баннер
17 Apr 2025
10:02

    Жаслар турмыста дурыс жолды таңлаўы керек

    14 Fevral 2025 103

    Ҳәзирги ўақытта орынларда оқыўшы жаслар арасында олардың елимизге пайдалы кәмил инсанлар болып жетилисиўин тәмийинлеў мақсетинде тийисли тараў ўәкиллериниң қатнасыўында руўхый-мәдений, үгит-нәсият илажлары ҳәм ушырасыўлар өткерилмекте.

    Мойнақ районындағы Тикөзек аўыл пуқаралар жыйынында жайласқан районлық улыўма орта билим бериў бөлимине қараслы 7-санлы мектепте те Мойнақ районы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими тәрепинен Миллий гвардия бөлими хызметкерлери менен биргеликте үгит-нәсиятлаў илажлы өткерилди.

    Мектептиң жоқары класс оқыўшылары арасында өткерилген илажда сөзге шыққанлар келешегимиз болған жасларға тәртип-интизам, тазалық, ийбелик ҳаққында, сондай-ақ, кәсип-өнер үйрениўдиң зәрүрлиги, китапқумарлықты ен жайдырыў, кийиниў әдебин сақлаў ҳәм басқа да мәселелер бойынша пайдалы мәсләҳәтлерин берди.

    Мектепте өткерилген илажда Мойнақ районы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлиминиң баслығы Б.Жамалова оқыўшылардың сабаққа қатнасы, кийиниў мәденияты, тәртиби, әдебий китапларды көп оқыўы, Президентимиз тәрепинен жасларға, әсиресе, ҳаял-қызларға жаратылып атырған имканиятлардан утымлы пайдаланыўы бойынша түсиниклер берди.

    Сондай-ақ, питкериўши класс оқыўшыларына ерте турмыс қурмай, оқыўды питкерип жоқары мағлыўматлы болып өзлери қәлеген кәсиптин маманы болыўына шақырды.

    Илажда қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.


    Телеграм каналымыз
    Text to speech