Онда студентлердиң социаллық-руўхый орталығын саламатландырыў, диний кеңпейиллик ҳәм миллетлераралық татыўлықты беккемлеў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Илаж даўамында ишки тәртип-қағыйда ҳәм әдеп-икрамлылық қағыйдаларына әмел етиўдиң әҳмийети атап өтилип, студентлер арасында жоқары мәнаўият ҳәм мәдениятты қәлиплестириў бойынша өз-ара пикир алысты. Сондай-ақ, студент-жаслардың кийиниў мәдениятына әмел етиўи, ҳәр түрли диний жат идеяларға берилиўдиң алдын алыў ҳәм бос ўақытларын мазмунлы өткериў мәселелери додаланды.
Ушырасыў жуўмағында жаслар жетекшилери студентлер арасында саламат социаллық орталықты қәлиплестириў, олардың билим алыўға болған қызығыўшылығын арттырыў ҳәм ҳәр қандай унамсыз ағымлардан қорғаў бағдарында өзлериниң усынысы менен басламаларын алға қойды. Илаж қатнасыўшылары бул мәселелер бойынша өз-ара пикир алысып, жаслардың тәлим-тәрбиясы туўралы буннан былай да тығыз бирге ислесиў бойынша алдағы ўазыйпалар белгилеп алынды.
Гулсанем Аминова,
ҚМУдың Журналистика қәнигелиги 2-курс студенти
Қарақалпақстан хабар агентлиги.