Халық тәрепинен аукцион саўдалары арқалы сатып алынған жерлерде "Бир контур - бир өним" принципи тийкарында өним жетистириў жумыслары ғалаба ен жайды. Усы күнге шекем, ҳәкимлик резервине алынған 338 гектар жер майданлары электрон онлайн аукцион саўдаларына шығарылды.
Бизиң мәҳәлле пуқаралар жыйынында 15 гектар майданда мазалы мәкке егиў жолға қойылып, жетистирилген өнимлер жетекши исбилерменлер тәрепинен сатып алынбақта. Мәселен, жумыссыз ҳаял-қызлар категориясына кирген Хуршида Қўчқороваға 20 сотих егислик майданы жеңиллетилген аукцион саўдалары арқалы ажыратып берилип, жетекши исбилерменлердиң жәрдеминде туқым, минерал төгин, техникалар жеткерип бериў жолға қойылғаны ҳәр тәреплеме нәтийже берди. Бул бағдарда "Беназир Иқбол Мирзо" жуўапкершилиги шекленген жәмийети менен тығыз бирге ислесиўди жолға қойыў есабынан, бир мәўсимниң өзинде 30 миллион сумнан аслам дәрамат алынды, шарўа маллары ушын от-жем топланды. Егинлерден босаған майданларға "тоқсанбасты" усылында овош егинлери егилди.
Бул усылда жумыс алып барыў ҳәр тәреплеме пайдалы болып атыр. Бурын жетистирилген өнимди сатыўда ҳәр қыйлы қыйыншылықларға дус келген болса, енди атыздың өзинде сатып алынып атыр.
Халқымыздың тийкарғы бөлеги ыссыхана, шарўашылық, қусшылық сыяқлы бағдарларда жумыс ислейди. Қыйтақ жерде ыссыхана хожалығын жүргизиў мәҳәллемиздиң драйвер тараўына айланып бармақта. Усы күнге шекем дийқаншылық, шарўашылық, қусшылық тармақларын раўажландырыў жойбарлары ушын 700 миллион сумнан аслам кредит ажыратылды.
Мийнеткеш қыйтақ жер ийелери үш мәўсимде помидор, қыяр, чеснок жетистирип, дәрамат алады. Өнимлердиң үлкен бөлеги Россия ҳәм Қазақстанға экспорт етилсе, қалған бөлеги ишки базарға жеткерип берилмекте. Ең тийкарғысы, халқымыз ҳәр мәўсимде жақсы дәрамат алыў имканиятына ийе болды. Билимли жаслар, мол дәстурхан, қолайлы турақ жайлар мине, усы мийнет ҳәм излениўлердиң жемиси.
Маҳмуджон Эгамбердиев,
"Деҳқон" мәкан пуқаралар жыйыны баслығы