Ҳүжжет жойбарында жоқары билимлендириўге байланыслы бир қатар тийкарғы мақсетлер де орын алған. Олардың әмелге асырылыўы нәтийжесинде күтилип атырған нәтийжелилик көрсеткишлери жыллар кесиминде сәўлелендирилген.
Жоқары билимлендириў системасында әмелге асырылып атырған ўазыйпаларды таллаў оның мәмлекет раўажланыўын белгилеп бериўши стратегиялық факторға айланып атырғанынан дәрек береди.
2025/2026-оқыў жылында жасларды жоқары билимлендириў менен қамтып алыў дәрежеси 44 проценттен асты. Бул нәтийжеге аймақларда мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес жоқары билимлендириў шөлкемлериниң жумысын кеңейтиў арқалы ерисилди. Тараўда саламат бәсеки орталығы жаратылды ҳәм студентлерге кең таңлаў имканиятлары берилди.
Президентимиздиң 2024-жыл 24-майдағы "Жоқары билимлендириў шөлкемлерине оқыўға қабыллаў ҳәм мәмлекетлик буйыртпаны жайластырыў системасын жетилистириў ҳаққында"ғы пәрманына муўапық, жоқары билимлендириў шөлкемлеринде кадрлар таярлаў бойынша мәмлекетлик буйыртпаны қәлиплестириў тәртиби реформаланды. 2024-2025-оқыў жылынан баслап мәмлекетлик буйыртпа параметрлерин бөлистириў әмелияты бийкар етилип, бакалавриат тәлим бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлери бойынша күндизги билимлендириў формасы ушын жаңа тәртип енгизилди.
Жоқары билимлендириў мәкемелери глобал рейтинглерде барған сайын көбирек қатнаспақта. Бул халықаралық стандартларға интеграцияласыў, академиялық жетикликке садықлық ҳәм дүньяға ашықлығымызды көрсетпекте.
- 2025-жылы дүньяның ең абырайлы "Топ-1000" жоқары билимлендириў шөлкемлери рейтингине киргизилген республикалық жоқары билимлендириў шөлкемлериниң саны 3 ке жетти, - деди Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги Жоқары билимлендириў шөлкемлери департаментиниң баслығы Абдусамат Маманазаров. - Бул Өзбекстан жоқары билимлендириў системасының халықаралық дәрежеде тән алыныўында әҳмийетли қәдем болып, мәмлекетимиз университетлериниң илимий-изертлеў потенциалы ҳәм билимлендириўдиң сапасын арттырыў бойынша исленип атырған жумыслардың нәтийжелилигин көрсетеди. Жыл даўамында жоқары билимлендириў бағдарламаларын халықаралық аккредитациядан өткериў бойынша жедел исленди. Нәтийжеде 45 жоқары билимлендириў бағдарламасы халықаралық аккредитациядан табыслы өтти.
2025/2026-оқыў жылы ушын "Топ-500"ге кирген 17 сырт ел жоқары билимлендириў шөлкеми менен биргеликте қоспа билимлендириў бағдарламалары әмелге асырылды. Жәми 2 тәлим бағдары ҳәм 15 магистратура қәнигелиги бойынша қоспа билимлендириў бағдарламалары экспертизадан өткерилип, 317 қабыллаў квотасы тастыйықланып, оқыў процесслери табыслы шөлкемлестирилди.
Жетилистирилип атырған стратегия жойбарында "Топ-500" рейтингине (QS, THE, ARWU) киретуғын сырт ел университетлери менен биргеликте кеминде 50 қоспа билимлендириў бағдарламасы тийкарында "еки дипломлы система"ны енгизиў ўазыйпасы келтирилген. Бул студенттиң халықаралық стандартлар тийкарында билим алыўы, дүнья мийнет базарында бәсекиге шыдамлы кадр болып жетилисиўине тийкар жаратады.
Өткен жылы жоқары билимлендириў шөлкемлеринде материаллық-техникалық базаны беккемлеў бойынша кең көлемли жумыслар исленди. Жаңа оқыў имаратларын қурыў есабынан қосымша 8 500 оқыў орны жаратылды. Қосымша 120 мың орынлық оқыў имаратларын қурыў стратегия жойбарынан орын алған.
- Студенттиң билимлендириўден тысқары турмысы, оның социаллық орталығы ҳәм жасаў шараяты билимлендириўдиң сапасына тиккелей тәсир етеди, - дейди Абдусамат Маманазаров. - Өткен жылы республикамыздың жоқары билимлендириў шөлкемлеринде 12 мың 110 орынға ийе 18 студентлер турақ жайының орайласқан ҳалда студентлердиң ықтыярына тапсырылыўы билимлендириўдиң сапасы, инсан мәпине қаратылып атырған итибардан дәрек береди. Жетилисип атырған стратегияда әне усы өмиршең реформалар даўам еттирилип, 2030-жылға шекем 150 мың орынлық студентлер турақ жайларын қурыў режелестирилген. Бул студент ушын турақлы орталық жаратыў менен бирге социаллық қорғаўды да тәмийинлейди.
Илимниң соңғы жетискенликлерин үйрениўде жаңа заманагөй әдебиятлардың орны айрықша.
Жоқары билимлендириў шөлкемлери мәлимлеме-ресурс орайлары фондындағы оқыў ҳәм илимий әдебиятларды 2030-жылға шекем толық электрон формаға өткериў көрсеткиши 2024-жылы 60 процент, 2025-жылы 71,4 процентке жеткерилди. Бул ийгиликли жумыслар даўам еттириледи. Жетилистирилип атырған стратегия жойбарында китапханаларды кеминде 1 миллион заманагөй әдебият пенен толықтырыў, китапхана фондларындағы китаплардан 100 процент электрон тәризде пайдаланыў имканиятын жаратыў нәзерде тутылмақта.
Мәмлекетимизде илимий-изертлеў жумысын қоллап-қуўатлаў, жас илимпазлар ҳәм изертлеўшилерди хошаметлеў, олар ушын мүнәсип шараят жаратыўға үлкен итибар қаратылмақта. Заманагөй лабораториялар, илимий орайлар ҳәм технопарклер шөлкемлестирилиўи, халықаралық грантлар ҳәм жойбарларда белсене қатнасыў имканиятларының жаратылыўы пикиримизди дәлиллей алады.
2025-жыл даўамында Инновациялық раўажланыў агентлиги тәрепинен 4 фундаментал таңлаў жәрияланды. Таңлаўларға математика, биология, химия, геология, физика, эпидемиология, сейсмология, биологиялық ҳәр түрлилик, инженерлик сыяқлы бағдарларда 89 фундаментал изертлеў жойбары талапнамалары келип түсти. Соннан мәмлекетлик илимий бағдарламалар шеңберинде улыўма баҳасы 96,4 миллиард сум болған 36 жойбар таңлаў басқышларында унамлы баҳаланып, қаржыландырылды.
Жетилистирилип атырған жойбарда фундаментал изертлеў бағдарларында сырт ел менен бирге ислесиўдеги илимий жойбарлардың санын 200 ге жеткериў белгиленген. Мәмлекетлик бюджет есабынан әмелге асырылатуғын әмелий изертлеў жойбарларының санын 1 600 ге жеткериў, экономика тармақларының машқалаларына бағышланған жәми 400 әмелий изертлеў жойбарын үлеслик қаржыландырыў арқалы шөлкемлестириў сыяқлы ўазыйпалар белгиленгени жақсы мақсетке ерисиўде әҳмийетли басқыш есапланады.
Рисолат МАДИЕВА,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы