Жавоҳир Синдоров Магнус Карлсенди жеңди

    Германияның Вейссенхаус қаласында өтип атырған шахмат бойынша “Freestyle Chess Grand Slam” халықаралық турниринде Жавоҳир Синдоров артта қалған бес турдан 4 еўинде жеңиске ерискен болса, 1 турда теңбе-тең есапланды.

    Сыйлық қоры 750 мың АҚШ долларынан ибарат турнирде Жавоҳир Синдоров 1-турда германиялы Винсент Каймерден, 2-турда америкалы Левон Ароняннан, 3-турда словениялы Владимир Федосеевтен ҳәм 5-турда бурынғы жәҳән чемпионы норвегиялы Магнус Карлсенданды жеңди.

    4-турда Жавоҳир Синдоров әмелдеги жәҳән чемпионы Гукеш Доммаражу менен ушырасыўы теңбе-тең жуўмақланды.

    Бүгин күн даўамында 6, 7, 8, 9-тур ойынлары болып өтеди.

    Жавоҳир Синдоров бул турларда Хикару Накамура, Фабиано Каруана, Алиреза Фирузжа ҳәм Нодирбек Абдусатторов пенен ушырасады.

    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates