Демек, мектеплер қурылысы, медицина мәкемелерин модернизациялаў, ишки жолларды оңлаў ямаса ишимлик суў тармақларын жаңалаў сыяқлы жумыслар әйне жергиликли бюджет қаржылары есабынан орынланады. Усы жағынан жергиликли бюджет бүгин тек ғана қаржы ресурсы емес, ал аймақтың раўажланыўын тәмийинлеўши стратегиялық механизмге айланбақта.

Кейинги жылларда мәмлекетимизде бюджет системасын модернизациялаў, мәмлекетлик қаржыны басқарыў нәтийжелилигин арттырыў ҳәм жергиликли финанслық еркинликти күшейтиўге айрықша итибар қаратылмақта. Атап айтқанда, бюджет процесин және де ашық-айдын шөлкемлестириў, жәмийетшиликтиң қатнасын кеңейтиў, жергиликли ҳәкимият уйымларының финанслық имканиятларын беккемлеў сыяқлы тийкарғы ўазыйпалар мәмлекетлик сиясаттың әҳмийетли бағдарларынан бирине айланды.

Әсиресе, халық депутатлары жергиликли кеңеслериниң бюджет процесиндеги қатнасы ҳәм қадағалаў функцияларын күшейтиў арқалы жергиликли бюджет қаржыларының мақсетли ҳәм мәнзилли жумсалыўын тәмийинлеўге итибар күшейтилди. Нәтийжеде жергиликли бюджетти басқарыўда аймақлық мәплер ҳәм халықтың реал талапларын есапқа алыў имканияты кеңеймекте.

Бул тенденция мәмлекетлик бюджет көрсеткишлеринде де өз көринисин таппақта. Атап айтқанда, 2025-жыл мәмлекетлик бюджет параметрлери мәмлекеттиң финанс системасында унамлы динамика сақланып қалғанын көрсетти. Усы жылы Өзбекстанның консолидацияласқан бюджетиниң дәраматы шама менен 431 триллион сум әтирапында қәлиплестирилди. Соннан мәмлекетлик бюджет дәраматы 308,5 триллион сумды қураған болса, жергиликли бюджетлердиң дәраматы шама менен 65-70 триллион сум әтирапында болды. Бул болса аймақлық бюджетлердиң үлеси жылдан-жылға артып атырғанын ҳәм жергиликли финанслық еркинлик басқышпа-басқыш беккемленип атырғанын көрсетеди.

Дәраматлардың өсиўинде қосымша қун, пайда ҳәм физикалық шахслардың дәрамат салықлары тийкарғы дәреклер сыпатында әҳмийетли орын ийелемекте. Бул салық түсимлериниң артып барыўы экономикамызда өндирис көлеми ҳәм исбилерменлик белсендилигиниң избе-из өсип атырғанынан дәрек береди. Әсиресе, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликтиң раўажланыўы жаңа жумыс орынларының ашылыўы, экономикалық белсендиликтиң кеңейиўи ҳәм жергиликли бюджетлердиң дәрамат базасының беккемлениўине үлес қоспақта. Бул болса жергиликли бюджетлердиң финанслық турақлылығын тәмийинлеў ҳәм аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў имканиятын кеңейтиўге хызмет етпекте.

Соңғы жылларда мәмлекетлик бюджеттиң салмақлы бөлеги социаллық тараўларды қоллап-қуўатлаўға қаратылып атыр. Атап айтқанда, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, социаллық қорғаў ҳәм коммуналлық инфраструктураны раўажландырыў сыяқлы бағдарларға жергиликли бюджет қаржысының тийкарғы бөлеги жумсалмақта.

Жергиликли бюджет қаржыларының қалай бөлистирилиўи ҳәм қайсы жойбарларға бағдарланыўында халық депутатлары жергиликли кеңеслери әҳмийетли орын ийелейди. Әмелдеги нызамшылыққа муўапық, бюджет жойбарын ҳәкимликлер ислеп шығады, бирақ оны көрип шығыў, тастыйықлаў ҳәм орынланыўын қадағалаў жергиликли кеңеслердиң ўәкиллигине киреди. Бул болса бюджетке байланыслы қарарларды қабыл етиў процесинде аймақ халқының мәпи, социаллық талаплары ҳәм жергиликли раўажланыўдың тийкарғы бағдарларын есапқа алыў имканиятын кеңейтеди.

Депутатлар өз сайлаў округиндеги халық пенен турақлы байланыста болғаны себепли аймақлардағы әҳмийетли машқалаларды жақсы биледи. Усы жағынан бюджет қаржыларын бөлистириўде әйне халықтың талаплары үстин биринши орында турады. Мәселен, айырым аймақларда ишимлик суў тармағын жаңалаў биринши дәрежели ўазыйпа болса, басқа аймақларда мектеп ямаса медицина мәкемелерин оңлаў әҳмийетли.

Кейинги жылларда жергиликли бюджет қаржыларын бөлистириўде жәмийетшиликтиң қатнасын күшейтиўге қаратылған "Басламалы бюджет" системасы енгизилди. Бул механизм пуқараларға өз аймағында әмелге асырылыўы зәрүр болған жойбарларды усыныс етиў ҳәм оларды даўыс бериў арқалы таңлаў имканиятын бермекте. Нәтийжеде бюджет қаржысының бир бөлеги тиккелей халықтың басламалары тийкарында жумсалмақта.

Таллаўлар халық алға қойып атырған жойбарлардың үлкен бөлеги инфраструктураны жақсылаўға қаратылғанын көрсетеди. Атап айтқанда, мәҳәлле ишки жолларын оңлаў, мектеп ҳәм бақшаларды реконструкциялаў, медицина мәкемелерин үскенелеў ҳәм ишимлик суў тармақларын жаңалаў сыяқлы басламалар ең көп қоллап-қуўатланып атырған бағдарлардан.

Итибарлы тәрепи, бюджет қаржысынан нәтийжели пайдаланыўда қадағалаў механизми әҳмийетли орын ийелейди. Бул процессте халық депутатлары жергиликли кеңеслери тек ғана есап тыңлаў менен шекленип қалмастан, бюджеттиң орынланыўы үстинен системалы парламентлик қадағалаўды әмелге асырады. Атап айтқанда, жуўапкер шөлкемлер басшыларының есабаты тыңланып, әмелге асырылып атырған жойбарлар орынларда үйрениледи, ажыратылған қаржының мақсетли ҳәм нәтийжели жумсалыўы талланады. Бундай қатнас бюджет қаржыларының ашық-айдынлығын ҳәм халықтың мәплерине хызмет етиўин тәмийинлеўде әҳмийетли орын ийелемекте.

Соның менен бирге, санлы басқарыў системасының енгизилиўи де бюджет процесинде ашық-айдынлықты тәмийинлеўге хызмет етпекте. Бюджет мағлыўматларының ашық платформаларда жәрияланыўы жәмийетлик қадағалаўды күшейтип, қаржылардың ҳәрекетин ашық-айдын бақлаў имканиятын бермекте.

Мәмлекетлик сиясаттың бул бағдары конституциялық дәрежеде беккемленген. Атап айтқанда, жаңа редакциядағы Конституцияда мәмлекетлик бюджеттиң қәлиплестирилиўи ҳәм орынланыўы ашық-айдынлық принциплери тийкарында әмелге асырылыўы, сондай-ақ, пуқаралар ҳәм пуқаралық жәмийети институтлары бюджет процеси үстинен жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыў ҳуқықы белгилеп қойылған.

Бул неси менен әҳмийетли? Көпшиликте мәмлекетлик бюджет ямаса жергиликли бюджетлер қалай қәлиплесиўи ҳаққында улыўма түсиник жетерли емес. Халық тилинде "мәмлекеттиң пулы", деп аталатуғын бул қаржы тийкарында халық төлеген салықлар есабынан топланған пуллар болып есапланады. Тәбийий, адамлар өз пуллары қалай ҳәм қай жерге жумсалып атырғанын қадағалаўға ҳақылы. Усы мәнисте, Бас нызамымыздағы бул норма мине усы ҳуқықты кепиллейди.

Жақында "Ашық бюджет" порталында жаңа интерактив хызмет - жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын “AI ёрдамчи” чат боты енгизилди. Бул платформа пуқараларға порталдағы имканиятлардан нәтийжели пайдаланыў ҳәм зәрүр мағлыўматларды жедел алыў имканиятын береди.

Жаңа чат бот арқалы халық "Басламалы бюджет", "Мениң мектебим" ҳәм "Мениң бағым" жойбарлары және "Мәҳәлле бюджети" бағдарларына байланыслы сораўларына реал ўақытта жуўап алыўы мүмкин. Система пайдаланыўшылар мүрәжатын автоматикалық таллап, тийисли мағлыўматты оларға қысқа мүддетте усынады.

Бул жаңалық бизге не береди? Бәринен бурын, бул санлы шешим жергиликли кеңеслердиң қадағалаў ҳәм таллаў имканиятын кеңейтеди. Олар жойбарлардың финанслық нәтийжелилигин ҳәм халықтың талапларына сәйкеслигин баҳалаўда белсене қатнаса алады. Соның менен бирге, чат бот арқалы халықтың мәлимлемеден хабардарлық дәрежеси ҳәм жәмийетлик қадағалаў нәтийжелилиги сезилерли дәрежеде артады. Қалаберди, бул интерактив хызметтиң енгизилиўи мәмлекетлик бюджет ҳәм жергиликли басламалы бюджет процесслери үстинен ашық-айдынлықты тәмийинлеўде әҳмийетли қәдем болып есапланады. Бул халықтың бюджет қарарларында белсене қатнасыўын хошаметлеў ҳәм кеңеслердиң қадағалаў функцияларын жетилистириў имканиятын жүзеге келтиреди.

Гулнара МАЪРУФОВА,

Олий Мажлис Сенаты ағзасы