Бул өзгерислер мол ҳәм абадан турмыс кешириўимизге имканият жаратпақта. Бирақ турмысымызды абат, өмиримизди жарқын етип атырған бул қолайлықлар ана тәбияттың кризисине себеп болып атырғаны ашынарлы. Себеби, санааттың жедел раўажланыўы артынан планетамыздың экологиялық турақлылығына айрықша зыян жеткерди.

Тиришилигимиздиң әҳмийетли дереги болған суў, ҳаўа, топырақ патасланбақта ҳәм тәбийғый резервлер азайып бармақта. Бул машқалалардың шешимин табыў ушын инсаният санаат ҳәм техника раўажланыўының сондай жолларын ашыўы керек, бул жоллар инсанияттың ўайран болыўы емес, ал келешеги ушын хызмет етиўи керек.

БМШ басламасы менен бул бағдарда дүнья көлеминде көплеген жойбарлар әмелге асырылмақта. Экологиялық турақлылықты турақластырыў, глобал климат өзгериўиниң унамсыз тәсирлерин жумсартыў бойынша халықаралық конвенциялар қабыл етилип, орынланыўын тәмийинлеў илажлары көрилмекте.

"Өзбекстан - 2030" стратегиясының тийкарғы бағдары да әне усындай ийгиликли мақсет - келешек әўладларға турақлы, қәўипсиз, абадан дүньяда жасаў имканиятын бериўге қаратылғаны менен әҳмийетли болып есапланады. Кейинги жыллары бул бағдарда кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Жаңа редакцияда қабыл етилген Конституциямызда инсанның қолайлы қоршаған орталыққа болған ҳуқықы өз алдына бапта беккемленди. Мәмлекеттиң қоршаған орталықты жақсылаў, тиклеў ҳәм қорғаў, экологиялық турақлылықты сақлаў бойынша ўазыйпаларды әмелге асырыў миннетлемелери белгилеп қойылды.

Усы тийкарда экологиялық нызамшылық жетилистирилип, көплеген бағдарлама ҳәм жойбарлар әмелге асырылмақта. Бул процессте экономикалық өсиўдиң ресурсларды үнемлеўге тийкарланған "жасыл" раўажланыў моделине өтиў тийкарғы ўазыйпа етип белгиленген. Усы мақсетте быйылғы жыл "Қоршаған орталықты сақлаў ҳәм "жасыл экономика" жылы" деп жәрияланды ҳәм мәмлекетлик бағдарлама ислеп шығылып, әмелге асырылмақта.

Мәмлекетлик бағдарлама шеңберинде суў, ҳаўа, топырақ тазалығын сақлаў, суўды үнемлеў, тәбийғый турақлылықты сақлаў, жер асты ҳәм жер үсти байлықларынан ақылға уғрас пайдаланыў, жасыл аймақларды кеңейтиў бойынша избе-из жумыс алып барылмақта. Атап айтқанда, "Жасыл мәкан" бағдарламасы шеңберинде қалалар аймағының кеминде 30 процентин көклемзарластырыў, аўыл хожалығында суўды үнемлейтуғын технологияларды 100 процент енгизиў нәзерде тутылған. Жедел пәтлерде өсип баратырған экономикамыздың энергетикаға талабын толық қанаатландырыў ушын "жасыл" қуўатлықлар қурылмақта. 2030-жылға шекем қайта тикленетуғын энергия үлесин 54 процентке жеткериў режелестирилген.

Бул бағдарда гөзленген нәтийжелерге ерисиўде санаат кәрханаларын заман талаплары тийкарында модернизациялаў ҳәм экологиялық таза технологияларға өткериў үлкен әҳмийетке ийе. Бул системадағы бир қатар кәрханалар елеге шекем атмосфераны патасландырыўда тийкарғы дәреклерден бири болып қалмақта. Соның ишинде, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятында атмосфераға тәсири жоқары болған 1233 санаат кәрханасы жумыс алып бармақта. Оларды модернизациялаў бүгинги күнниң әҳмийетли талабы болып есапланады.

Быйылғы жылғы мәмлекетлик бағдарламада мине усындай әҳмийетли экологиялық машқалаларды шешиў бағдарында әҳмийетли илажлар белгиленген. Атап айтқанда, 2025-жыл 1-майдан баслап Ташкент ҳәм Нөкис қалалары және ўәлаят орайларында экологияға тәсири жоқары болған жаңа өндирислик жойбарларды әмелге асырыў қадаған етилди. Буннан мақсет халық көп жасайтуғын қалалардың экологиясын қорғаў, тәбияттың тазалығын сақлаў болып табылады.

Экология машқаласы аймақ ямаса регион таңламайды. Сонлықтан, тәбийғый теңсалмақлылықты сақлаўға бағдарланған жойбарларды кең көлемде әмелге асырыў талап етиледи. Соннан келип шығып, барлық аймақларда тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў, санитариялық ҳәм экологиялық жағдайды жақсылаў жумыслары орынланбақта. Бул процессте санаат кәрханалары ҳәм өндирис тармақларын модернизациялаў ҳәм таза экологиялық раўажланыў механизмлерин енгизиўге айрықша итибар қаратылмақта. Министрлер Кабинетиниң "Санаат кәрханаларының қоршаған орталыққа унамсыз тәсирин азайтыўды тәмийинлеў илажлары ҳаққында"ғы қарары бул бағдардағы жумысларда әҳмийетли қолланба болмақта. Қарарға муўапық, атмосфера ҳаўасы патасланыўы фон мониторингин әмелге асырыў ушын автоматластырылған киши станциялар орнатылмақта.

Қоршаған тәбийғый орталықты патасландырыўшы дәреклердиң мониторингин сапалы алып барыў ушын экологияға тәсири бойынша I ҳәм II категорияларға тийисли хожалық жүргизиўши субъектлерге ҳаўаға шығатуғын шығындыларды таллайтуғын автомат мониторинг станциялары орнатылды. Жоқары нәтийжели шаң-газ тазалаў үскенелери ҳәм локал суў тазалаў имаратлары қурылып, барлары модернизацияланбақта. Санитариялық қорғаў зоналары автомат стационар бақлаў постлары менен үскенеленбекте.

Өткен ўақыт даўамында жер астынан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў ҳәм оны қорғаў, минерал шийки зат ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыўды тәмийинлеў, сондай-ақ, аймақларда заманагөй санаат өндирисин шөлкемлестириў ушын шараятлар жаратыў бойынша бир қатар комплексли илажлар мақсетли әмелге асырылды. Жер астын комплексли геологиялық үйрениў, узақ келешекке мөлшерленген минерал шийки зат базасын раўажландырыў ҳәм қайта ислеп шығарыў бағдарламаларын нәтийжели әмелге асырыў тараўында мәмлекетлик сиясатты жүргизиў бойынша бирден-бир геология хызмети шөлкемлестирилди.

Ташкент ўәлаятында атмосфера ҳаўасына тасландылар муғдарында да санаат кәрханаларының үлеси жоқары. Сонлықтан, экологиялық жойбарларды әмелге асырыўда усы машқалаларға шешим табыўға айрықша итибар қаратылмақта. Атап айтқанда, атмосфера ҳаўасына тәсир етиўши 2000 нан аслам деректиң жумысы қадағалаўға алынған.

Ўәлаятлық Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи басқармасының мағлыўматына бола, усы мақсетте ўәлаятта жумыс алып барып атырған 272 исбилерменлик субъектинде атмосфераға тийкарғы турақлы патасландырыўшы дәреклерден шығатуғын шығындыларды таллайтуғын автомат мониторинг станциялары, санитариялық қорғаў зоналарында автомат станционар бақлаў постлары және жоқары нәтийжелиликке ийе шаң-газ тазалаў үскенелерин орнатыў белгиленген. Бүгинги күнде кәрханалардың 34 инде жоқары нәтийжелиликке ийе шаң-газ тазалаў үскенелери орнатылды ҳәм 13 и модернизацияланды.

Мысал ушын, "Алмалық кән-металлургия комбинаты" АЖ өндирислик кәрханаларында аспирция ҳәм вентиляция системалары оңланды. Шаң-газ тазалаў үскенеси ҳәм самаллатыў системасының нәтийжелилигиниң төменлеўине жол қоймаў арқалы атмосфераға 120 тонна патасландырыўшы заттың тасланыўының алды алынды. "Аммофос-Максам" АЖда да оңлаў жумыслары орынланған ҳәм атмосфераны патасландырыўшы элементлер шығарылыўын азайтыўға ерисилген.

Ыссыхана хожалықлары, санаат кәрханалары, қурылыс материалларын ислеп шығарыў ҳәм социаллық тараў объектлериниң жумысында, сондай-ақ, жанылғы-энергетика ресурсларынан пайдаланыўда атмосфераға шығарылып атырған түтин, шаң ҳәм зәҳәрли газлердиң муғдарын азайтыў қадағалаўға алынған. Арнаўлы жумысшы топар ағзалары тәрепинен бул бағдарда тийисли объектлерде хатлаў өткерилип, профилактикалық жумыслар алып барылмақта. Бул процессте атмосфера ҳаўасына тасландылар белгиленген нормалардан артық тасланған жағдайлар анықланғанда, нызамшылық талапларына муўапық тийисли илажлар көрилмекте.

Атап айтқанда, морыдан пайдаланыў қағыйдаларын бузған 39 ыссыхана ийесине ҳәкимшилик жәриймалар қолланылды, 33 ниң жумысы тоқтатылып, 292 си бойынша экологиялық талапларға муўапықластырыў бойынша рәсмий ескертиў берилди.

Ҳаўаны патасландырыўшы және бир дәрек - автотранспорт қуралларынан шығып атырған ийис газиниң қоршаған орталыққа унамсыз тәсирин азайтыў мақсетинде еки басқышлы "Таза ҳаўа" илажы өткерилмекте. Бул илаждың биринши басқышында 35 мыңнан аслам автотранспорт қуралы тексериўден өткерилди. Айлықтың екинши басқышында және 35 мың автотранспорт қуралы тексериўден өткерилиўи режелестирилген.

Және бир әҳмийетли экологиялық жойбар - қоршаған орталыққа тәсири бойынша I-II категорияларға киретуғын ири санаат кәрханалары тәрепинен "жасыл белбеўлер" қурылып атырғаны да өз нәтийжесин бермекте. Ташкент ўәлаятында жумыс алып барып атырған усы категорияға тийисли 173 ири санаат кәрханасы әтирапына 1 миллион 210 мың түп терек нәли егилип, "жасыл белбеў"лер жаратыў режелестирилген еди. Ҳәзирге шекем 760,7 мың түп нәл егилди. Бул жумыслар гүз мәўсиминде даўам еттириледи.

Баҳор ХИДИРОВА,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы