Бул жарыста республикамыздың барлық аймақларынан командалар қатнасып, жеңимпазлық ушын өз-ара кескин гүрес алып барды.

Қызғын беллесиўлер толы болған жарыс жуўмағында, ер балалар арасында биринши орынды, Нөкис қаласының жас гандболшылары жеңип алыўға миясар болды.

Сыйлы екинши ҳәм үшинши орынлар болса, Шымбай ҳәм Тақыятас районлары спорт мектеплериниң тәрбияланыўшыларына несип етти.

Ал, қызлар арасында өткерилген жарыс жуўмағында болса, биринши ҳәм екинши орынларды Республикалық спорттың ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика спорт түрлерине қәнигелестирилген спорт мектебиниң командалары жеңип алыўға еристи.

Жарысқа пуқта таярлықлар көрген Шымбай районы спорт мектеби командасы үшинши орынға мүнәсип деп табылды.

– Бул жарысты өткериўднен тийкарғы мақсет, 2026-жылы өткерилетуғын “Жаңа Өзбекстан Олимпиада шоққылары” спорт жарысларына қәбилетли спортшыларды анықлап, республикамыздың сайланды командасын дүзиў болып есапланады, – дейди Қарақалпақстан Республикасы Спорт министрлигиниң Мәлимлеме хызмети бас қәнигеси Дүрдана Оразбаева.

Өткерилген жарыс соңында жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом ҳәм медальлар менен сыйлықланды.

 

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшы.