Мәмлекетимизде аўыл ҳәм суў хожалығында энергия тутыныўының артып баратырғанын есапқа алып, "жасыл" энергетика қуўатлықларын кеңейтиўге айрықша итибар қаратылмақта. Агровольтаика бир майданда бир ўақыттың өзинде аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў ҳәм қуяш панеллери жәрдеминде электр энергиясын ислеп шығарыў имканиятын береди.
Бундай көзқарас, әсиресе, қуяшлы күнлер көп болатуғын Өзбекстан шараяты ушын нәтийжели. Есап-санақларға бола, Өзбекстанда бул бағдардағы потенциал 10 гигаваттқа жетпекте. Панеллер өсимликлерге сая жаратады, топырақта ығаллықты көбирек сақлаўға ҳәм суўдың жумсалыўын азайтыўға жәрдем береди. Өз гезегинде, егинлер жердиң оптимал температурасын сақлайды ҳәм қуяш модуллериниң жумыс нәтийжелилигин арттырады.
Комплексте суўды үнемлейтуғын алдынғы технологиялар да енгизилген. Атап айтқанда, Австрияның Bauer компаниясының технологиясы тийкарында жаўынлатып суўғарыў системасы енгизилмекте. Ол атызларға суўдың бир тегис берилиўин тәмийинлейди, топырақтың ығаллығын сақлаўға, төгинлерди анық бериўге ҳәм өнимдарлықты арттырыўға жәрдем береди.
Бул технология алдын республикамыздың фермер хожалықларында сынақтан өткерилип, жоқары нәтийжелиликти көрсеткен: суўдың жумсалыўы 40 процентке, төгинлер 35 процентке, қол мийнети 90 процентке азайған, өнимдарлық 25 процентке артқан.
110 гектарлық комплекс интенсив бағшылық, шарўашылық ҳәм балықшылықты өз ишине алады. Бул мәмлекетимизде қайта тиклениўши энергия дәреклери ҳәм суўды үнемлейтуғын технологиялар енгизилген биринши агрокомплекслерден бири.
Аймақта 10 мың қуяш панеллери орнатылған. Олар тек ғана электр энергиясын ислеп шығарып қоймастан, топырақта ығаллықтың сақланыўын тәмийинлеп, өсимликлерге сая жаратады. Электр энергиясынан балықшылық ҳәўизлерин кислород пенен тойындырыў ушын пайдаланылады, олардағы минерал затлар менен байытылған суў жүзимгершилик ҳәм бағларды азықландырыўга жибериледи.
Шарўашылық бағдарында да өз-ара байланыслы система жаратылған: қарамаллар қуяш панеллериниң саясында сақланады, бағ аймағынан шөп пенен азықланады, жердиң өнимдарлығын арттырыў ушын органикалық төгинлерден пайдаланылады. Солай етип, энергия, суў, от-жем ҳәм төгинлер бир пүтин нәтийжели шынжырға бирлестирилген.
Бундай система жерден еки есе пайда алыў, өнимниң өзине түсер баҳасын азайтыў ҳәм бәсекиге шыдамлылығын арттырыў имканиятын береди. Ең әҳмийетлиси, фермерлердиң дәраматын арттырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, жергиликли экономиканы раўажландырыўға хызмет етеди.
Бүгинги күнде комплексте экспортқа шығарылатуғын "Аватар" жүзим сорты жетистирилип, нәсилли қарамал ҳәм қойлар бағылмақта, интенсив балықшылық жолға қойылған. Нәтийжеде 100 ден аслам шаңарақтың дәраматы көтерилип, 350 адамның бәнтлиги тәмийинленди. Экспорт көлеми 2,5 миллион долларды қурайды.
Енди тек ғана мәмлекетимиз емес, ал пүткил регион ушын уқсас болған бул тәжирийбени республикамыздың 13 аймағында 2 мың гектарға енгизиў режелестирилген.
Мәмлекетимиз басшысы комплекстиң жумысы менен танысып, егинлерди агродронлар жәрдеминде қайта ислеў ҳәм мониторинг етиў процесин де көзден өткерди.