Атап айтқанда, жуўмақланып атырған 2025-жыл даўамында Қарақалпақстан бойынша жәми 86 жас заманагөй, барлық қолайлықларға ийе турақ жайлар менен тәмийинленди. Бул болса жаслардың социаллық қорғалыўын күшейтиў, олардың еркин турмысқа қәдем қойыўы ҳәм келешек режелерин әмелге асырыўында беккем тийкар болып хызмет етпекте.
Қараөзек ҳәм Нөкис районларында да усы қарардың орынланыўы шеңберинде 4 жасқа район орайларында бой тиклеген турақ жайлардан заманагөй 2 ханалы жайдың гилтлери салтанатлы түрде тапсырылды. Бундай ийгиликли ислер Президентимиз тәрепинен жасларға болған турақлы итибар ҳәм ғамқорлықтың айқын көриниси болып есапланады.
Жаслар ушын және де кең имканиятлар жаратыў, олардың турмыс шараятын жақсылаў ҳәм социаллық турақлылықты тәмийинлеўге қаратылған бундай илажлар еле де даўам ете береди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги