Өзбекстанда ҳаял-қызлар исбилерменлиги халықаралық дәрежеде жоқары баҳаланды

    Бизнес 24 қараша 2025 527

    Түркия пайтахтында Түркия палаталары ҳәм товар биржалары аўқамы тәрепинен дәстүрий түрде шөлкемлестирилетуғын "Ҳаял-қызлар исбилерменлигиниң күши" жыллық таңлаўы болып өтти.

    Илажда Өзбекстан Саўда-санаат палатасы делегациясы да қатнасып, еки мәмлекет арасындағы исбилерменлик байланысларын және де беккемлеўге қаратылған бир қатар әҳмийетли ушырасыў ҳәм сөйлесиўлер өткерди, деп хабар бермекте "Дунё" МА.

    Ашылыў мәресиминде Түркияның шаңарақ ҳәм социаллық хызметлер министри Махинур Өздемир Гёкташ ҳаял-қызлар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў, олардың экономикалық белсендилигин арттырыў, экономикалық жумысқа кеңнен тартыўға қаратылған жаңа бағдарламаларды әмелге асырыў әҳмийетли екенин атап өтти.

    Анкарадағы абырайлы илажда қатнасқан Өзбекстан компаниялары жоқары баҳаларға еристи ҳәм еки номинация бойынша жеңимпаз болды.

    "Ҳаял-қызлардың бәнтлигинде ең көп өсимге ерискен компания" номинациясы бойынша «Artatex» компаниясы (Хорезм ўәлаяты) жеңимпаз деп табылды. Кәрхана ишки ҳәм халықаралық базарда өз жумысын табыслы кеңейтип, бәринен бурын, ҳаял-қызлар ушын жумыс орынларын жаратыўда үлкен нәтийжелерди көрсетпекте.

    "Исбилермен ҳаял-қызлар қатнасыўындағы ең жедел раўажланып атырған компания" номинациясында «Miss Lighting» компаниясы (Ташкент ўәлаяты) жеңимпаз болды. Шөлкем қысқа ўақыт ишинде жоқары өсиў пәтлери, инновациялық қатнас ҳәм ҳаял-қызлардың өндирис ҳәм басқарыў процесслериндеги қатнасын және де арттырыўға қаратылған стратегиясы менен ажыралып турады.

    Түркия Палаталары ҳәм товар биржалары аўқамының баслығы Рифат Ҳисоржиқлиўғли ерисилген жетискенликлер Өзбекстанда ҳаял-қызлар исбилерменлигин раўажландырыў бағдарындағы кең көлемли реформалар, қоллап-қуўатлаў механизмлери ҳәм избе-из мәмлекетлик сиясаттың нәтийжелерин айқын сәўлелендиретуғынын атап өтти.

    Илаж шеңберинде Өзбекстан Саўда-санаат палатасы делегациясы Түркияның аймақлық бизнес бирлеспелери ҳәм Саўда-санаат палаталары менен ушырасыўлар өткерди. Сөйлесиўлерде ҳаял-қызлар исбилерменлигин раўажландырыўға жәрдемлесиў, бәнтликти арттырыў, биргеликтеги бизнес басламалар, инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў, экспорт тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери додаланды.

    Тәреплер биргеликтеги оқыў бағдарламаларын қоллап-қуўатлаў, өнимлердиң экспорт каналларын раўажландырыў, стартап басламаларды қоллап-қуўатлаў, Өзбекстан ҳәм Түркия арасында ҳаял-қызлар бизнес-форумларын турақлы өткерип барыўға келисип алып, бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеўге таяр екенин билдирди.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates