Сондай-ақ, усы тараўды раўажландырыў, суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм ески инфраструктураны жаңалаў бойынша тийкарғы ўазыйпаларды белгилеп берди. Соның ишинде, 2026-жылы 1300 километр узынлықтағы ири магистраль каналлар бетон менен қапланатуғыны, бул арқалы жылына қосымша 500 миллион куб метр суў үнемленетуғыны атап өтилди. Каналларды бетонлаў суўды үнемлеп, суўғарыў системасының турақлы ислеўин де тәмийинлейди.
Ашық аңғарлардағы суўдың үлкен бөлеги жерге сиңиў, пуўланыў ақыбетинде жоқ болады. Каналларды бетонлаў болса, мине усындай ысырапгершиликти бир неше есеге азайтады. Қалаберди, бетон қаплама суў ағымын тезлестирип, каналлардың пайдалы жумыс коэффициентин сезилерли дәрежеде арттырады. Нәтийжеде өз ўақтында жетерли муғдарда суў алған дийқан ҳәм фермер хожалықларының қырманына берекет келеди.
Халқымыз "Суў зер, суўшы зергер", деп бийкарға айтпаған. Зергерлик шеберлиги менен суўдан үнемли пайдаланып атырған тараў хызметкерлери мәмлекеттиң азық-аўқат қәўипсизлигин ҳәм халқымыз дастурханының молшылығын тәмийинлеўге мүнәсип үлес қоспақта. Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң тийисли қарарына тийкар Қарақалпақстандағы жәми 43,8 километр узынлықтағы 4 каналда бетонлаў ҳәм реконструкция жумыслары орынланбақта. Нөкис районындағы «Соралы», Шоманайдағы «Ақ жап», Тақыятас районындағы «Ески Кенегес» ҳәм Шымбай районындағы «Тағ жап» каналларында оңлаў жумыслары жедел пәтлерде даўам етпекте.
- Бетонлаў процесин еки сменада шөлкемлестиргенбиз. Ҳәзирги ўақытқа шекем 4 каналдың жәми 12 километрден аслам бөлеги бетон қуйыўға таярланды. Және 5,2 километри бетонланды, - дейди "Қарақалпақсуўқурылысинвест" мәмлекетлик мәкемеси директоры ўазыйпасын атқарыўшы Аллаяр Қайпов.
Қарақалпақстан - суў жетип барыўы қыйын аймақлардан. Усы мәнисте суўды үнемлеў, оннан нәтийжели пайдаланыў аймақ ушын жүдә әҳмийетли. Тараўдағы жаңаланыўлар, оған жетерли қаржы ажыратылып атырғаны болса адамды қуўандырады. Атап айтқанда, Нөкис районындағы «Соралы» хожалықлараралық каналының 7 километрин бетонлаў ҳәм реконструкциялаў ушын 9 миллиард 835 миллион сум ажыратылған.
- Объектте барлық жумыс технологиялық талаплар тийкарында орынланбақта. Әлбетте, бунда сапа ҳәм мүддет биринши орында турады. Сонлықтан, бетон қуйыў жумысларын кешки ҳәм түнги сменаларда даўам еттирип атырмыз. Оның ушын объектке оннан аслам арнаўлы техника ҳәм жетерли муғдарда жумысшы күши тартылған, - дейди бас жумысты бөлип алып ислеўши "Max Elit Stroy" ЖШЖ ис жүргизиўшиси Иляс Полатбаев.
Ҳәзирги ўақытқа шекем «Соралы» каналының 3,7 километрине бетон қуйыўға таярлық жумыслары орынланды. Соннан 2,9 километрге бетон төселди.
- «Соралы» каналы 1970-жылы иске түсирилген. Өткен 55 жылда капитал реконструкцияланбаған. Ақыбетинде жаман техникалық жағдайға келип қалған еди. Пайдалы жумыс коэффициенти 60-63 процентке түсип кеткен. Бул суўғарыў мәўсиминде фермерлер ҳәм халықтың егислик майданларына суў жеткерип бериўде машқала келтирип шығарып атырған еди, -дейди Нөкис районы суў жеткерип бериў хызмети мәмлекетлик мәкемесиниң директоры Даўлетбай Усаков. - Мәмлекетимиз басшысының суўды үнемлеў бағдарында белгилеп берген ўазыйпаларының орынланыўы шеңберинде бул канал бетонланбақта. Реконструкция жумыслары шеңберинде каналдың 7 километрге шамалас бөлегинде топырақ ҳәм бетонлаў жумыслары орынланбақта, суўды тосыўшы ҳәм оны тарқататуғын гидротехникалық имаратлар қурылмақта.
Жойбар толық жуўмақланғаннан соң, каналдың суў өткериў имканияты секундына 2,5 метр кубқа жетип, пайдалы жумыс коэффициенти 80-85 процентке артады. Фильтрацияның алдын алыў есабынан жылына орташа 2,4 миллион куб метр суў үнемленеди. Нәтийжеде Нөкис ҳәм Ақманғыт аймақларындағы 2943,2 гектар жер суў менен тәмийинлениўи кепилленеди. Итибарлысы, жақын жылларға шекем Қарақалпақстанда каналларды бундай кең көлемде бетонлаў жумыслары дерлик орынланбаған. Тек ғана айырым оңлаў жумыслары менен шекленип келинген. Ақыбетинде көплеген каналлар өзиниң жойбарлаў қуўатлылығын жоғалтқан. Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен бул тараўдағы өзгерислер пүткиллей жаңа басқышқа шықты. Суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў, каналларды бетонлаў бағдарында избе-из реформалар өткерилмекте.
Шымбай районындағы «Тағ жап» каналын реконструкциялаў ушын 20 миллиард сумға шамалас қаржы ажыратылған. Бул қаржы есабынан 13,3 километр узынлықтағы канал толық бетонланады.
- Ҳәзир Шымбай районындағы "Тағ жап" каналында бетонлаў жумысларын орынлап атырмыз, - дейди қурылысшы Руслан Бекиев. - Бүгинги күнге шекем 13,3 километр узынлықтағы каналдың 2 километрин бетонладық. Жәмәәтимиз 50-60 жумысшылардан ибарат. Күнине 80-90 куб метр майданды бетонлап атырмыз. Жойбарды усы жылы апрельде жуўмақлаўды нийет еткенбиз.
"Тағ жап" каналы 1938-жылы иске түсирилген. Ол Кегейли каналынан суў алып, 4136 гектар жерге суў жеткерип береди.
- Бул канал "Тағ жап" аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан өткен. Оннан 16 фермер хожалығы ҳәм 4500 пуқара қыйтақ жерин суўғарады, - дейди "Тағ жап" аўыл пуқаралар жыйыны баслығы Камалиддин Абдураҳимов. - Аўылымыз халқының тийкарғы кәсиби дийқаншылық ҳәм шарўашылық. Расын айтқанда, суў каналдың ақырына шекем жетип бармайтуғын еди. Сонлықтан адамлар қыйыншылықларға дус келетуғын еди. Енди усы машқала шешилетуғын болды.
Шоманай районындағы "Ақ жап" каналы 1946-жылдан берли бар. Усы күнге шекем каналда реконструкция жумыслары орынланбағаны себепли, суўдан пайдаланыў коэффициенти 60 процентке түсип кеткен еди.
- Бул каналдың 2 километр бөлеги толық бетонланды. Топырақ жумыслары 6,5-7 километрди қурамақта. Каналды бетонлаў жумысларына 20 дан аслам техника тартылған, - дейди "Қарақалпақсуўқурылысинвест" мәмлекетлик мәкемеси директоры ўазыйпасын атқарыўшы Аллаяр Қайпов. - "Ақ жап" каналынан 8 фермер хожалығының 3937 гектар жери ҳәм 600 ден аслам халықтың қыйтақ жери суўғарылады.
Суў - уллы жемис. Тиришилик дереги. Оның менен дастурханымыз мол, базарларымыз толы, турмысымыз абадан. Жаңа Өзбекстанда халқымызды суў менен тәмийинлеў, дийқанларымызға зәрүр шараятты жаратыў ушын бар имканият иске қосылмақта. Адамларды разы етиў, халықтың турмыс шараятын және де жақсылаўға қаратылған реформалар нәтийже бере баслады. Атап айтқанда, ресурслардан нәтийжели пайдаланыў, суўды үнемлейтуғын технологияларды кеңнен енгизиў арқалы экономикалық турақлылыққа ерисиў мүмкин екенлиги өз дәлилин таўып бармақта.
Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы