Жанлы атқарыў көркем өнерин раўажландырыўға хызмет ететуғын нызам додаланды

    10 қаңтар 2025 427

    Усы жыл 9-январьда Сенаттың Жаслар, ҳаял-қызлар, мәденият ҳәм спорт мәселелери комитетиниң гезектеги мәжилиси болып өтти.

    Онда "Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине жанлы атқарыў көркем өнерин буннан былай да раўажландырыўға қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында"ғы нызам додаланды.

    Атап өтилгениндей, бул нызам менен Мәденият министрлигиниң жанлы атқарыў көркем өнерин раўажландырыў, көркем өнер шеберлери, дөретиўшилер ҳәм атқарыўшыларды қоллап-қуўатлаўға байланыслы бир қатар ўәкилликлери белгиленбекте.

    Атап айтқанда, Нызам менен илажларды шөлкемлестириў ҳәм өткериўде жанлы атқарыў ямаса фонограммадан пайдаланыў формасы ҳәм дәрежесин анық белгилеў, атқарыўшылар тәрепинен фонограмма ҳәм авторлық шығармалардан пайдаланыў бойынша әмелдеги нызамшылыққа әмел етилиўин мониторинг етиў және миллий көркем өнер ҳәм мәденият абырайын арттырыўға хызмет етип атырған дөретиўшилерди қоллап-қуўатлаў бойынша илажларды әмелге асырыў нәзерде тутылған.

    Буннан тысқары, фонограммадан пайдаланыў дәрежеси ҳаққында мәлимлеме бериў тәртиби, концерт-тамаша илажының бағдарламасында атқарыўшылар ҳәм шығарма авторлары анық көрсетилиўи шәрт екенлиги және концерт-тамаша илажының рекламасында фонограммадан пайдаланыў дәрежеси ҳаққындағы мәлимлеме улыўма реклама майданының (дәрежесиниң) кеминде он процентин қураўы ҳаққында қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилмекте.

    Сондай-ақ, концерт-тамаша илажларында музыкалы ҳәм басқа да шығармаларды атқарыўда фонограммадан пайдаланыў дәрежесине қарап атқарыўшылар тәрепинен атқарыў усыллары белгиленбекте, деп хабар береди Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.

    Мәжилис жуўмағында Комитеттиң тийисли қарары қабыл етилди.

    No date selected
    January 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates