Себеби шахстың дәслепки руўхый тийкарлары әйне 3-6 жаста қәлиплеседи. Баланың дүньяға қарасы, әдеп-икрамлылық түсиниклери, өзин-өзи аңлаў ҳәм жәмәәтте бирге ислесиў қәбилети усы дәўирде жүзеге келеди. Демек, мектепке шекемги билимлендириў тек мектепке таярлаў емес, ал миллий ҳәм руўхый тийкар жаратыўдың дәслепки басқышы.
Мәмлекетимиз басшысының усы жыл 5-февральдағы "Мектепке шекемги билимлендириў ҳәм тәрбия системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы пәрманы ҳәм Министрлер Кабинетиниң усы жыл 28-январьдағы "Үзликсиз билимлендириў системасында жасларды миллий қәдириятларға садықлық ҳәм ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў нәтийжелилигин арттырыў бағдарламасын тастыйықлаў ҳаққында"ғы қарарында билимлендириў сиясатының стратегиялық бағдарлары, "Миллий тәрбия модели"н жаратыў ҳәм оны билимлендириў системасының барлық буўынларында избе-из енгизиў белгилеп берилген.
Бир жыллық мектепке таярлаў топарларын улыўма орта билимлендириўдиң дәслепки басқышы сыпатында енгизиў билимлендириўде үзликсизликти тәмийинлеўге қаратылғаны менен әҳмийетли. Бул басқышта бала мектеп орталығына бейимлесип, жуўапкершилик, интизам ҳәм социаллық белсендилик сыпатларына ийе болып барады. Ең әҳмийетлиси, онда миллий өзликке байланыслы дәслепки түсиниклер пайда болады.
Бул бағдарда жадид ағартыўшылары тәрепинен алға қойылған идеялар, әмелге асырылған реформалар елеге шекем әҳмийетлилигин жоғалтқан жоқ. Олар билимлендириў миллет раўажланыўының тийкарғы факторы екенин аңлаған ҳалда жаңа усыл мектеплерин ашып, балаларға заманагөй илим менен бирге миллий билимлендириў ҳәм миллий руўхты да сиңдириўге қатаң ҳәрекет етти.
Абдулла Авлонийдиң пикиринше, әдеп-икрамлылық, ақыл ҳәм физикалық жетикликтиң үйлесимли раўажланыўы ушын "тәрбияны туўылған күннен баслаў керек". Бүгин миллий тәрбия модели әйне усы принципке сүйенеди. Сонда бала билимли болыў менен бирге, жоқары тәрбия ийеси ҳәм руўхый шахс сыпатында камалға келеди.
Мектеп - миллет тәғдирин белгилейтуғын муқаддес орын, ой-пикир бағы. Миллетти раўажландыратуғын бирден-бир жол болса билим ҳәм ағартыўшылық болып есапланады. Сонлықтан, баланың пикирлеў қәбилетин ерте раўажландырыў, еркин пикирлеў ҳәм жуўмақ шығарыўға үйретиў жадид бабаларымыз шын кеўилден әрман еткен тийкарғы ўазыйпа болған. Бул идеялар мектепке шекемги билимлендириў мазмунын байытыўда шешиўши методологиялық тийкар сыпатында тән алынбақта.
Бала дүньяны, бәринен бурын, ойын арқалы көреди. Усы тәрептен мектепке шекемги билимлендириў процесинде ҳәр қыйлы темадағы ойынлар, сораў-жуўап шынығыўлары, дөретиўшилик тапсырмалар ҳәм топар талқылаўларынан нәтийжели пайдаланыў үлкен әҳмийетке ийе. Бул усыллар балада тек билим алыў емес, ал пикирлеў, пикир жүргизиў ҳәм өз көзқарасын еркин билдириў көнликпесин де тәрбиялайды.
Жәҳән тәжирийбеси көрсетип атырғанындай, мектепке шекемги билимлендириўде балаларға ўатансүйиўшилик ҳәм миллий мақтаныш идеялары мәртлик ҳәм жақсылық тымсаллары арқалы сиңдириледи, тәрбия процеси болса ибратлы ўақыялар менен байытылады. Усы жол менен миллий мақтаныш түсиниги агрессивликтен жырақ, руўхый раўажланыў түринде көринеди. Мәселен, Германияның мектепке шекемги билимлендириўинде итибарға ылайық "Киши пуқара" демократиялық тәрбия модели әмел етеди. Онда бала тәрбия объекти емес, ал актив қатнасыўшысы сыпатында қаралады. Бақшаларда "Балалар кеңеси" шөлкемлестирилип, әпиўайы қарарлар балалардың қатнасыўында қабыл етиледи. Усы тәризде оларда жуўапкершилик ҳәм қәдириятларға ҳүрмет қәлиплеседи, өзин-өзи аңлаў процеси тезлеседи.
Елимизде де жадид ағартыўшыларының өмир жолы ҳәм идеяларын мектепке шекемги билимлендириў процесине инновациялық қатнаслар тийкарында интеграциялаў имканиятлары жетерли дәрежеде кең. Мәселен, "Ағартыўшылық қаҳарманы" ямаса "Тафаккур бақша" сыяқлы демократиялық тәрбия моделлерин енгизиў балалар қәлбинде саламат миллий мақтаныш ҳәм саналы пуқаралық миннетин және де күшейтиўге хызмет етеди. Сондай-ақ, билимлендириў процесинде "Киши кеңес" сыяқлы ҳәптелик додалаўларды жолға қойыў балаларды еркин пикирлеў ҳәм сәўбетлесиўге шақырады. 10-15 минутлық қызғын сәўбетлер себепли олар өз пикирин билдириўди, басқаларды тыңлаўды үйренеди.
"Мениң пикирим әҳмийетли" мүйеши болса балаға сениң өз даўысың бар екенине исеним береди. Сонда ол сүўрет салса да, белги қойса да, бәрибир оның нәзери, айтқан пикирлери итибардан шетте қалмайды. "Әдиллик қутышасы" болса келиспеўшиликлерди тоспай, ашық-айдын додалаў мәдениятын беккемлейди. Бул арқалы бала әдалат, келисим ҳәм өз-ара ҳүрмет түсиниклерин тәбийғый түрде өзлестиреди. Бундай қатнаслар мектепке шекемги билимлендириўди әпиўайы күтим системасынан бала шахсын тәрбиялайтуғын руўхый-ағартыўшылық орталыққа айландырады. Баланың пикирлеў қәбилети өсип, дүньяға қозқарасы барған сайын кеңейип барады.
Миллий тәрбия модели ҳаққында сөз етилер екен, оның теориялық тийкарларын әмелият пенен байланыстырыў мәселеси айрықша әҳмийетке ийе. Бул процесте оқыў-методикалық тәмийинлеў, тәрбияшылардың қәнигелиги ҳәм билимлендириў орталығының мазмун байлығы шешиўши фактор есапланады.
Ўатанды сүйиў - қуры сүрен емес. Ол инсанның ҳәр бир сөзи ҳәм әмеллеринде көринетуғын жоқары руўхый минез-қулық. Бала тәбиятты қәстерлеп сақлаў арқалы ўатанды аңласын, үлкенлерге ҳүрмет арқалы миллий мәдениятты сезсин, жақсы оқыў арқалы елге пайда келтириў мүмкин екенлигин терең аңласын. Әне сонда ўатан сүйиўшилик туйғысы тәбийий түрде жүзеге шығады.
Бүгинги глобал мәлимлеме орталығында миллий қәдириятлар жаслықтан сиңдирилмесе, бала санасында руўхый бослық жүзеге келиўи мүмкин. Демек, мәлимлеме тезлиги, глобал тәсирлер ҳәм идеологиялық бәсеки күшейген заманда баланың руўхый иммунитетин ҳәр қашанғыдан да ерте қәлиплестириў кешиктирип болмайтуғын зәрүрлик болып табылады. Бул иммунитет болса қадаған ҳәм шеклеўлерсиз, беккем миллий тийкарға сүйенген ҳалда жүзеге келеди. Жадидлер мийрасы мине усындай тийкарлардан бири бола алады. Сонлықтан, жадидлер мийрасы тийкарында мультфильмлер, аудиоертеклер, интерактив ойынлар ҳәм электрон ресурслар жаратыў оғада пайдалы болады. Булардың барлығы дурыс бағдарланса, бала тез қабыллайды.
Тәлим-тәрбия үйлесимли алып барылыўы ушын шаңарақ ҳәм мектеп бирге ислесиўи ең әҳмийетли элементлерден бири болып есапланады. Ата-ана ҳәм тәрбияшы бирден-бир мақсет жолында ҳәрекет етсе, күтилген нәтийжеге ерисиледи. Соның ушын мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде де ата-аналар менен руўхый-ағартыўшылық ушырасыўлар, ашық сабақлар ҳәм биргеликтеги илажларды жолға қойыў мақсетке муўапық болады.
Балалар тәрбиясында тәрбияшының шахсы ҳәм кәсиплик шеберлиги шешиўши орын тутады. Оның сөйлеўи, кийиниўи, қатнасы ҳәм әдеби балалар ушын өзине тән бийбаҳа сабақ ҳәм жасырын сабақлық болып есапланады. Егер тәрбияшы миллий қәдириятларға терең ҳүрмет пенен қатнаста болса, бала да сол руўхта тәрбияланады.
Егер баланың нәресте қәлбинде илимге муҳаббат, ўатанға садықлық ҳәм белсенди турмыслық түсиник қәлиплессе, ол ертең мәмлекеттиң раўажланыўына үлес қосатуғын жуўапкершиликли шахс болып өсиўи сөзсиз. Усы көзқарастан қарағанда, бүгинги мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми де бала қәлбинде дәслепки пуқаралық сезимин оятатуғын орталыққа айланыўы зәрүр. Себеби, бала "мен усы елдиң перзентимен" деген әпиўайы, бирақ терең мәниге ийе сезимниң дәслепки белгилерин сезсин.
Абдурауф Фитрат пикирлеўди раўажландырыўды миллет раўажланыўының бас факторы, деп билди, баланы таяр қәлипке салыўды емес, ал оның қәлби ҳәм санасында ғәрезсиз пикир ушқынын жағыўға умтылды. Себеби еркин пикирлейтуғын әўлад ғана жаңа жәмийетти қура алады. Сонлықтан, мектепке шекемги билимлендириў мине усы идеялар тийкарында шөлкемлестирилсе, тәрбия процеси әпиўайы көнликпелерди сиңдириў менен шекленип қалмастан, бала шахсының ишки потенциалын кеңнен ашатуғын, оны еркин ҳәм саналы пикирлеўге жетелейтуғын қүдиретли күшке айланады.
Махмудхожа Беҳбудий көз қарасында билимлендириў миллетти жәҳән раўажланыўы менен үнлес ететуғын, оның тәғдирин белгилейтуғын стратегиялық фактор еди. Оның көзқарасларынан миллий тәрбия заманагөйликтен шетте қалмаўы, керисинше, дәстүр ҳәм жаңаланыў үнлеслигинде камалға келиўи керек екенлиги түсиниледи. Балалардың қәлбинде миллий қосықлар жаңлаўы менен бирге, заманагөй мәлимлеме технологияларынан саналы пайдаланыў мәденияты да қәлиплессе ғана келешек әўлад бәсекиге шыдамлы және жоқары мәнаўиятлы инсан болып камалға келеди.
Мектепке шекемги билимлендириў ҳаққындағы ҳәр бир пикир ҳәм усыныс - бул миллет келешеги ҳаққындағы қайғырыў болып есапланады. Себеби бақшада айтылған ҳәр бир сөз, өткерилген ҳәр бир сабақ, берилген ҳәр бир ибрат бала қәлбинде из қалдырады. Ол усы излер тийкарында өзин аңлайды, өз жолын таңлайды, өз журтына мүнәсибетин қәлиплестиреди.
Жадидлер ушын мектеп келешек устаханасы еди. Бүгин мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери мине усы устахананың биринши басқышына айланыўы керек. Себеби бийик имаратлар беккем тырнақсыз қурылмағанындай, руўхый бәркамал жәмийет те жоқары тәрбиясыз ҳәм беккем билимсиз раўажланбайды.
Өзбекистан Қаҳарманы, устаз Ибраҳим Гафуровтың төмендеги ибратлы пикирлери миллий тәрбия ушын жүдә әҳмийетли: "Ең жақсы миллий тәрбия - бул улыўма инсаныйлық тәрбия да. Ғәрезсиз Өзбекстанда миллий тәрбияның әне усындай жолы тийкар етип алынбақта. Бизде миллий тәрбияның жүдә абырайлы тәжирийбе мектеплери бар. Бул мектеплерде тынымсыз үйрениў ҳәм тынымсыз оқыў лазым".
Егер биз бүгин мектепке шекемги билимлендириўде жадидлердиң мийрасын мазмуны ҳәм руўхый жақтан қоллансақ, ертең жәмийетте руўхый бослық емес, ал ағартыўшы ҳәм жуўапкершиликли әўлад камалға келеди. Миллий тәрбия модели қағазда қалып қоймастан, жас әўлад қәлбинде жасай басласа, әне сонда реформалардың нәтийжеси айқын көринеди. Соның ушын да мектепке шекемги билимлендириў - әпиўайы басқыш емес. Бул миллет келешеги басланатуғын ноқат болып есапланады. Бул жердеги ҳәр бир жумыс айдын келешекке тасланған беккем ҳәм исенимли қәдем болып есапланады.
Ҳабиб АБДИЕВ,
Мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери директоры ҳәм
қәнигелерин қайта таярлаў ҳәм олардың
маманлығын арттырыў институты проректоры