйрықлары ҳәм қарарлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының қарарлары киреди.
Жәмийетти басқарыўда нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерден тысқары стратегия, концепция, бағдарлама, илаж сыяқлы ҳүжжетлердиң де әҳмийети жүдә үлкен. Олар қабыл етилген нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер тийкарында сиясий, социаллық, экономикалық, мәдений, руўхый процесслерди басқарыўдың анық ҳәм мәнзилли жолларын белгилеп береди.
Усы шараятлар бар болса, жәмийет өз-өзинен раўажланып
бара бере ме?
Дүньяның жүдә көп мәмлекетлериниң тәжирийбеси жәмийетти басқарыўдың улыўма усылларын жаратыўдың өзи мәмлекеттиң жедел раўажланып кетиўи ушын жетерли емеслигин көрсетпекте. Мәмлекетлердиң үлкен бөлеги еле раўажланған жәмийет қура алмағанлығының ең тийкарғы себеплеринен бири мине усы жағдай менен түсиндириледи.
Қараң, ҳәзирги ўақытта дүнья жәмийетшилиги тәрепинен ғәрезсизлиги рәсмий тән алынған ҳәм БМШқа ағза 195 суверен мәмлекет бар. Олардың үлкен бөлеги халықтың жан басына жаратылып атырған жалпы ишки өнимниң көлеми ҳәм инсан раўажланыўы көрсеткишлери бойынша өз халқына абадан турмыс дәрежесин жаратып бере алмай атыр. Халықаралық валюта фондының есап-санақларына бола, 2024-жылдың октябрь айы жағдайында дүньяның 41 мәмлекети ҳәм аймағы раўажланған мәмлекетлер дизимине кирди.
Ал, раўажланған мәмлекетлер қатарына кире алмаған 154 мәмлекеттиң үлкен бөлегинде де жәмийетти басқарыўдың жәҳән стандартларына сәйкес келетуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлери жаратылған. Буннан тысқары, олардың көпшилигинде жәмийеттиң сиясий, социаллық, экономикалық, мәдений, руўхый тәреплерин нәтийжели басқарыў мақсетинде стратегия, концепция, бағдарлама, илажлар да таярланады ҳәм олар әмелиятқа енгизиледи.
Хош, барлық зәрүр ҳүжжетлер жаратылған болса да бир қатар мәмлекетлер неге раўажланбай атыр? Бул жағдайдың тийкарғы себеби сонда, мәмлекетлер бәркамал жәмийет курыўдың улыўма стандартларын әйтеўир пайдаланып, жақсы нәтийжеге ерисиўи қыйын. Яғный ҳәр бир мәмлекет дүньяның раўажланған еллеринде топланған улыўма тәжирийбе тийкарында өз мәмлекети ҳәм халқына тән болған өзгешеликлерди итибарға алған ҳалда раўажланған жәмийет қурыўдың өзине тән усылларын жаратыўы керек.
Президентимиз мәмлекетти нәтийжели басқарыў, экономиканы турақлы раўажландырыў ҳәм халқымызға жоқары турмыс дәрежесин жаратыў жолында терең ҳәм пуқта ислеп шығылған өзине тән мектеп жаратты. Бул мектептиң ең әҳмийетли тәрепи сонда, онда мәмлекетти басқарыў процеси улыўма халықлық иске айландырылды.
Пайтахтта турып орынлардағы машқалаларды көриў қыйын...
Мәмлекетимиз басшысы буның ушын, бәринен бурын, бурынғы аўқам дәўиринде басланып, 2016-жылға шекем ҳүким сүрген дерлик "жабық жәмийет" сиясатын бийкар етти ҳәм мәмлекетимизди дүньяға, дүньяны болса бизге ашып берди. Халқымыздың өз пикирин ашық ҳәм еркин билдириў имканияты жаратылды.
Президентимиз елимизде адамлар менен тосқынлықсыз жыл даўамында турақлы қарым-қатнасты әмелге асырыў системасын жаратты. Усы мақсетте Өзбекстан Республикасы Бас министриниң виртуал қабыллаўханасы, кейин ала Президенттиң халық қабыллаўханалары шөлкемлестирилди, Президент ҳәм басқа да басшылар аймақларда халық пенен ашық пикирлесиўлер өткериўди баслады.
Виртуал ҳәм халық қабыллаўханалары, халық пенен жанлы ушырасыўлар жәмийетимиз турмысының барлық тараўларында ҳақыйқый жағдай қандай екенин анық көриў имканиятын жаратты. Мүрәжатлар арқалы ҳәмде жанлы ушырасыўларда пуқаралар усы ўақытқа шекем шешилмей киятырған машқалаларын Президентимизге тиккелей жеткериўи нәтийжесинде ҳәм олар тез шешиле баслады.
Қабыллаўханаларға келип түсип атырған арзалар өз ҳалына таслап қойылып атырған жоқ, керисинше, басшылықтың турақлы итибарында тур. Президентимиздиң сөзи менен айтқанда, бул бағдарда бизиң тийкарғы мақсетимиз "Халық қабыллаўханаларына етилген ҳеш бир мүрәжат итибардан шетте қалмайтуғын система жаратыўдан ибарат.
Барлық буўынлардағы басшылардың жумысы олар адамлардың тәшўишлерин қай дәрежеде шешетуғынына байланыслы орталық жаратылды. Барлық уйым ҳәм шөлкемлерде "Пуқаралар қабыллаўханалары" шөлкемлестирилди.
Мәмлекетлик хызметлер агентлиги дүзилди ҳәм усы жол менен халықтың бир ҳүжжет алыў ушын бир қатар уйымларда сергиздан болып жүриўи сыяқлы биймәни жағдайға шек қойылды. 10-15 мәкемеден айлап әўере болып жыйналатуғын ҳүжжетлеримизди усы бир шөлкемнен алатуғын болдық. Адамлар арзасын айтыў ушын уйымларға емес, әмелдарлар халықтың дәртин тыңлаў ушын оның алдына баратуғын болды. Булар да басшылар ҳәм халықтың санасын кескин өзгертип жиберди. Ҳәмел ийелери негизинде халықтың хызметкери болыўы кереклигин түсине баслады. Усы жоллар менен жәмийетти басқарыўда халық тиккелей қатнаса баслады.
2025-жыл 16-июнь күни мәмлекетимиз басшысы әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжелилиги, аймақларда жумыслардың барысы, халықты ойландырып атырған мәселелерге шешим табыў бойынша өткерген видеоселектор мәжилисинде де Халық қабыллаўханаларының жумысын буннан былай да жетилистириў илажларын усынды.
Стратегиялардың дөретиўшиси халық болды
Мәмлекетимизди раўажландырыў ҳәм реформаларды және де тереңлестириў бойынша қабыл етилип атырған барлық қарарларға халық оның дөретиўшиси сыпатында қатнасыўы енгизилди. Мәселен, Шавкат Мирзиёев Президентликке сайланғанынан кейин барлық нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер қайта көрип шығылды ҳәм олар жаңа Өзбекстанды қурыў көзқарасынан жетилистирилди.
Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасын 2017-2021-жылларда раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы атамасындағы уллы ҳәм кең көлемли илажлардан ибарат ҳүжжет ислеп шығылды. Бул стратегияны турмысқа енгизиў мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстың барлық тараўларын түп-тийкарынан реформалап, жәмийетимизди, халқымызды пүткиллей өзгертип жиберди. Оның жәрдеминде жаңа Өзбекстанды қурыўдың зәрүр сиясий-ҳуқықый, социаллық-экономикалық ҳәм илимий-ағартыўшылық тийкарлары жаратылды.
Нәтийжеде мәмлекетимизде жәмийетимиз раўажланыўының кейинги басқышына өтиў зәрүрлиги пайда болды. Яғный халқымыздың турмыс дәрежесин және де арттырыў, экономика тармақлары менен тараўларын трансформациялаў ҳәм исбилерменликти жедел раўажландырыў, инсан ҳуқықлары менен мәплерин сөзсиз тәмийинлеў және белсенди пуқаралық жәмийетин қәлиплестириўге қаратылған реформалардың тийкарғы бағдарларын белгилеў мақсетинде 2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы ҳәм "Өзбекстан - 2030" стратегиясы ислеп шығылды.
Бул ҳүжжетлер ғалаба хабар қуралларында кең жәмиечиликтиң додалаўынан өткерилди ҳәм онда билдирилген пикир-усыныслар тийкарында жетилистирилди.
Социаллық-экономикалық процесслерди басқарыўда аймақларға сапарлардың әҳмийети
Өзбекстан Президенти мәмлекетти басқарыў әмелиятына және бир оғада үлкен жаңалық киргизди. Яғный мәмлекет социаллық-экономикалық раўажланыўды шөлкемлестириў ҳәм басқарыў процесинде бүгин дүньяда жаңа ҳәдийсе сыпатында тән алынып атырған усылды ойлап тапты.
Бул усылдың мәниси сонда, белгили бир ўәлаяттың социаллық-экономикалық процесслерин басқарыў бойынша тийисли пәрман ҳәм қарарлар, жойбарлар Ташкентте, кабинетлерде емес, аймақлардың өзинде жергиликли шөлкемлердиң ўәкиллери, халық ҳәм исбилерменлер менен биргеликте ислеп шығылады. Онда сапарға таярлық көриў ҳәм оны өткериў даўамында жуўапкер шөлкемлер тәрепинен жүзлеген оғада үлкен баҳалы жойбарлар таярланбақта. Бул жойбарларды әмелге асырыў аймақтың социаллық-экономикалық раўажланыўына үлкен түртки бермекте ҳәм халықтың турмыс дәрежесин сезилерли дәрежеде жақсылаўға хызмет етпекте.
Дурыс, тән алыў керек, раўажланған мәмлекетлерде социаллық-экономикалық процесслердиң өзин-өзи басқаратуғын системасы жаратылған ҳәм биз де жақын арада усы жолға өтемиз. Бүгин болса бул сапар етиўлер ўақтында Президентимиз жәмийетимизди басшылардың санасын өзгертиў, оларды халыққа жақынластырыў, процессте кең халық массасының қатнасыўын тәмийинлеў арқалы әне усындай система жаратыўға таярламақта. Әпиўайыластырып айтқанда, мәмлекетимиз басшысының ўәлаятларға сапарларына таярлық көриў ҳәм оны өткериў әмелияты министрликлер, уйымлар ҳәм ҳәкимликлердиң басшылары ҳәм қәнигелери ушын мәмлекетти социаллық-экономикалық басқарыўдың Президентимиз жаратқан заманагөй усылларын үйрениўдиң өзине тән мектеби ўазыйпасын атқармақта және басқарыўда улыўмахалықлық қатнасыўды тәмийинлемекте.
Жағдайды орнында үйрениў ҳәм баҳалаў - аймақларды раўажландырыўдың әҳмийетли қуралы
Аймақлардың социаллық-экономикалық раўажланыўы бойынша нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди таярлаў процесинде жағдайды орнында үйрениў ҳәм баҳалаўдың әҳмийети жүдә үлкен. Мәмлекетимиз басшысы бул мәселеге оғада үлкен итибар менен қарамақта.
Сонлықтан, ўәлаятлардың социаллық-экономикалық процесслерин басқарыў бойынша тийисли ҳүжжетлерди салқын кабинетлерде отырып таярлаўдың орнына, машқалаларды тиккелей орнында анықлаў ҳәм оларды сапластырыў бойынша илажларды аймақлардың ўәкиллери менен биргеликте ислеп шығыў тәртиби енгизилди.
Бул процессте Экономикалық изертлеўлер ҳәм реформалар орайы, Макроэкономикалық ҳәм аймақлық изертлеўлер институты, министрликлер, уйымлар ҳәм ҳәкимликлердиң ўәкиллери биргеликте орынларға барып, халық ҳәм исбилерменлер менен ушырасып, машқалаларды үйренбекте ҳәм олардың шешимлери бойынша усыныслар таярламақта.
Бул усылдың басқалардан артықмашлық ҳәм абзаллық тәреплери жүдә көп. Себеби министрлик ямаса шөлкем басшысы қаншелли потенциаллы ҳәм ҳәттеки дүньяның ең абырайлы университетинде ең зор профессорлардан билим алып келген болмасын, кабинетинде отырып шетки аўыллардың машқалаларын дурыс анықлай алыўы, иш-ишинен түсиниўи, сезиўи қыйын. Сонлықтан, сапар етиўден бир неше күн алдын министрликлер ҳәм шөлкемлердиң басшылары ўәлаятларға жол алады, тармақ ҳәм тараўлардың объектлерин өз көзи менен көреди, машқалаларды анықлайды ҳәм тийисли қәнигелер ҳәм аймақлардың ўәкиллери менен бирге жағдайды оңлаў бойынша зәрүр илажлар ислеп шығады.
Жаңа усыллардың өмиршең екенлигин турмыс көрсетпекте!
Мәмлекетти басқарыўдың Президент алға қойған усыллары нәтийжели ҳәм өмиршең екенлиги елимиздиң 2016-2025-жыллар даўамындағы турақлы раўажланыўы ҳәм, әсиресе, халқымыздың турмыс дәрежесин арттырыў бағдарында ерисилип атырған жетискенликлерде айқын көзге тасланбақта.
Итибар бериң, 2017-жылдан баслап елимизде жалпы ишки өнимниң көлеми дәслепки жыллары 5 проценттен жоқары (коронавирус пандемиясына байланыслы шеклеўлер тәсиринде 2020-жылы тәбийий түрде төменлеў жүз берди), соңғы жылларда болса 6,3-6,5 процент әтирапында өспекте.
Халықтың жан басына есапланған жалпы ишки өнимниң көлеми де турақлы түрде жоқары пәтлер менен өсип бармақта. Мәселен, 2021-жылы ол 5,9 процент, 2022-жылы 3,8 процент, 2023-жылы 4,1 процент, 2024-жылы 4,4 процентке артты.
Бундай көрсеткишлерге ишки ҳәм сыртқы ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў есабынан мәмлекет экономикасының жедел пәтлер менен өсиўин тәмийинлеў арқалы ерисилмекте. Онда сырт ел инвестицияларының салмағы да үлкен болмақта. Мәселен, 2017-жылдан берли экономикамызға барлық дәреклер есабынан 188 миллиард доллар инвестиция киргизилген болса, оның 87 миллиард доллары сырт елге туўра келеди. Тек ғана 2024-жылы экономикаға киргизилген инвестиция көлеми 1,3 есеге көбейип, 36 миллиард доллардан артты. Соның есабынан 2024-жылы қосымша 70 триллион сумлық қун беретуғын 560 ири ҳәм орта жойбар иске қосылды.
2025-жылдың биринши ярым жыллығының дәслепки нәтийжелери де экономика турақлы өсип атырғанын көрсетпекте. Соның ишинде, санаат 6,4, экспорт 18, тиккелей сырт ел инвестициясы 46 процентке артты. Баҳасы 3 миллиард долларлық 2,5 мыңнан аслам жаңа өндирис қуўатлылығы жумыс баслады. Нәтийжеде 2 миллион 400 мың адам мүнәсип дәрамат пенен тәмийинленди.
Жаңа Өзбекстан инвестиция киргизиў ушын тартымлы мәмлекетке айланды. Ташкентте усы жылы 9-12-июнь күнлери өткерилген төртинши Халықаралық инвестициялық форумда 100 ге шамалас мәмлекеттен 8 мыңнан аслам бизнес ўәкиллери ҳәм инвестор, сондай-ақ, 3 мыңнан аслам сырт ел мийманларының қатнасқаны да соннан дәрек береди. Форумда баҳасы 30,5 миллиард долларлық меморандум ҳәм келисимлер дүзилди.
Жаңа Өзбекстанды қурыў пәтлери және де артыўы ушын барлық экономикалық тийкарлар жаратылып атырғанын көриў мүмкин.
Бизиң соңғы мақсетимиз, жолымыз анық. Президентимиздиң атап өткениндей, Өзбекстанда жаңа Ояныў дәўири, яғный Үшинши Ренессанс тийкарын жаратыўды өзимизге тийкарғы мақсет етип белгиледик.
Жаңа Ренессанс тийкарын жаратыў бағдарындағы реформаларымыз жәмийетлик турмыстың барлық тараўларын түп-тийкарынан өзгертип, әлле қашан өз жемисин бере баслады. Яғный халқымызда өз турмысын өзгертиў, бәринен бурын, өзиниң ис-ҳәрекетлерине байланыслы екенине исеним пайда болды.
Соны толық исеним менен айтыў мүмкин, жаңа Өзбекстанды қурыў әллеқашан улыўмахалықлық иске айланып болды. Уллы мақсетке ерисиў ушын пүткил миллет, жәмийетимиздиң барлық ағзалары оянған ҳәм аўызбиршилик пенен биргеликте ҳәрекет етпекте. Миллий ояныў болса миллий раўажланыўға, бәркамал ҳәм абадан жәмийет қурыўға беккем тийкар жаратады.
Одил АЛИМЖАНОВ,
Экономикалық изертлеўлер ҳәм реформалар орайы бас илимий хызметкери, экономика илимлери докторы, профессор