Мәмлекетимиз турмысының барлық тараўларында кең көлемли реформалар әмелге асырылып, жәмийетти жаңалаў жолында түпкиликли өзгерислер жүз бермекте. Бул ийгиликли әмеллер диний ҳәм миллий қәдириятларымызды және де жоқарылатыўда да әҳмийетли орын ийелемекте.
Тарийхый естеликлер, муқаддес зыярат орынларының абаданластырылыўы, мешит ҳәм медреселердиң жумысының жолға қойылыўы, өзбек халқы ҳәм Өзбекстанда жасаўшы түрли миллет ўәкиллериниң миллий ҳәм диний мәресимлери, сондай-ақ, дәстүрий байрамларының өткерилип атырғаны буның айқын дәлийли болып есапланады.
Итибарлы тәрепи, кейинги жыллары Өзбекстан пуқаралары ушын Ҳаж квотасы 3 есеге арттырылып, Умра зыяратына квоталар толық бийкар етилди. Уллы бабаларымыздың диний-ағартыўшылық потенциалын дүньяға танытыў мақсетинде Өзбекстан халықаралық ислам академиясы, Өзбекстан ислам цивилизациясы орайы, Имам Бухарий, Имам Мотуридий, Имам Термизий халықаралық илимий-изертлеў орайлары шөлкемлестирилип, өз жумысларын көрсете баслады.
Сенаторлар тәрепинен мақулланған Нызам ҳәм Концепция менен пуқаралардың ҳүждан еркинлиги ҳуқықын тәмийинлеў ҳәм Өзбекстан Республикасы дүньялық мәмлекет екенлигине байланыслы конституциялық қағыйдаларды әмелге асырыўға және диний тараўдағы мәмлекетлик сиясаттың мақсети, ўазыйпалары, принциплери, тийкарғы бағдарлары ҳәм оларды әмелге асырыў механизмлери белгиленбекте.
Сондай-ақ, бул ҳүжжет пенен белгиленетуғын тийкарғы ўазыйпалардың орынланыўы үстинен нәтийжели парламентлик қадағалаўды әмелге асырыў мақсетинде парламентлик комиссия шөлкемлестирилиўи нәзерде тутылмақта, деп хабар бермекте Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.
Концепцияның қабыл етилиўи диний кеңпейиллик ҳәм конфессиялараралық татыўлықты тәмийинлеўге тийкарланған қатнасықлар моделин раўажландырыўдың шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый тийкарларын жетилистириўге, жәмийетте татыўлық, социаллық аўызбиршилик ҳәм тилеклеслик орталығын беккемлеўге хызмет етеди.
Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.