Узақ ўақыттан берли мектептеги бос жерден өнимли пайдаланыў үстинде изленип жүрген директорды ең биринши гезекте суў мәселеси ойландыратуғын еди. Ақыры бул жақын әтирапта ағын суўдың өзи жоқ. Буннан тысқары, мектеп ҳәўлиси киши болса екен, азғана суў менен машқаланы шешип қойса. Негизинде Дийқанабад районының көпшилик аймағына ағын суў келмейди. Жаңа егилген теректи келеге келтириўдиң өзи қыйын. 97-мектеп имаратының қурылғанына да еле көп ўақыт болған жоқ. Қурылыстан қалған аймақты тазалап, жерди егиске таярлап алыўдың өзи болмады. Буның ушын үлкен мийнет жумсалды.

Жаңа жерде бир нәлди көгертириўдиң өзи болмайды. Өткен жылы мектеп ҳәўлисинде биринши мәрте отырғызылған нәллердиң көпшилигин жаздың ыссысынан сақлап қалыў аңсат болған жоқ. Имканият дәрежесинде көмек салып, шелеклеп суў қуйған жағдайлар болды. Сол себепли кексе бағманлардың мәсләҳәтине қулақ салып, ықлымға сай нәллерди егиўге ҳәрекет етилмекте. Бул болса өз нәтийжесин бермей қоймайды. Атап айтқанда, жәмәәтте мийнет етип атырған Жума ата Баратовтың бағшылықта тәжирийбеси үлкен. Оның нәсиятларына қулақ асқан адам кем болмайды. Ҳәўлидеги жасыллық та оның усынысы тийкарында болғаны анық.

Усы жылы "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары шеңберинде директор тек ғана терек егиў емес, ал усы процессте жаңа идеяларын әмелге асырыўға да киристи. Дәслеп өткен жылы ноябрь айында мектеп ҳәўлисиндеги ашық жерди жақсылап сүрип, егиўге таярлады. Соннан кейин мийўели тереклер туқымын алып келди. Өзи бас болып, жақсы нийет пенен жерге қадады. Есап-санақ бойынша, несип етсе, еки-үш жылда саррас жигирма мың нәл жетилиўи керек. Егер буны ақшаға есапласа, кеминде үш жүз миллион сум болады.

Ҳәзирше мийўели нәл туқымы онша көп жерди ийелеген жоқ. Еле ашық майдан көп. Жердиң бос қойғаннан гөре, оннан өнимли пайдаланған абзал. Қалған жерге геўрек егиўди нийет етти. Районда бул бойынша қәнигелер жетерли. Тәжирийбели дийқаннан туқым алып, жақында егиўди баслап жиберди.

- Ҳәммесин кимдур ислеп береди, деп қарап отыра беретуғын заман емес, - дейди мектеп директоры Шерзод Менглиев. - Бүгин умтылып атырған адам ҳәр бир тараўда алдынғы қатарда. Ең әҳмийетлиси, ериншекликти жыйнастырып, умтылсаңыз кем болмайсыз. Көп ўақыттан берли билимлендириў мәкемемиздиң ҳәўлисинен қосымша дәрамат алыў дәрегин излеп жүр едим. Нәл жетистириўди жолға қойыўды режелестирдик. Буның ушын, биринши гезекте, мийўели терек нәллери жетистирилетуғын бағ жараттық. Ҳәзир егилген туқым өнип шыға баслады. Буннан тысқары, "Жасыл мәкан" шеңберинде бир қанша саяманлы ҳәм мийўели терек нәллерин де егип шықтық. Енди олардың арасына геўрек тухымын сеўип атырмыз. Районымызда геўрек жетистириўде тәжирийбеге ийе адамлар көп. Және бир тәрепи, ықлымға сай. Тараўдың көпшилик жетекшилериниң көрсетпелерине тийкарланып, әйне геўрек нәлин жетистириўди мақсет еткенбиз. Көплеген аймақларымызда геўрек плантациялары қурылмақта. Соның ушын, оның нәлине талап жоқары. Ҳәзир шамалаўымыз бойынша жерге шашылған туқымнан 200 мың дана нәл көгерип шығады. Еки жылда таяр болатуғын нәлдиң данасын орташа 2 мың сумнан сатыўымыз мүмкин. Ҳәзирги ўақытта мектеп ҳәўлисиниң алпыс сотыхтан аслам жерине геўрек егилди.

Дәслеп көпшилик исенбеген еди. Бүгин болса директордың басламасы мектеп жәмәәти тәрепинен де қоллап-қуўатланбақта. Бул жойбар ертеңги күнде қосымша дәрамат алып келиўи ҳеш кимде гүман қалдырмай атыр. Соның менен бирге, усы жылы егилген тереклерди тәрбиялаўға да имканият жаратылды.

- Көп жыллардан берли бағшылық пенен шуғылланып келемен, - дейди мектеп жумысшысы Жума ата Баратов. - Басқа аймақларды билмедим-дә, биз жақларда бир нәўшени қолға киргизиў әдеўир қыйын. Себеби, ығаллық жүдә аз. Топырағымыз қумлы. Соның ушын аўыр мийнет талап етеди. Әлбетте, әтирап жасыллыққа бөленсе, бәршемиз ушын жақсы. Буған биз де өз үлесимизди қолымыздан келгенше қосыўға ҳәрекет етип атырмыз. Өткен жылы еккен тереклеримиздиң толық көгерип кетиўине еристик. Ҳәзир билимлендириў орнымыздың әтирапын көрген адамның көзи қуўанады.

Бүгинги ҳәрекетлер қысқа ўақытта нәтийже көрсете баслайды. Мектеп директорының режесине бола, жақын еки-үш жылда дәрамат үш жүз-төрт жүз миллион сумнан асып кетеди. Қосымша ислеп табылған қаржылар болса, бәринен бурын, қәбилетли оқыўшыларды хошаметлеўге бағдарланады. Соның менен бирге, кем тәмийинленген шаңарақлардың перзентлерин оқыў қураллары менен тәмийинлеў, айырым мүтәж питкериўши жаслардың жоқары билимлендириўде оқыўы ушын контракт пулларын төлеп бериўге жумсалады.

- Оқыўшыларымыз арасында билимге қуштар, зийреклери оғада көп, - дейди Ш.Менглиев. - Ўәлаятлық ҳәм республикалық таңлаўларда, пән олимпиадаларында турақлы қатнасып, сыйлы орынларды қолға киргизип келеди. Ислеп табылған дәраматтың бир бөлегин оқыўшылардың басқа қалаларда болатуғын таңлаўларда қатнасыўы ушын жол қәрежетлерине де жумсаў белгиленген. Сондай-ақ, белсенди муғаллимлерди бәрқулла қоллап-қуўатлап барыў, мектеп стипендиясын шөлкемлестириў режемизде бар. Келешекте имканият жарата алсақ, баслаўыш класс оқыўшыларымыз ушын мектепте бийпул түсликти енгизиў мақсетимиз бар. Жойбарымызды басқышпа-басқыш әмелге асыра берсек, өзимиз ушын имканиятлар есиги ашылып бара береди.

Итибар берген болсаңыз, бул билимлендириў дәргайы басшысының басламасынан ибрат аларлық тәреплери көп. Бизди қызықтырғаны болса бул жерде суўды үнемлеўди қолайлы усылда жолға қойып алғаны болды. Жоқарыда атап өткенимиздей, аймақта ағын суў машқала. Бирақ дәрилик өсимликти, қалаберди, тереклерди суўғарыў ушын турмыс суўының орны үлкен. Буның әпиўайы усылы болса жәмәәт жумысын аңсатластырғаны анық. Яғный мектептиң артқы тәрепинде 100 тонналық ҳәўиз бар. Оны арнаўлы машиналарда суў тасып толтырыў үлкен қәрежетке түсиўи анық. Бийминнет жаўын суўы болса бул ушын ең қолайлы жол. Ҳәзир мектеп тарнаўларынан түсип атырған жаўын-қар суўлары тиккелей ҳәўизге қаратылған. Суў сақлағыш толтырылғаннан соң, ўақыт келип жаўынлатып суўғарыў үскенелери арқалы егислик майдан толық суўғарыла баслайды.

Ҳақыйқатында да, 97-мектеп жәмәәтиниң басламасы басқа да улыўма билим бериў мәкемелеринде енгизилетуғын болса, биринши гезекте, бүгин үлкен қаржы жумсалып сатып алынып, егилген нәллер ертең ҳеш қандай машқаласыз бой тиклейтуғыны анық. Буннан тысқары, қосымша дәрамат табыў да мүмкин.

      Акбар РАҲМОНОВ,

 “Янги Ўзбекистон” хабаршысы