Экономика ҳәм қаржы министрлиги, Салық комитети ҳәм Орайлық банктиң "Жумыс бериўшилер тәрепинен пуқаралардың жеке топланып барылатуғын пенсия есап бетлерине мәжбүрий топланып барылатуғын пенсия төлемлерин есаплаў ҳәм төлеў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықлаў ҳаққында"ғы қоспа қарары қабыл етилди.
Жумыс бериўши юридикалық шахслар өз хызметкерлериниң пенсия есап бетлерине, усы юридикалық шахс хызметкер ушын тийкарғы жумыс орны есапланыўы ямаса ол орынбасарлық тийкарында ислеўи ямаса пуқаралық-ҳуқықый шәртнама бойынша жумысларды орынлаўына қарамастан, мәжбүрий топланып барылатуғын пенсия төлемлерин киргизиўге мәжбүр.
Төлемлер пенсия есап бетлерине физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығын төлеў менен бирге физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығын төлеў ушын белгиленген мүддетлерде ажыратылады.
Бул тийисли төлем тапсырмасы жәрдеминде әмелге асырылады ҳәм онда аманатшының реквизитлери, өткериў мақсети, өткерилип атырған топланып барылатуғын пенсия төлемлериниң суммасы, "Халық банки"ниң тийисли филиалына жиберилетуғын реестрдиң номери ҳәм сәнеси көрсетиледи.
Жумыс бериўши ҳәр айда есап берилетуғын айдан кейинги айдың 15-күнине шекем төлемлер өткерилген ҳәр бир төлем ҳүжжетиниң суммасына бөлек, белгиленген тәртипте ҲЖБПҲ санлары, ҳәр бир хызметкердиң фамилиясы, есапланған мийнет ҳақы ҳәм топланып барылатуғын пенсия төлемлериниң суммасы көрсетилген ҳалда хызметкерлердиң реестрлерин электрон ҳүжжет сыпатында қәлиплестирип, тийисли Халық банки филиалына электрон дереклерде усыныўы яки оны ЯИДХП жеке "исбилерменлик субъекти кабинети" арқалы жибериўи керек.
Халық банки ҳәр күни Салық комитетине пенсия төлемлериниң түсимлери ҳаққындағы хабарды усынады.